Тилекке қарсы, бүгин қалаларымызда пайда болып атырған арт-безеўлерде, декоратив естеликлерде, вектор-дизайнларда бул форманы көрип турмыз.

Арт-объект дөретиўшилери қаламызға бүгинги дүнья көркем өнери, архитектурасындағы ең соңғы дәстүрлерге сүйенген ҳалда өзине тән модернше көринис алып кирмекши болмақта. Тийкарында-ше, нени үгит-нәсиятламақшы? Гүбелек белгиси нени билдиреди?

Мәмлекетимизге келип атырған мийманлар өзлериниң қалтасынан әлле қашан түсип қалған усылда пайда болған «арт өнимлер»ин емес, ал миллий руўх, миллий көринис, миллий ой-пикир тәризи, миллий мәденият элементлерин аңлатып турған, миллий дизайнға ийе қалаларды көриў ушын келмей ме?

Сиз Лондон көринислеринде инглис, Римде италян, Токиода япон, Делиде ҳинд, Рио де Жанейрода португал-испан ҳәм индеецлердиң аралас мәдениятын, Мехикода мексикалылар колоритин, руўхын сезесиз.

Пайтахтымыздағы ҳәр бир деталь, ҳәр бир көринистиң  өзи сизге бул мәмлекет, усы халық ҳаққында жеткиликли түсиник береди. Модернше көркем өнер ҳәм әдебиятта жетекши болған Париж ҳәм Мадридте халық ушын орнатылған авангард естеликлер менен көркем өнер үлгилеринде де сол мәмлекетлерге тийисли халықтың миллий көриниси, руўхы бөртип турғанын көремиз.

Хош бизде-ше?…

Жазыўшы Назар Эшанқулдың ашшы, бирақ ашық пикирлери сайтымызда жәрияланады.

Сайтымызды бақлап барың, усындай ашық пикирлерге және қайтамыз.

ӨзА