Нефть-газ тармағындағы жумыслар көрип шығылды

76

Президент Шавкат Мирзиёевқа нефть-газ тармағында қазып шығарыў көлемин турақластырыў ҳәм жаңа резервлерди өзлестириў бойынша илажлардың  орынланыўы бойынша есабат берилди.

“Өзбекнефтьгаз” системасында тәбийий газ қазып шығарыўдың динамикасы, бар азайыў факторлары ҳәм оларды қаплаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Усы жылдың биринши шерегинде жаңа қудықларды иске қосыў, барларын оңлаў ҳәм технологиялық илажларды әмелге асырыў есабынан қосымша көлемлер тәмийинленгени, жыл даўамында болса бул бағдардағы жумысларды және де кеңейтиў режелестирилгени атап өтилди.

Қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў ушын заманагөй технологияларды енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта жаңа 2D ҳәм 3D сейсмикалық изертлеўлер ушын перспективалы майданлар анықланбақта. Бурғылаў ҳәм дала жумыслары үстинен халықаралық стандартлар тийкарында қадағалаўды күшейтиў мақсетинде супервайзинг системасын жолға қойыў, геологиялық-гидродинамикалық модельлестириў ҳәм қазып шығарыў бағдарламаларын және де пуқта қәлиплестириў бойынша илажлар белгиленген.

Кәнлерде газ қазып алыў коэффициентин арттырыў, қыйын өзлестирилетуғын резервлерге жаңа қатнасларды енгизиў, 2026-2027-жылларға мөлшерленген бағдарламалардың экономикалық нәтийжелилигин баҳалаў мәселелерине де тоқтап өтилди. Бул бағдарда халықаралық компаниялар менен биргеликте тийисли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы тармақта өндирис турақлылығын тәмийинлеў, бар қуўатлықлардан нәтийжели пайдаланыў, геологиялық-излеў ҳәм бураўлаў жумысларын системалы шөлкемлестириў, сондай-ақ, сырт елли шериклер менен әмелий нәтийже беретуғын шерикликти кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге белгиленген режелердиң орынланыўын қатаң қадағалаў ҳәм ҳәр бир бағдар бойынша анық нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА