Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында 10-октябрь күни Өзбекстан – Тәжикстан – Корея үш тәреплеме бизнес-форумы болып өтти.

Илажға бул мәмлекетлердиң экономика, инвестиция, банк-финанс, саўда-санаат, туризм, логистика, энергетика, электротехника, азық-аўқат, химия, фармацевтика, аўыл хожалығы, жеңил санаат, тоқымашылық сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер менен уйымлардың фирма ҳәм компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Онда Өзбекстан – Тәжикстан – Корея  мәмлекетлериниң өз-ара саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўин жаңа басқышқа көтериў мәселелери додаланды. Шерик мәмлекетлер аймағында сырт ел капиталының қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдың перспективалары бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаев, Тәжикстан Республикасы Инвестициялар ҳәм мәмлекетлик мүлкти басқарыў комитетиниң баслығы Фаррух Хамролизода, Корея Республикасының Тәжикстандағы ўақытша ислер ўәкили Ли У Чон мәмлекетлеримиз арасындағы нәтийжели шериклик ҳәм дослық қатнасықларының беккемлениўи бирге ислесиў байланысларында әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти. Мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги сөйлесиўлеринде ерисилген келисимлер өз-ара саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық тараўлардағы қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның басламасы менен биринши мәрте өткерилип атырған үш тәреплеме форум Өзбекстан – Қубла Кореяның капиталы менен исбилерменлериниң қатнасыўындағы бирликтеги кәрханалар ҳәм жойбарларды үшинши мәмлекет аймағында әмелге асырыў, Тәжикстан менен кооперация тараўындағы шерикликти раўажландырыў мәселелерин додалаўға бағышланғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде исеним руўхындағы дослық, тең шериклик қатнасықлары Өзбекстан сыртқы экономикалық жумысының тийкарғы бағдары сыпатында атап өтиледи. Елимиздиң Тәжикстан менен байланыслары мысалында алатуғын болсақ, саўда-экономикалық бирге ислесиў жаңа пәтлерде раўажланбақта. Усы жылдың биринши ярымында өз-ара товар алмасыў көлеми 35 процентке өсти. Өзбестаннан Тәжикстанға жеңил автомобильлер, жүк машиналары, аўыл хожалығы техникалары, металлургия, электротехника, қурылыс материаллары, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты өнимлери экспорт етилип атырған болса, Тәжикстан елимизге қурылыс материаллары, цемент, алюмин сыяқлы өнимлерди жеткерип бермекте.

Өз гезегинде, Өзбекстан менен Корея арасындағы стратегиялық шериклик избе-из раўажланып, көп қырлы бирге ислесиў кеңейип бармақта. Елимизде Қубла Корея инвестициясының қатнасыўында дүзилген 460 тан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Кореяның 75 компаниясы өз ўәкилханасына ийе. Бул мәмлекеттиң Өзбекстан экономикасына тартқан инвестицияларының көлеми 7 миллиард АҚШ долларынан асады.

Форумда елимизде инвесторлар ушын жаратылып атырған шараят, атап айтқанда, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарындағы имканиятлар, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Өз-ара бирге ислесиўде энергетика, аўыл хожалығы, туризм, коммуникация, қаржылай хызметлер көрсетиў тараўындағы бирликтеги бағдарламаларды ислеп шығыў имканиятлары ҳаққында сөз етилди.

Күнниң екинши ярымында илаж қатнасыўшылары Тәжикстанның бир қатар санаат кәрханалары менен дийқан хожалығында болып, өндирис, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў процесси менен жақыннан танысты.

Мәмлекетимиздиң исбилермен топарлары ўәкиллери тәжикстанлы ҳәм кореялы исбилерменлердиң қатнасыўында шөлкемлестирилген В2В, G2В форматындағы сөйлесиўлерде қатнасты.

Әнжуманда инвестициялық бирге ислесиўге байланыслы бир қатар келисимлер менен шәртнамаларға қол қойылды.

 

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы