Өзбекстан кубоги жеңимпазлары анықланды
45

Нөкис қаласында Көзи әззи ҳәм шала көриўшилер арасында спорттың Голбол түринен Өзбекстан кубогы беллесиўлери болып өтти.
Онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын беллести. Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды Қашқадәрья ўәлаяты жеңип алған болса, гүмис медаль республикамыз командасына несип етти.
Ал, сыйлы үшинши орынды Сурхандәрья ўәлаяты командасы ийелеўге еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги