Қаржы ҳәм санлы технологиялар тараўындағы жаӊа басламалар  таныстырылды

38

Президент Шавкат Мирзиёев 25-март күни Ташкент халықаралық финанс орайын шөлкемлестириў, Санлы технологиялар халықаралық орайының жумысын жолға қойыў ҳәм банк системасында ислам қаржы механизмлерин енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Жәҳәндеги геосиясий кескинлесиў шараятында инвестицияларды тартыў ушын бәсеки барған сайын күшейип бармақта. Елимиздиң бай тәбийий ресурслары, экономикалық потенциалы ҳәм реформалары болса бул бағдарда үлкен үстинлик жаратпақта.

– Көплеген халықаралық компаниялар регионаллық қәўип-қәтерлерди баҳалап, жаңа базарларды үйрениўди баслаған. Бул биз ушын тарийхый имканият. Усындай жағдайда пурсатты қолдан бермей, халықаралық финанс компанияларын өзимизге тезирек тартыўымыз шәрт, – деди Президентимиз.

Усы жылы 50 миллиард доллардан аслам инвестиция тартыў мақсетине ерисиў ушын инвесторлардың Өзбекстан базарына кириўин жеңиллетиў, оларға заманагөй инфраструктура, халықаралық стандартларға сәйкес ҳуқықый режим, қосымша қолайлықлар ҳәм ең әҳмийетлиси, исенимли және ашық-айдын бизнес орталығын тәмийинлеў зәрүр.

Сол себепли, презентацияда мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын және де арттырыўға қаратылған үш тийкарғы бағдар – халықаралық финанс ҳәм санлы технологиялар орайларын шөлкемлестириў және ислам қаржы хызметлерин енгизиў мәселелери көрип шығылды.

Ташкент халықаралық финанс орайы додаланып, бул орай жаңа түрдеги инвестицияларды тартыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўдиң нәтийжели қуралы болатуғыны атап өтилди. Есап-санақларға бола, 2030-жылға шекем қаржы орайы экономикаға қосымша 20-25 миллиард доллар тартыў, жалпы ишки өнимниң өсиўине ҳәр жылы қосымша 1 процентке шекем үлес қосыў, 15 мыңға шекем жаңа жоқары маманлықтағы жумыс орнын жаратыў, 10 мың қәнигениң маманлығын арттырыўға хызмет етиўи мүмкин.

Орайдың жумысы ушын айрықша ҳуқықый режим енгизиў нәзерде тутылған. Онда Англия ҳәм Уэльстиң улыўма ҳуқықы орай ҳаққындағы нызамға қайшы келмейтуғын дәрежеде қолланылады, орайдың басқарыў уйымлары өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қабыл етиў ўәкиллигине ийе болады, келиспеўшиликлерди көрип шығыўға қәнигелескен Ташкент халықаралық коммерциялық суды ҳәм халықаралық арбитраж орайының жумысы жолға қойылады.  Орай резидентлери ушын капиталдың еркин ҳәрекети ҳәм репатриациясы, еркин валюта операциялары, заманагөй төлем қураллары, соның ишинде, санлы активлер менен ислесиў, жеңиллетилген салық режими, әпиўайыластырылған виза тәртиби сыяқлы кең имканиятлар жаратылатуғыны белгиленген. Финанслық-инвестициялық ҳәм банк жумысы, қамсызландырыў, санлы активлер, баҳалы қағазлар, төлем системалары ҳәм хызметлери, финанслық технологиялар менен байланыслы хызметлер орайдың тийкарғы жумыс бағдарлары болады.

Екинши бағдар – “Enterprise Uzbekistan” бренди астында Санлы технологиялар халықаралық орайын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў.

Презентацияда бул орай ушын 2100-жылға шекем әмел ететуғын арнаўлы ҳуқықый режим нәзерде тутылғаны мәлим етилди. Орайда тәртипке салыў “қумтүбеги” шеңберинде жаңа шешимлерди сынақтан өткериў, мийнет ҳақыны сырт ел валютасында төлеў, халықаралық мийнет стандартларын енгизиў, шахсқа тийисли мағлыўматларды халықаралық стандартлар ҳәм булытлы технологиялар тийкарында қайта ислеў мүмкин болады. Интеллектуаллық мүлкти қорғаў, инвестициялар, стартаплар ҳәм экспорт ушын қолайлы шараятлар жаратылады, бажыхана ҳәм салық бойынша жеңилликлер бериледи.

Жасалма интеллект технологиялары, санлы трансформация, изертлеў ҳәм қолланбалар, сертификатлаў, стартаплар және мағлыўматлар орайлары усы орай жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленбекте.

Презентацияда 2030-жылға шекем бул орай арқалы 1 мыңға шекем компанияны тартыў, 300 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў ҳәм 5 миллиард долларлық экспорт потенциалына шығыў мақсети белгиленгени айтылды. Бир қатар ири халықаралық технологиялық компаниялар бул басламаға қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.

Үшинши бағдар сыпатында елимизде ислам қаржы хызметлерин енгизиў мәселеси көрип шығылды.

Елимизде товарды кредитке сатыў арқалы қарыйдарды қаржыландырыў – мурабаҳа, пайданы бөлистириў шәрти тийкарында қарыйдарды қаржыландырыў ямаса пул қаржыларын тартыў – музораба, ўәкиллик шәртнамасы арқалы пул қаржыларын бериў ямаса тартыў – вакала, товарлар ушын алдыннан төлеў арқалы қаржыландырыў – салам ҳәм истисна, биргеликтеги жумыс арқалы қарыйдарды қаржыландырыў – мушарака, мүлкти исламға тән ижараға бериў сыяқлы операциялар, сондай-ақ, нызамшылыққа қайшы болмаған басқа да исламға тән финанслық инструментлерди енгизиў нәзерде тутылмақта.

Онда сатылған товар үстине қосымша қун салығы есапланбаўы, инвестициялық аманаттан алынған дәрамат салықтан азат етилиўи, исламға тән ижара шәртнамалары финанслық ижара ҳәм лизингке теңлестирилиўи белгиленбекте.

Тараўда системалы басқарыўды тәмийинлеў мақсетинде Орайлық банк жанында Ислам қаржысы кеңеси шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, ислам финанс хызметлерин көрсетиўши банклерде де өз алдына кеңеслер дүзиледи. Бул кеңеслер стандартларды ислеп шығыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаўда жәрдемлесиў, тартыслы мәселелерге түсиник бериў, шәртнамалар ҳәм ишки ҳүжжетлерди көрип шығыў, муўапықлық үстинен қадағалаўды тәмийинлеў менен шуғылланады.

Усы жылы кеминде бир коммерциялық банкте ислам “айна” жумысын жолға қойыў, 2026-2030-жылларда болса толық ислам банк жумысын әмелге асыратуғын еки банк шөлкемлестириў режелестирилген. Улыўма, тараўдағы жаңалықлар арқалы 2026-2030-жылларда қосымша 1 миллиард доллар муғдарында инвестиция ҳәм депозитлерди тартыў имканияты жаратылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул үш бағдар мәмлекетимизде заманагөй финанслық ҳәм технологиялық экосистеманы қәлиплестириўге хызмет ететуғынын атап өтип, оларды әмелиятқа енгизиў жумысларын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА