Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери Бухараның дыққатқа ылайық орынларын тамашалады

119

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Арк қорғаны, Пои Калон ҳәм Лаби Ҳовуз комплекслери менен танысты.

Арк қорғаны Бухаранын әййемги қорғаны болып, дерлик 1500 жыл даўамында ҳүкимдарлар резиденциясы сыпатында хизмет еткен. Оның дәслепки имаратлары бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлерге тийисли болып, ҳәзирги көриниси тийкарынан XVI әсирде қәлиплескен. Бурын ол сарайлар, ҳәкимшилик имаратлар, қуралханаларды өз ишине алған “қала ишиндеги қала” болған. Орта әсирлерде бул жерде Рудакий, Ибн Сина ҳәм кейин ала Омар Ҳайям сыяқлы уллы ойшыллар жасап, дөретиўшилик еткенлиги атап өтилди.

Пойи Калон комплекси Бухараның ең саўлатлы ҳәм белгили архитектуралық ансамбльлеринен бири сыпатында тәжикстанлы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты. Ол 1127-жылы қурылған атақлы 45,6 метрли минара, 1514-жылы қурылған ҳәм 12 мың адамды сыйдыра алатуғын жоме мешити, сондай-ақ, ислам дүньясының ең абырайлы билимлендириў мәкемелеринен бири есапланған Мир Араб медресесин өз ишине алады. Мешит ҳәўлисин қоршап турған 288 гүмбезли галерея, жүзлеген үстинлер  ҳәм сийрек ушырасатуғын акустика комплексине айрықша саўлат бағышлайды.

Лаби Ҳовуз ансамбли Бухарада сақланып қалған орта әсирлерге тийисли санаўлы майданлардан бири болып, оның орайында әййемги ҳәўиз жайласқан. Әсирлер даўамында қала халқы бул жерге дем алыў, сәўбетлесиў ҳәм саўда ислеў ушын келген. Комплекс қурамына Кўкалдош медресеси, Надир Дийўанбеги медресеси ҳәм ханаҳақ киреди.

Тәжикстан жетекшиси ҳәр бир тарийхый естеликтиң көркем үйлесимлилигине, миллий өнерментшилик үлгилерине ҳәм тарийхый экспонатларға үлкен қызығыўшылық билдирди. Жоқары мәртебели мийманға архитектуралық усылдың өзине тән өзгешеликлери, сондай-ақ, нағыслар ҳәм белгилердиң мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Бухараның бай тарийхы, Уллы жипек жолындағы орны, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында сөз ететуғын бул зыярат орынлары Тәжикстан делегациясында терең тәсир қалдырды.

ӨзА