Тәжикстан Президенти Бухарадағы тарийхый естеликлер менен таныспақта

422

Елимизде мәмлекетлик сапар менен болып турған Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Бухарадағы тарийхый естеликлерди зыярат етпекте.

Әййемги Бухара әзелден өзиниң бийбаҳа тарийхый, архитектуралық ҳәм мәдений байлықлары менен белгили болып, әсирлер даўамында илим, ислам илими ҳәм мәнаўият орайларынан бири сыпатында танылған. Жасы 2,5 мың жылдан асқан қаланың тарийхый орайына 1993-жылы ЮНЕСКОның Дүнья жүзилик мийрасы объекти статусы берилген.

Жоқары мәртебели мийман дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Комплекс ислам дүньясының уллы зыярат орынларынан бири болып есапланады. Бул зыярат етиў орны Нақшбандия раўажланыўыныӊ тийкарын салыўшысы Баҳауддин Нақшбанд жерленген жерде қурылған болып, бүгинги күнде мақбара, ханақаҳ, мешитлер, дахма ҳәм суфизм тарийхы музейин өз ишине алады. Баҳауддин Нақшбанд тәлийматының ийгиликли принципи – “Дил ба ёру, даст ба кор” (Кеўлиӊ Аллада, қолыӊ исте болсын) сүрени инсанды мийнет сүйгишликке ҳәм руўхый пәкликке шақыратуғыны айрықша атап өтилди.

Соң Саманийлер мақбарасына зыярат етилди. Бул архитектуралық естелик Орайлық Азияда пискен гербиштен қурылған ең әййемги имаратлардан бири болып есапланады. Ол IX әсир ақыры – X әсир басларында Саманийлер мәмлекетиниң тийкарын салыўшысы ҳәм биринши ҳүкимдары Исмаил Саманий тәрепинен династиялық мақбара сыпатында қурылған.

Оның архитектуралық көринисинде тек ислам емес, ал исламға шекемги дәўир дәстүрлери, соның ишинде, согд мәдениятына тән нағыслар да өз көринисин тапқан. Атап өтилгениндей, қуяш нурларының түсиўине қарап, мақбара нағыслары түрлише жилўаланады, имараттың куб ҳәм гүмбез тәризли композициясы болса Жер ҳәм Аспан үнлеслигин символикалық сәўлелендиреди.

Қалыңлығы дерлик еки метрге жететуғын дийўаллар ҳәм жоқары сапалы гербиш терилгени себепли бул бийбаҳа естелик бүгинги күнге шекем жақсы сақланып қалған.

Мақбараларға зыярат ўақтында Қуран оқылып, өткенлерге рахмет, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.

ӨзА