Жоқарғы Кеңес Баслығы спортшы жаслар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаслар күни шеңберинде бир қатар спортшы жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда дәслеп, республикамыз басшысы мәмлекетимиз Президентиниң спортқа болған айрықша итибары ҳаққында атап өтти. Соны айтып өтиў орынлы, елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, атап айтатуғын болсақ, өткен қысқа дәўир даўамында жаңадан-жаңа спорт объектлери қурылып, бүгинги күни де бундай ийгиликли ислер даўам етпекте. Соның менен бирге, республикамызда Олимпиада ойынларына мүнәсип таярлық көриў, жасларымыз арасынан дүнья ареналарында елимиз байрағын танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў бойынша да әмелий жумыслар алып барылмақта. Өз гезегинде жас спортшыларымызға жаратылып атырған бундай қолайлы шараятлар спортшыларымызды жаңадан-жаңа табысларға руўхландырмақта.
Өткерилген ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спортшы жаслар, олардың жақынлары ҳәм тренерлери менен
жақыннан сөйлесип, олардың билдирген пикир-усынысларын тыңлады ҳәм ҳәр бир мәселе белгилеп алынып, тез пурсатта унамлы шешип бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги