Өзбекстан Президенти Саудия Арабстаны Мийрасхоры менен телефон арқалы сөйлести

321

29-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Саудия Арабстаны Патшалығының Мийрасхоры, Министрлер Кабинетиниң Баслығы Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдынан еки мәмлекет жетекшилери бир-бирин өткен Рамазан ҳайыты – Ийд ал-Фитр мүнәсибети менен және бир мәрте қызғын қутлықлады.

Жақын Шығыс регионында болып атырған кескин жағдай, қарама-қарсылықлардың барған сайын ҳәўиж алып атырғаны тәреплерди айрықша қәўетерге салып атырғаны атап өтилди.

Бундай ҳәрекетлердиң кеңейип кетиўине жол қоймаў ҳәм оларды толық сапластырыў тек ғана усы жердеги мәмлекетлердиң мәплерине емес, ал глобаллық турақлылықты тәмийинлеў мақсетлерине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бундай сынақлы күнлерде Өзбекстан Саудия Арабстаны Басшылығы ҳәм туўысқан халқы менен тилеклес екенин атап өтип, Патшалықтың салмақлы ҳәм ақылға уғрас сиясатын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Өзбекстан Президенти ҳәзирги ўақытта усы мәмлекетте Умра әмеллерин орынлап атырған пуқараларымызға көрсетилип атырған әмелий жәрдем ҳәм жаратылып берилип атырған қолайлы шараятлар ушын Патша Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд Уллы Ҳәзиретлери ҳәм Мийрасхор шаҳзадаға айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд Өзбекстан Президенти тәрепинен билдирилген қызғын тилеклеслик ҳәм дослық қоллап-қуўатлаўды жоқары қәдирлейтуғынын билдирди. Еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў ушын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерди ҳәм муўапықластырылған биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алынды.

ӨзА