Айырым футболшылар 2029-жылға шекем дәрамат салығынан азат етиледи

47

Өзбекстан Президентиниң 2026-жыл 24-марттағы ПҚ-107-санлы қарары менен спорт тараўын қаржыландырыў механизмлерин жетилистириўге қаратылған жаңа илажлар белгилеп берилди.

Қарарға бола, 2026-жыл 1-апрельден 2029-жыл 1-апрельге шекемги дәўирде Суперлига ҳәм Пролигада қатнасыўшы футбол клубларының футболшылары физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етиледи.

Соның менен бирге, бул футболшылар ушын социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди. Бул илажлар профессионал футболды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Усы қарар менен Спорт министрлиги жанында Спорт тараўындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, спорт федерацияларының жумысына жеке меншик сектордың қатнасын күшейтиў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, жыллық қәрежетлердиң кеминде 20 процентин қаплаған исбилерменлер федерациялардың атқарыў уйымларына киргизиледи.

Профессионал футбол клубларында болса кеминде 20 процент қәўендерлик қаржысын киргизген исбилермен ямаса топарға клубты исенимли басқарыўға бериў әмелияты енгизиледи, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги