Велоспорт тарийхындағы ең дәслепки жеңис: Нурдаўлет Мырзабаев ― Азия чемпионы

53

Ҳәзирги күнлери Филиппинде спорттың Пара велотрек түринен Азия чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Нурдаўлет Мырзабаев теам спинт жөнелиси бойынша барлық қарсыласларынан озып шығып, Азия чемпионы атағына миясар болды.

– Нурдәўлет буннан басқа 4 аралықта гүмис медалын қолға киргизиўге миясар болды, – дейди жеңимпаздың устазы Батыр Қудайбергенов. – Ол буннан алдын 2025-жылы Бельгия мәмлекетинде өткерилген жәҳән чемпионатына қатнасқан еди. Шәкиртимниң бул табысынан оғада қуўанышлыман ҳәм алдағы ўақытлары буннан да үлкен табысларды қолға киргизеди деп ойлайман.

Соны айтып өтиўимиз керек, спортшымыз бул жетискенлиги менен Қарақалпақстан пара велоспорты тарийхында ең дәслепки жеңис болып, ол бул бағдарда жаңа бетти ашты деп айта аламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы