Туризм комитети ҳаққындағы реже тастыйықланды

164

Өзбекстан Республикасыныӊ Министрлер Кабинети “Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

Туризм комитетиниң статусы, системасы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм де функциялары;

Туризм комитетиниң аймақлары ҳәм жуўапкершилиги;

Туризм комитети басшыларының тийкарғы функционаллық ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилиги;

Туризм комитетиниң жумысын шөлкемлестириў, оның республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары және басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўи;

Туризм комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын қаржыландырыў және хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртибин белгилеп береди.

Усы Реже Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң статусы, тийкарғы ўазыйпаларын ҳәм функцияларын, ҳуқықларын ҳәм жуўапкершилигин, жумысын шөлкемлестириў ҳәм есап бериў тәртибин, сондай-ақ, оның басшыларының функционаллық ўазыйпаларын белгилейди.

Комитет туризм тараўын тәртипке салыў ҳәм раўажландырыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы айрықша бийғәрез статусқа ийе республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы болып есапланады.

Төмендегилер Комитеттиң тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады:

туризм түрлерин диверсификациялаў, бәринен бурын, ишки ҳәм зыярат туризми, экологиялық туризм, этнотуризм, исбилерменлик туризми, спорт, гастрономиялық, медициналық, билимлендириў ҳәм илимий туризмди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, сыртқы ҳәм ишки туризмди ҳәр тәреплеме кеңейтиў, жаңа туризм бағдарларын ислеп шығыў ҳәм оларды туризм базарларында енгизиў;

туризм хызметлериниң сыртқы ҳәм ишки базарларында маркетинг изертлеўлерин алып барыў, мәмлекеттиң туризм тараўын буннан былай да раўажландырыў, бийбаҳа туризм потенциалын ғалаба ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, миллий туризм өнимлери ҳәм брендлериниң халықаралық туризм базарларына кирип барыўына қаратылған жедел реклама-мәлимлеме сиясатын әмелге асырыў;

туризм инфраструктурасын қәлиплестириў, соның ишинде, туризм объектлерин жайластырыў ушын имканият жоқары болған аймақларда режелестириў ҳәм жойбарластырыў жумысларын шөлкемлестириў, инвесторларды тартыў, туризм тараўында исбилерменлик белсендилигиниң артыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, туризм объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў және тараўды басқышпа-басқыш толық санластырыў;

мәмлекеттиң туризм потенциалын түпкиликли арттырыў, туризмге экономиканың стратегиялық секторы статусын бериў, туризм тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў мақсетинде туризмди раўажландырыўдың бир пүтин концепциясын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў;

республика аймақларының туризм потенциалынан келип шығып, туризмниң перспективалы бағдарларын белгилеў, жаңа туризм өнимлерин жаратыў, оларды паспортластырыў, туризм тараўындағы бирден-бир реестрлерди қәлиплестириў;

туризм объектлеринде, аўқатланыў орынларында, республика аймағы бойлап ҳәрекетлениў ўақтында ҳәм сапарларды шөлкемлестириўде туристлердиң қәўипсизлигин және саламатлығын тәмийинлеўге бағдарланған туризм хызметлерин көрсетиў сапасы ҳәм қәўипсизлиги стандартларын ислеп шығыўды муўапықластырыў;

туризм бойынша абырайлы халықаралық ҳәм миллий шөлкемлер, биринши гезекте, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Дүнья жүзилик туризм шөлкеми, сондай-ақ, сырт ел компаниялары менен халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық стандартлар және нормаларды туризм жумысы ҳәм әмелиятына енгизиў; туризм тараўы ушын кадрлар таярлаў бойынша усыныслар киргизиў, туризм тараўы субъектлериниӊ хызметкерлерин турақлы қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, тараўда илимди раўажландырыўға жәрдемлесиў;

туризм тараўын мәмлекет тәрепинен ҳәм базар арқалы тәртипке салыўды оптималластырыў, туризм хызметлери базарында бәсекини раўажландырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

республиканыӊ кинолокцияларын, соның ишинде, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда сырт елде үгит-нәсиятлаў.

ӨзА