Өзбекстан -Тәжикстан: көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара қатнасықларды беккемлеўде және бир әҳмийетли қәдем

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон 26-март күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.
Тәжикстан жетекшисин “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы күтип алды. Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықлары тек қоңсы емес, ал әсирлер даўамында туўысқан болып, бир булақтан суў ишип, бир ҳаўадан нәпес алып, бир аспан астында дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланып келген, биргеликте ийинлес турып, қыйыншылықларды жеңип өткен. Бир дин, уқсас мәденият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер бир-бири менен беккем байланыстырып турады.
Президентлердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған ақылға уғрас сиясаты себепли соңғы жылларда мәмлекетлеримиздиң көп тәреплемели бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыздың дослығы беккемленди.
Жоқары мәртебели мийман “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Илим-мәрипаты, мүнәсип әмеллери менен миллетлераралық қатнасықларды жоқары дәрежеде қәдирлеген ата-бабаларымыздың мийрасы бәрқулла дүнья жәмийетшилигиниң итибарында.
“Жаңа Өзбекстан” паркиниң Ғәрезсизлик монументинде сәўлеленген уллылар тымсалы бүгин бәршемизге мақтаныш бағышлайды. Мәмлекетимиздиң өтмиши ҳәм келешегин сәўлелендиреди.
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Ғәрезсизлик монументине гүл қояр екен, Ўатан азатлығының, ел абаданлығының айқын көриниси сыпатында мақтанышлы бой тиклеген комплекс алдында символикалық түрде бас ийди.
Дүнья цивилизациясына аўызбиршилик пенен үлес қосыўды жырлаған ата-бабаларымыздың ағартыўшылығын тән алып, ҳүрмет көрсетти.
Көксарай резиденциясында елимизге мәмлекетлик сапар менен келген Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, минберге мирәт етти.
Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан гимнлери жаңлады.
Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон тар шеңберде сөйлесиў ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Президентиниң бул мәмлекетлик сапары тарийхый әҳмийетке ийе болып, еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара ҳүрмет байланысларын беккемлеўде және бир әҳмийетли қәдем екенин айрықша атап өтти.
– Биз Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин баслап бермектемиз. Бул формат, сөзсиз, еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтереди, Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын әмелий мазмун ҳәм алдыңғы басламалар менен байытыўға хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳүкиметлер, парламентлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги жедел ҳәм тығыз байланыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, санаат көргизбеси ҳәм аймақлар, ректорлар, илимпазлар, жаслар ҳәм таллаў орайларының форумлары табыслы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде Тәжикстан мәденияты ҳәм киносы күнлери өткерилмекте.
Мәжилисте тәреплер бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын толық додалап, иске қосылмаған имканиятлардан пайдаланыў жолларын таллады ҳәм өз-ара пайдалы Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўин беккемлеўге үлкен пәт бағышлайтуғын бир қатар әҳмийетли қарарларды қабыл етти.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын хошаметлеў, транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў, суў ҳәм энергетика қәўипсизлигин күшейтиў илажларына айрықша итибар қаратылды.
Өткен жылы товар алмасыў көлеми, бәринен бурын, таяр өнимлерди өз-ара жеткерип бериў есабынан дерлик 1 миллиард долларға жетти.
Санаат, қурылыс, аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехника, фармацевтика ҳәм басқа да көплеген тараўларда бир қатар кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде еки мәмлекет пайтахтлары арасында авиарейслер, автобус ҳәм поезд қатнаўлары жолға қойылған. Жүк тасыў көлеми жедел өсип бармақта.
2028-жылға барып, өз-ара саўданы 2 миллиард долларға жеткериў имканиятлары көрип шығылды.
“Ойбек – Фотиҳобод” шегараалды саўда зонасын қурыўды жеделлестириў, өнимлерди сертификатлаў ҳәм “E-Permit” руқсатнамаларды алмастырыў санлы системаларын жолға қойыў, шегара қадағалаў пунктлерин модернизациялаў бойынша ерисилген келисимлер бул шекке ерисиўге хызмет етеди.
Буннан тысқары, таў-кән, энергетика, аўыл хожалығы, электротехника, жеңил санаат, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған айрықша Санаат кооперациясы бағдарламасы қабыл етилмекте.
Перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги Инвестициялық компанияның капиталын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Энергетика, суў ресурсларын басқарыў, транспорт ҳәм басқа да көплеген тараўлардағы шериклик ҳәр тәреплеме көрип шығылып, бирге ислесиў перспективалары белгилеп алынды.
Жетекшилер аймақлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, гуманитарлық, билимлендириў ҳәм илимий алмасыўларды хошаметлеўге келисип алды.
Ири диаспоралардың бар екенлигин есапқа алып, мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў бойынша бес жыллық илажлар режесин қабыл етиў усыныс етилди.
Мәмлекет басшылары регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.
Орайлық Азияда көп тәреплеме структуралар ҳәм регионаллық форматлар шеңберинде тығыз сөйлесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Мәжилисте Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслықлары – еки мәмлекет Бас министрлериниң бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша есаплары тыңланды.
Жуўмағында ерисилген келисимлердиң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын кең көлемли “жол картасы” қабыл етилетуғыны белгиленди.
Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисинен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ири кооперациялық жойбарларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Мәмлекет басшылары 10 биргеликтеги жойбарды баслап берди.
Олар шеңберинде Тәжикстанда мебель ҳәм былғары өнимлери кәрханаларын шөлкемлестириў, турмыслық техника ислеп шығарыўды кеңейтиў, тоқымашылық қуўатлықларын қурыў, Ташкентте турақ жай комплекси ҳәм саўда объектлерин қурыў және Ферғана ўәлаятында консерва өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Әндижан ўәлаятында сүт өнимлерин, Сурхандәрья ўәлаятында болса мийўе шербетлери ҳәм металл брикетлер ислеп шығарыў қуўатлықлары иске қосылды.
Сондай-ақ, Жаңа Ташкенттеги көшелерден бирине Душанбе қаласының атын бериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери усыныс етилген жойбарлардың әмелге асырылыўы еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге күшли пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.
Өзбекстан – Тәжикстан Жоқары мәмлекетлераралық кеңесиниң биринши мәжилисинен соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәресими болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын кеңейтиў ҳаққында биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Буннан тысқары, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесинде көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлер топламы, соның ишинде:
– Товар алмасыўды арттырыў бағдарламасы;
– Санаат кооперациясы бағдарламасы;
– Товарлардың келип шығыўын сертификатластырыў электрон системаларын өз-ара қолланыў ҳаққында келисим;
– Денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Шегара алды аймақларда радиочастоталарды өзлестириўди муўапықластырыў ҳаққында келисим;
– “Өзбекстан – Тәжикстан инвестициялық компаниясы”н шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол;
– “E-Permit” мәлимлеме системасынан пайдаланыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Илимлер академиялары арасындағы илимий бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– 2026-2028-жылларда санаат ҳәм инновациялар тараўындағы илажларды әмелге асырыў режеси;
– 2026-2028-жылларда таў-кән санааты ҳәм жаңа технологиялар тараўындағы илажларды әмелге асырыў режеси;
– 2026-2027-жылларда мәденият тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси;
– 2026-2028-жылларда туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша “жол картасы”;
– 2026-2028-жылларда агросанаат комплексинде бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша “жол картасы”;
– инновация, мәмлекетлик хызмет, қаржы, билимлендириў ҳәм суд қарарларын мәжбүрий орынлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға қол қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Көксарай резиденциясында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўда Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша пикир алысты.

Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан дос Тәжикстанның турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, инвестицияларды тартыў, инфляцияны жылаўлаў ҳәм халықтың реал дәраматларын арттырыў бағдарында ерисип атырған жоқары нәтийжелеринен шын жүректен қуўанышлы екенин атап өтти.
Тәжикстан Өзбекстан ушын исенимли стратегиялық шерик ҳәм аўқамлас болып есапланады. Мәмлекетлеримиздиң мақсетлери, көзқараслары ҳәм умтылыслары бирдей екени, еки тәреплеме қатнасықлар сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, аймақлардың басшылары ҳәм зыялылар дәрежесинде турақлы ушырасыўлар өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өткен жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлеми дерлик бир миллиард долларға жетти. Санаат кооперациясы жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 500 ден аслам биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта.
Транспорт тараўындағы бирге ислесиў кеңейип бармақта. Пайтахтлар арасында ҳәптесине он авиарейс әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти бүгинги саммитке қатаң таярлық көрилгенин мәлим етти.
Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери, аймақлар, ректорлар, илимпазлар, жаслар, таллаў орайларының форумлары, Тәжикстан мәденияты ҳәм киносы күнлери, басқа да бир қатар әҳмийетли илажлар табыслы өткерилди.
Болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер ҳәм Мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилиси даўамында мәселелердиң кең шеңбери додаланды, көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери белгилеп алынды.
Барлық дәрежелерде жедел байланысларды даўам еттириў, халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм “Орайлық Азия плюс” форматлары шеңберинде сөйлесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Еки мәмлекет ҳүкиметлерине айрықша бағдарлама тийкарында товар алмасыўды еки миллиард долларға жеткериў бойынша әмелий илажлар көриў тапсырылды.
Усы мақсетте “Ойбек – Фотиҳобод” саўда зонасын шөлкемлестириў жеделлестириледи, энергетика, геология, металлургия, тоқымашылық, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм басқа да тараўларда еки миллиард долларлық басламаларды өз ишине алған Кооперация бағдарламасы әмелге асырылады.
Тәреплер бул жойбарларды алға қойыў ушын Биргеликтеги инвестициялық компанияның потенциалынан белсене пайдаланыўға келисип алды.
Транспорт ҳәм транзит тараўына айрықша итибар қаратылды. Жүк тасыўда электрон руқсатнама бериў системасын енгизиў ҳаққында келисимге қол қойылды, сондай-ақ, ҳаўа ҳәм темир жол транспорты қатнаўларын кеңейтиў ҳәм шегара өткериў пунктлериниң қуўатлылығын арттырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Бул өз-ара муўапықластырылған илажлардың тийкарғы мақсети – бизнес ҳәм пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў және саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў драйвери сыпатында аймақлардың потенциалын иске қосыў.
Суў ҳәм энергетика тараўларындағы бирге ислесиў еки мәмлекет байланысларының әҳмийетли бағдары болып есапланады.
“Жасыл” энергетика тараўында ири жойбарларды биргеликте алға қойыў және суў бөлистириў, суў объектлерин автоматластырыў ҳәм санластырыў мәселелерин муўапықластырыўға таярлық тастыйықланды.
Мәдений-гуманитарлық байланыслар халықларымыз арасындағы беккем дослық көпири болып қалмақта. Бирге ислесиў шеңберинде Абдураҳмон Жомий ҳәм Әлийшер Наўайы дослығы ҳаққында фильм таярланды, Жаңа Ташкенттеги көшелерден бирине болса Душанбе қаласының аты берилди.
Жыллық календарь тийкарында билимлендириў, туризм ҳәм жаслар бағдарларында жедел алмасыўларды даўам еттириў нийети билдирилди.
Еки мәмлекеттеги ири өзбек ҳәм тәжик диаспораларын қоллап-қуўатлаў, мәдений орайларды кеңнен раўажландырыў, ана тили, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерди қәстерлеп сақлаў мақсетинде Мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиў бойынша комплексли бағдарлама таярланады.
Жуўмағында бул тарийхый сапар нәтийжелери аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеп, дос мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына ҳәр тәреплеме хызмет ететуғыны атап өтилди.
Тәжикстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик сапары шеңберинде усы мәмлекеттиң Ташкент қаласындағы елшиханасының жаңа имаратының ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон рәмзий лентаны кесип, дипломатиялық ўәкилхананың жаңа имаратын салтанатлы түрде ашты.


Жетекшилер елшихана ҳәм консуллық бөлиминиң ҳәкимшилик имаратлары, елшихана, дипломатлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын турақ жайларды өз ишине алған комплексти көзден өткерди.
Мәресим жуўмағында Президентлер Ҳүрметли мийманлар китабына пикир жазып, дипломатиялық ўәкилхана аймағына терек екти.
Бул илаж Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге болған өз-ара умтылыс исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон “Өзбекстан” халықаралық форумлар сарайында еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы дәстүрий концертти биргеликте тамашалады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан халықларын узақ өтмишке барып тақалатуғын қатнасықлар, уқсас руўхый ҳәм диний қәдириятлар, дәстүрлер және бай мәдений мийрас байланыстырып турады.
Еки мәмлекетте де әсирлер даўамында қәлиплесип келген дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм жақсы қоңсышылық дәстүрлери қәстерлеп сақланып, байып бармақта.
Бул мәдений илаж буның айқын дәлили болды. Концерт бағдарламасында дос халықларымыздың бийтәкирар ҳәм бай мәдениятын сәўлелендиретуғын миллий музыка ҳәм сахна көркем өнериниң ең сайланды шығармалары атқарылды.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан көркем өнер шеберлери ҳәм ансамбльлериниң биргеликтеги шығыўлары өз-ара келисим, руўхый жақынлық ҳәм жедел мәдений сөйлесиўдиң белгиси болды.
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
ӨзА