Районда халықтың абаданлығын арттырыў бағдарындағы жумыслар үйренилди

58

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Қоңырат районында болды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп “Елабад” мәҳәллесиндеги «Ustyurt star biznes» кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған кир жуўыў материалларын ислеп шығарыў жойбары менен жақыннан танысты. Исбилерменниң өнимлерин тек ғана ишки базарға емес, ал экспортқа да бағдарлаў илажларын көриў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Буннан соң, “Алмазар” мәҳәллесинде исбилермен Х.Алланиязов тәрепинен әмелге асырылып атырған тазаланған суў өндириси ҳәм қағазды қайта ислеў жойбары, «Café Collection» кәрханасының тигиў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жойбары, “Ҳәким ата” мәҳәллесиндеги М.Атамуратовтың мебель ислеп шығарыў жойбары жумыслары барып көрилди.

Сондай-ақ, «ASQARTAY-AMINTAY» шаңарақлық кәрханасы тәрепинен қолғап ислеп шығарыў, жеке тәртиптеги исбилерменлерден М.Мәжитовтың шулық ислеп шығарыў, С.Сейтмуратовтың имаратлар фасады ушын термопанель ислеп шығарыў, өнермент С.Есемуратовтың саз әсбапларын ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди.

Буннан соң, грант қаржылары тийкарында үскенелери алып келинген «Kardio Kungrad» кәрханасы, және бир қатар исбилерменлик жойбарларының барысы үйренилди ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың өз жумысын кеңейтиўи ушын жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы районда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў барысында реновация тийкарында қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы, сондай-ақ, “Жиңишке” каналы бойында әмелге асырылып атырған жағалық бойы хызметлерин шөлкемлестириў жумысларын да барып көрди. Қурылыс жумысларын өз ўақтында, сапалы етип жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Қоңырат районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Мәжилисте дәслеп, халықтың қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Президентимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер кең түрде атап өтилди. Сондай-ақ, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Буннан соң районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды. Сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.

Соның менен бирге, өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамый жаза шараларын қолланыў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги