Дүнья халқын Бухараныӊ бай тарийхый, мәдений ҳәм илимий мийрасы ҳәмийше таӊ қалдырған

69

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон 26-27-март күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Мәмлекет басшылары сапардың екинши күни әййемги Бухараның тарийхый естеликлерин зыярат етип, санаат кәрханаларының жумысы менен танысты.

Бухара халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды күтип алды. Салтанатлы күтип алыў мәресиминде жоқары мәртебели мийман ҳүрметине миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Ески Бухара әзелден өзиниң бийбаҳа тарийхый, архитектуралық ҳәм мәдений байлықлары менен белгили болып, әсирлер даўамында илим, ислам илими ҳәм мәнаўият орайларынан бири сыпатында танылған. Жасы 2,5 мың жастан асқан қаланың тарийхый орайына 1993-жылы ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы объекти статусы берилген.

Жоқары мәртебели мийман дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Комплекс ислам дүньясының уллы зыярат орынларынан бири болып есапланады. Бул зыярат етиў орны Нақшбандия раўажланыўының тийкарын салыўшысы Баҳоуддин Нақшбанд жерленген жерде қурылған болып, бүгинги күнде мақбара, ханақаҳ, мешитлер, дахма ҳәм суфизм тарийхы музейин өз ишине алады. Баҳауддин Нақшбанд тәлийматының ийгиликли принципи – “Дил ба ёру, даст ба кор” (Кеўлиӊ Аллада, қолыӊ исте болсын) сүрени инсанды мийнет сүйгишликке ҳәм руўхый пәкликке шақыратуғыны айрықша атап өтилди.

Соң Саманийлер мақбарасына зыярат етилди. Бул архитектуралық естелик Орайлық Азияда пискен гербиштен қурылған ең ески имаратлардан бири болып есапланады. Ол IX әсир ақыры – X әсир басларында Саманийлер мәмлекетиниң тийкарын салыўшысы ҳәм биринши ҳүкимдары Исмаил Саманий тәрепинен династиялық мақбара сыпатында қурылған.

Оның архитектуралық көринисинде тек ислам емес, ал исламға шекемги дәўир дәстүрлери, соның ишинде, соғд мәдениятына тән нағыслар да өз көринисин тапқан. Атап өтилгениндей, қуяш нурларының түсиўине қарап, мақбара нағыслары ҳәр түрли жылўаланады, имараттың куб ҳәм гүмбез тәризли композициясы болса Жер ҳәм Аспан үнлеслигин символикалық сәўлелендиреди.

Қалыңлығы дерлик еки метрге жететуғын дийўаллар ҳәм жоқары сапалы гербиш терилгени себепли бул бийбаҳа естелик бүгинги күнге шекем жақсы сақланып қалған.

Мақбараларға зыярат ўақтында Қуран оқылып, өткенлерге рахмет, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Арк қорғаны, Пойи Калан ҳәм Лаби Ҳовуз комплекслери менен танысты.

Арк қорганы Бухараның әййемги қорғаны болып, дерлик 1500 жыл даўамында ҳүкимдарлар резиденциясы сыпатында хизмет еткен. Оның дәслепки имаратлары бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлерге тийисли болып, ҳәзирги көриниси тийкарынан XVI әсирде қәлиплескен. Бурын ол сарайлар, ҳәкимшилик имаратлар, қуралханаларды өз ишине алған “қала ишиндеги қала” болған. Орта әсирлерде бул жерде Рудакий, Ибн Сина ҳәм кейин ала Омар Ҳайям сыяқлы уллы ойшыллар жасап, дөретиўшилик еткенлиги атап өтилди.

Пойи Калан комплекси Бухараның ең саўлатлы ҳәм белгили архитектуралық ансамбльлеринен бири сыпатында тәжикстанлы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты. Ол 1127-жылы қурылған белгили 45,6 метрли минара, 1514-жылы қурылған ҳәм 12 мың адамды сыйдыра алатуғын жоме мешити, сондай-ақ, ислам дүньясының ең абырайлы билимлендириў мәкемелеринен бири есапланған Мир Араб медресесин өз ишине алады. Мешит ҳәўлисин қоршап турған 288 гүмбезли галерея, жүзлеген үстинлер ҳәм сийрек ушырасатуғын акустика комплексине айрықша саўлат бағышлайды.

Лаби ҳәўиз ансамбли Бухарада сақланып қалган орта әсирлерге тийисли санаўлы майданлардан бири болып, оның орайында ески ҳәўиз жайласқан. Әсирлер даўамында қала халқы бул жерге дем алыў, сәўбетлесиў ҳәм саўда ислеў ушын келген. Комплекс қурамына Көкалдаш медресеси, Надир Дийўанбеги медресеси ҳәм ханақасы киреди.

Тәжикстан жетекшиси ҳәр бир тарийхый естеликтиң көркем үйлесимлилиги, миллий өнерментшилик үлгилери ҳәм тарийхый экспонатларға үлкен қызығыўшылық билдирди. Жоқары мәртебели мийманға архитектуралық усылдың өзине тән өзгешеликлери, сондай-ақ, нағыслар ҳәм символлардың мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Бухараның бай тарийхы, Уллы жипек жолындағы орны, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында сөз ететуғын бул зыярат орынлары Тәжикстан делегациясында терең тәсир қалдырды.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте елимиз жеңил санаатының имканиятлары менен де танысты.

Мәмлекет басшылары Бухара ўәлаятындағы “Мергантекс” пахта-тоқымашылық кластери қурамындағы “Нигора” фабрикасына барды.

Баҳасы 35 миллион долларлық жойбар шеңберинде шөлкемлестирилген фабрика пахта шийки затын қайта ислеўден баслап, таяр гезлеме ҳәм кийим-кеншек таярлаўға шекемги үзликсиз өндирис шынжырын жолға қойған.

“Shoyigul” саўда белгиси астында ислеп шығарылып атырған тигиў-трикотаж ҳәм таяр кийим өнимлери тийкарынан Европа мәмлекетлерине, атап айтқанда, Италия, Австрия, Уллы Британия ҳәм Германияға экспорт етилмекте. Бул жерде 840 жумыс орны жаратылған.

Кәрханада халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй жоқары технологиялық үскенелер Қытай, Германия ҳәм Бельгиядан алып келинген. Екинши басқышта синтетикалық талшықлар ҳәм оннан таяр өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген.

Жоқары мәртебели мийманлар кәрхананың шоу-румын ҳәм таяр өнимлер презентациясын көзден өткерди.

Жылына 10 миллион долларлық экспорт етип атырған фабрика өнимлериниң сапасы Тәжикстан делегациясы тәрепинен жоқары баҳаланды.

Президентлер мәмлекетлеримиздиң алдынғы кәрханалары арасындағы кооперацияны кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Илажлар жуўмақланғаннан соң, Бухара халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Бухара ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдулазиз РУСТАМОВ,

Зариф КАМИЛОВ,

ӨзАның хабаршылары