Дональд Трамп Шавкат Мирзиёевқа хат жоллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптан хат келди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.
Атап өтилиўинше, АҚШ жетекшиси өзиниң хатында мәмлекетимиз басшысының усы жыл февраль айында болып өткен Тынышлық кеңесиниң биринши мәжилисиндеги қатнасыўын жоқары баҳалаған.
Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда үлкен нәтийжелерге ерисип атырғаны атап өтилип, мәмлекетимизге сапар менен келиў усынысы ушын миннетдаршылық билдирилген.
Өз гезегинде, Президент Дональд Трамп мәмлекетимиз басшысын Тынышлық кеңесиниң гезектеги мәжилисине ҳәм Маямиде болып өтетуғын G20 саммитине мирәт еткен.
“Жаратқан Сизди ҳәм Өзбекстанның уллы халқын жарылқасын”, делинеди хатта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги