Биринши мәўсимдеги дәслепки сыйлық

Көпшиликтиң хабары болғанындай, республикамызда футзал бойынша профессионал «Арал ҚҚГаз» клубы шөлкемлестирилип, ол быйылғы жылы футзал бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатының 1-лигасына қатнасып баслаған еди.
Чемпионат даўамында өткерилген ойынларда Тимур Искендеров басшылығындағы «Арал ҚҚГаз» клубы өз қарсыласларына қарсы жақсы ойынлар көрсетип, өзлериниң шеберликлерин көрсетти. Атап айтқанда, республикамыз футзалшылары Жиззақ ўәлаятында өткерилген ең соңғы турда Әндижан ўәлаятының «Бобур» командасын 10:4 есабында жеңип шықты ҳәм Өзбекстан чемпионатының 1-лигасында қола медалын жеңип алыўға миясар болды. Ал, «Арал ҚҚГаз» клубының ағзасы Альберт Сдиков – чемпионаттың «Ең жақсы футзалшы»сы деп табылды.

– Чемпионат оғада қыйын болды, – дейди «Арал ҚҚГаз» клубы бас тренери Тимур Искендеров. – Бирақ, соған қарамастан командамыз ағзалары өзлериниң күш ҳәм шеберликлерин көрсетип, 3-орынды ийелеўге еристи. Буның ушын шәкиртлериме үлкен рахмет айтаман.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы