Еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери додаланды

76

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-март күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдың жуўмағына бола,  товар алмасыў көлеми 10 процентке өсип, 13 миллиард долларға жетти, усы жылдың басынан болса және 32 процентке көбейди.

Санаат, энергетика, транспорт ҳәм экономиканың басқа тийкарғы тармақларында ири кооперация жойбарларын әмелге асырыў даўам етпекте.

Өзбекстанда биринши атом электр станциясын көриў жойбарын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның нәтийжели жумысына жоқары баҳа берилди.

Тәреплер кооперацияның жаңа түри ҳәм жойбарларын алға қойыў ушын нәтийжели майданға айланған “ИННОПРОМ Орайлық Азия” халықаралық санаат көргизбесиниң гезектегисин усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткериўге белсене таярлық көрип атырғаны атап өтилди.

Халықаралық әҳмийеттеги мәселелер, соның ишинде, Жақын Шығыс, Қубла Азия ҳәм Украинадағы жағдай бойынша пикир алысылды.

Болажақ  илажлардың режеси де додаланды.

ӨзА