ХОК трансгендер спортшылардың ҳаял-қызлар жарысларында қатнасыўын қадаған етти
48

Халықаралық олимпиада комитети (ХОК) олимпиада спортында ҳаял-қызлар категориясын қорғаў бойынша жаңа сиясат шеңберинде трансгендерлердиң ҳаял-қызлар арасындағы жарысларда қатнасыўына жол қоймайды.
ХОК атлетлердиң биологиялық жынысын SRY генин анықлаўшы бир мәртелик тест жәрдеминде белгилеўди режелестирмекте: оның бар екенлиги еркек жынысына тән ержеткенлик ҳәм физикалық үстинликлерди тастыйықлайды. Егер тест унамсыз нәтийже көрсетсе, спортшы ҳаял-қызлар арасындағы жарысларда өмирлик қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги