Саўлатлы стадион ҳәм теңи-тайы жоқ фонтан жаңа Ташкенттиң архитектуралық дүрданалары қатарында болады

42

Президент Шавкат Мирзиёев 24-март күни Жаңа Ташкентте алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм қурылысы режелестирилип атырған жаңа объектлердиң жойбарлары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп бул жерде қурылып атырған ири спорт объекти – заманагөй футбол стадионының қурылыс процесин көзден өткерди.

Бул заманагөй спорт комплексине өткен жылдың 11-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тырнақ тасы қойылған еди.

Ҳәзирги ўақытта стадион қурылысы жедел даўам етпекте. Соның ишинде, жерди тегислеў жумыслары толық жуўмақланған. Фундамент қуйыў жумыслары тоқсан бес процентке орынланған. Қурылыс орнына металл-конструкция материаллары басқышпа-басқыш алып келинбекте.

Соңғы жыллар мәмлекетимиз футбол тараўында түпкиликли бурылыс дәўири болды. Соның ишинде, жергиликли чемпионатлар системасы реформаланып, балалар ҳәм жас өспиримлер академиялары шөлкемлестирилди, аймақларда 75 үлкен ҳәм 302 мини стадион жумыс алып бармақта.

Бизге белгили, 2017-жылы елимизде ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясы талапларына жуўап беретуғын майданлардың саны тек ғана үшеў болған. Бүгин олардың саны 10 нан асты.

Сондай-ақ, 1,5 мың мектептиң футбол стадионлары оңланып, 1 миллионнан аслам оқыўшы ҳәм мәҳәлле жаслары қамтып алынды. Жаслар арасында мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика турнирлерин дәстүрий өткериў жолға қойылды.

Бул ҳәрекетлер өз нәтийжесин бере баслады.

Футбол бойынша олимпия сайланды командамыз Париждеги олимпиадада дәслепки мәрте қатнасты. Тарийхымызда биринши мәрте миллий сайланды командамыз быйылғы жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Өткен жылдың 2-октябрь күни ФИФА Кеңеси мәжилисинде футбол бойынша 20 жасқа шекемгилер арасында 2027-жылғы жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў бойынша қарар қабыл етилди.

Бул жәҳән чемпионаты шеңбериндеги ойынлар еки мәмлекеттеги 3 еўден стадионда өткериледи. Жәҳән чемпионатларының финал ҳәм ярым финал ойынлары сыйымлылығы 50 мыңнан аслам стадионда өткерилиўи ФИФА талапларынан бири есапланады.

Мәмлекетимиз футболы ушын әҳмийетли жойбар – Жаңа Ташкент стадионы усы мақсетте қурылмақта. Баҳасы 100 миллион долларлық бул стадион қурылысы ушын не ушын әйне Жаңа Ташкент аймағы таңлап алынды? Себеби Жаңа Ташкент келешекте мәмлекетимиздиң жаңа имканиятлар ҳәм алдынғы идеялар орайына айланады.

Жаңа Ташкент стадионы ФИФАның барлық талапларына муўапық қурылмақта. Комплекс Азиядағы ең ири ҳәм заманагөй инфраструктураға ийе футбол майданларынан бири болады.

Бул имарат тек ғана 2027-жылғы 20 жасқа шекемгилер арасындағы жәҳән чемпионаты ушын емес, ал пүткил өзбек футболы ҳәм жаслар спортының келешектеги раўажланыўы ушын хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысына қурылыс процеси ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

55 мың тамашагөйге мөлшерленген Жаңа Ташкент стадионы 6 қабатлы болады, онда тек ғана спортшылар емес, ал келиўшилер ҳәм баспасөз хызметкерлери ушын да кең қолайлықлар жаратылады. Тамашагөйлер стадионға тез ўақыт ишинде кирип-шығыўы ушын оннан аслам эскалатор орнатылады. Аймақта және қосымша 3 шынығыў майданы болады. Стадион жанында метро бәндиргиси қурылады. 5 мың 500 орынлық автомобиль туратуғын орын қурылады.

Президентимиз бундай үлкен сыйымлылықтағы жабық стадион мәмлекетимизде биринши мәрте қурылып атырғаны ушын ҳәр бир тәрепке итибар бериў зәрүрлигин атап өтти. Стадион әтирапын абаданластырыў жумысларын ҳәзирден режелестирип, басқышпа-басқыш әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент қаласында қурылатуғын фонтан комплексиниң жойбары менен де танысты.

Мәмлекетимизде халық ушын заманагөй жәмийетлик орынлар, кеўилашар ҳәм мәдений дем алыў орынларын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бундай жойбарлар қалалардың көринисин байытыў, халық ушын қолайлы дем алыў орталығын жаратыў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел мийманларының ағымын көбейтиўге хызмет етеди.

Жаңа Ташкентте дерлик 8 гектардан ибарат майданда музыкалы фонтан комплексин қурыў режелестирилген.

Жойбарға бола, суў бетиниң улыўма майданы 6,3 гектарды қурайтуғын бассейнде 1,5 гектар майданда суў, музыка ҳәм жақтылықтың үйлесимлилигиндеги шоуларды өткериў имканиятын беретуғын фонтан қурылады. Комплекс қурамында суўды 232 метр бийикликке шекем өткере алатуғын супер фонтан, диаметри 100 метрли жүзиўши платформа болады.

Фонтан радиусы 185 метр болған, 360 градуслы суў экранын пайда етиў ҳәм оның бетинде ҳәр қыйлы сүўретлерди проекциялаўға уқыплы болады.

Сондай-ақ, жоқары қуўатлылықтағы лазер нурлары, динамикалық суў композициялары ҳәм түрли визуал эффектлерден пайдаланыў режелестирилген. Насос, электр, лазерли проекция ҳәм басқа да техникалық системалар жер астындағы еки қабатлы имаратта жайластырылады.

Суў бассейни әтирапында жасыл аймақлар ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Бул комплекс Жаңа Ташкенттиң ең дыққатқа ылайық орынларынан бирине айланыўы, қаланың архитектуралық көринисин байытыўы ҳәм ҳәр қыйлы мәдений илажлар, байрам ҳәм фестивальлар ушын және бир заманагөй орын болып хызмет етиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы жойбардың мазмуны, техникалық шешимлери ҳәм аймақты комплексли абаданластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Бул жерге келиўшилер ушын заманагөй саўда, аўқатланыў ҳәм сервис хызметлерин сапалы шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, усы аймақта быйылғы Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен шоу илажларын жоқары дәрежеде өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёевқа Жаңа Ташкент қаласы аймағында әмелге асырылыўы режелестирилген “Уллы жипек жолы” жойбары таныстырылды.

Бизге белгили, Жаңа Ташкент қаласын қурыў шеңберинде биринши басқышта 6 мың гектар аймақта қурылыс жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бул басқыш жуўмағында 600 мың халық ушын заманагөй инфраструктура жаратылады. Жойбар толық әмелге асырылғанда болса Жаңа Ташкент 2 миллион халық жасайтуғын заманагөй мегаполиске айланады.

Майданы 32 гектар болған “Уллы жипек жолы” комплекси Жаңа Ташкенттиң әҳмийетли жәмийетлик ҳәм мәдений орынларынан бири болыўы режелестирилген. Бул жерде турақ жайлар, коммерциялық имаратлар, мийманханалар, мәденият ҳәм билимлендириў орайлары, сондай-ақ, басқа да заманагөй инфраструктура объектлери қурылады.

Концепцияға бола, комплекс аймағында Уллы жипек жолы менен байланыслы түрли цивилизацияларға бағышланған тематикалық мәҳәллелер шөлкемлестириледи. Ҳәр бир аймақ Уллы жипек жолы бойында жайласқан мәмлекетлерди билдиреди.

Презентацияда Өзбекстан мәҳәллесине айрықша итибар қаратылды. Бул жерде ҳәр бир имарат, ҳәр бир көше ҳәм майдан арқалы халқымыздың тарийхы, мәденияты ҳәм қәдириятларын сәўлелендириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң бай тарийхый мийрасын және де кеңнен көрсетиў, ата-бабаларымыздың илим, мәденият ҳәм архитектура тараўларындағы жетискенликлерин жас әўладқа жеткериў, сондай-ақ, халықаралық туризм потенциалын арттырыўға қаратылған бир қатар музейлерди реновациялаў режелери де көрип шығылды.

Соның ишинде, Имам Мотуридий зыярат орнында музей шөлкемлестириў, онда “Жаңа Өзбекстанда Имам Мотуридий мийрасына итибар,” “Имам Мотуридий өмири” сыяқлы тематикалық заллар ҳәм мотуридия тәлийматына бағышланған бөлимлер жайластырыў режелестирилген. Сондай-ақ, “Баҳаўаддин Нақшбанд” илимий-инновациялық музейиниң жумысын мазмун жағынан байытыў, әсиресе, “Жети пир” залында уллы ойшыллардың өмирин ҳәм мийрасын заманагөй түрде кеңнен сәўлелендириў бойынша усыныслар билдирилди.

Буннан тысқары, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин заманагөй музейтаныў ҳәм дизайн шешимлери тийкарында реновациялаў режеси ҳаққында да мәлимлеме берилди. Онда экспозиция залларын қайта қәлиплестириў ҳәм келиўшилерге жоқары дәрежедеги визуал ҳәм ағартыўшылық тәжирийбени усыныс етиў нәзерде тутылған. Ҳәр бир зал өз алдына тарийхый дәўир ҳәм темаға арналған.

Усынылған жойбарлардың улыўма мақсети миллий тарийхымызды илимий тийкарда терең сәўлелендириў, заманагөй мәдений инфраструктураны қәлиплестириў ҳәм мәмлекетимизге келетуғын мийманлар ушын тартымлы туризм мәканларын жаратыўдан ибарат.

Жойбарлар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мақулланды, оларды әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА