Бүгин елимиз раўажланыўының тийкарын қураған Ҳәрекетлер стратегиясында өз-ара пайдалы халықаралық байланыслар айрықша орын ийелейди.

Бәримизге белгили, кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы дослық, стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып, беккемленип бармақта. Бул бирге ислесиўди буннан былай да жеделллестириў мақсетинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимиз аймақларының Россия ўәлаятлары менен тиккелей беккем байланыслары жолға қойылды. Бул, әсиресе, усы жылдың 18-19-октябрь күнлери Ташкентте өткерилиўи режелестирилген Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы аймақлараралық бирге ислесиў биринши форумы шеңберинде әмелге асырылатуғын турмыслық жойбарларда да өз көринисин табады.

Өз гезегинде, усы жылдың сентябрь айында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басшылары басшылығындағы делегациялар Россияның көплеген аймақларында болып, өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын орнатты.

Тең пайдалы бирге ислесиў

Россия Өзбекстанның ири саўда ҳәм инвестициялық шериги болып есапланады. Бүгинги күнде нефть-газ комплекси, машина қурылысы, электротехника санааты, тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў бойынша ири жойбарлар таярланып әмелиятқа енгизилмекте. Буны цифрлар да тастыйықлайды: Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында Россия менен товар айланысы бойынша 4-орында турады. 2017-жылдың жуўмақлары бойынша, бул көрсеткиш 3,6 миллиард АҚШ долларын қурады ҳәм 33,9 процентке өсти.

Биринши ярым жыллықтың жуўмақлары бойынша Россияның елимиз сыртқы саўда айланысындағы үлеси 16 процентке туўра келеди. Еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы, 2,5 миллиард АҚШ долларын (экспорт – 811 миллион, импорт – 1,7 миллиард доллар) қурады.

Елимизде Россия Федерациясы капиталының қатнасыўында 1200 ге шамалас кәрханалар жумыс алып бармақта.

Перспективалы бирге ислесиўдиң және бир айқын көриниси – тәреплер қол қойған ҳүкиметлераралық келисимге муўапық атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў тараўында стратегиялық жойбарды әмелге асырыўға кирисилди.

Мәлим болғанындай, мәмлекетлер арасында экономикалық айланысларда аймақлараралық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Ҳәзир мәмлекетимиздиң хожалық жүргизиўши субъектлери Россияның Москва, Санкт-Петербург қалалары, Татарстан Республикасы, Алтай, Краснодар үлкелери, Челябинск, Новосибирск, Свердловск, Тюмень, Иваново сыяқлы санааты раўажланған аймақларындағы кәрханалар менен бирге ислесип келмекте.

Еки мәмлекет арасындағы интеграция процесслериниң тереңлесиўи аймақлардың тиккелей экономикалық байланыслар көлеминиң кеңейиўин талап етпекте. Себеби, бундай бейимлесиўшең базар қатнасықлары өз-ара бирге ислесиў тәжирийбесинде сынақтан өткен.

Усы мәниде, Ташкентте өтетуғын форум тиккелей экономикалық байланыслар ушын беккем тийкар жарататуғынына исенемиз.

Аймақлараралық форум: сапарлар, тәжирийбе алмасыўлар, үмитли идеялар

Биринши мәрте өткерилип атырған бул форум кең көлемлилиги менен ажыралып турады. Атап айтқанда, илажға қатнасып атырған контингент дәрежесиниң жоқарылығы менен әҳмийетли болып табылады. Форумға келиўи күтилип атырған рәсмий ҳәм исбилермен топарлар ўәкиллери арасында Россия Федерациясының экономикалық раўажланыў, сыртқы ислер, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм илим министрликлери, ири компаниялар басшылары, губернаторлар, Саўда-санаат палатасы жуўапкерлериниң бар екени пикиримиздиң айқын дәлийли.

Және бир тәрепи. Бул форумның өткерилиўи Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи менен де түсиндириледи. Болажақ форум шеңберинде еки мәмлекет арасында аймақлараралық бир қатар инвестициялық келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте. Сондай-ақ, Россияның ири қалаларында ўәлаятларымыздың саўда үйлери ҳәм көтере бөлистириў орайлары, бирликтеги кәрханалар жумыс алып барыўын шөлкемлестириў де режелестирилген.

Улыўма алғанда, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында биринши мәрте өткерилип атырған бул форум шеңберинде бир қатар экспорт ҳәм импорт шәртнамаларының дүзилиўи нәзерде тутылмақта. Итибарлысы, олардың көпшилиги Өзбекстаннан экспорт етилетуғын өнимлер менен хызметлерге байланыслы келисимлер болып есапланады.

Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы аймақлараралық бирге ислесиў биринши форумы бул мәмлекетлердиң көп қырлы ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шериклик қатнасықларының ҳәр тәреплеме беккемлениўине ҳәм және де раўажланыўына хызмет ететуғыны тәбийғый.

Обиддин МАҲМУДОВ,

Өзбекстан Республикасы,

Экономика министрлиги

Мәлимлеме хызметиниң бас қәнигеси.

ӨзА