Бозатаў районы қызларының үлкен табысы

54

25-29-март күнлери Сурхандәрья ўәлаятында оқыўшы қызлар арасында футбол бойынша «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри кубоги» жарысы болып өтти.

Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан командалар қатнасып жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес жүргизди. Соның ишинде, республикамыз атынан Бозатаў районындағы 10-санлы ҳәм Әмиўдәрья районындағы 37-санлы мектеплердиң командалары қатнасып, өзлериниң шеберликлерин көрсетти. Әсиресе, бозатаўлы жас футболшылар өз тренерлери ҳәм мектеп жәмәәтиниң исенимин ақлап, топар «А» топарында өткерилген барлық ойынларда өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, ярым финалда болса, Самарқанд ўәлаятының командасын 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Жарыстың бас сыйлығы ушын өткерилген финал ойынында болса, республикамыз ўәкиллери майдан ийелери есапланған Сурхандәрья ўәлаяты командасына жеңилип қалды.

Солай етип, өткерилген жарыс жуўмағында, алыс Бозатаў районы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынының «Мәкке аўыл» елатында жайласқан 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзоза Каримова ҳәм Спорт министри Адҳам Икрамов тәрепинен 200 млн сум ҳәм «Дамас» маркалы автомашина менен сыйлықланды.

– Мектебимизде ҳәзирги күнлери 99 оқыўшы заман талабына сай билим алмақта, -дейди усы Бозатаў районындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң мектеп директоры Масалбек Турекешов. – Өткен жылы «Ашық бюджет» порталында жеңимпаз болып, мектебимизге жасыл қапламалы футбол майданшасы қурып берилген еди. Бул өзиниң унамлы нәтийжесин берип, мине оқыўшыларымыз Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген жарыста 2-орынды ийелеп атыр. Оқыўшыларымыздың бундай үлкен табысларды қолға киргизиўинде мектебимиздиң денетәрбиясы муғаллими Турсынбай Абдихалықовтың ислеген мийнети айрықша. Сонлықтан барлық командамыз ағзаларына, ата-аналарға, команда тренерине үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары мектебимиз жәмәәти бул табыстан руўхланып, билимлендириў тараўында өткерилетуғын пән олимпиадалары, таңлаў ҳәм спорт жарысларында буннан да жоқары жетискенлерди қолға киргизиў ушын жумыс ислей беремиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы