Алыс “Қарақалпақстан” посёлкасы халқынан хабар алынды

131

Елимизде Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли баслама тийкарында халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда алыс ҳәм шетки аймақ турғынларының да машқалаларына шешим табыў бойынша илажлар даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усындай әмелий жумыслар қатарында республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған Қоңырат районындағы “Қарақалпақстан” посёлкалық пуқаралар жыйынына барды.

Дәслеп, бул жерде жаңадан шөлкемлестирилген туўыў бөлиминиң ашылыў мәресими өткерилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа туўыў бөлиминиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Усы жерде Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәм Президент Администрациясы баслығының қоллап-қуўатлаўы тийкарында алыс “Қарақалпақстан” посёлкасы халқы ушын алты ярым миллиард сумлық қәўендерлик қаржылары есабынан туўыў бөлими қурылғанын атап өтиў орынлы. Туўыў бөлими зәрүр үскенелер менен тәмийинленип, барлық қолайлы шараятлар жаратылды.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы көше бийлери, нураныйлар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести. Аймақ турғынларының машқалалары тыңланып, шешимин табыў илажлары көрилди. Ҳәр бир билдирилген мүрәжатқа унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Буннан соң, посёлка халқы менен бирге жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы – Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги