2 айда Өзбекстанға 1,7 миллионнан аслам турист келди

Соңғы жылларда Өзбекстан туризм тараўында жедел өсиўди көрсетпекте. Мәмлекеттиң бай мәдений мийрасы, тарийхый естеликлери ҳәм заманагөй инфраструктурасы сырт елли туристлер ушын барған сайын тартымлы болып бармақта. Мәмлекет тәрепинен туризмди қоллап-қуўатлаўға қаратылған реформалар, визасыз режим ҳәм халықаралық байланыслардың кеңейиўи бул тараўдағы унамлы нәтийжелерди және де беккемлемекте.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2026-жылдың январь-февраль айларында 156 мәмлекеттен жәми 1 миллион 776 мың 336 сырт ел пуқаралары туристлик мақсетлерде Өзбекстанға келген.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 441 мыңға ямаса 33 процентке артқан.
Туристлер саны бойынша ТОП-10 мәмлекетлер:
Қырғыз Республикасы – 521 138 адам;
Тәжикстан – 469 060 адам;
Қазақстан – 386 284 адам;
Россия – 123 310 адам;
Аўғанстан – 83 613 адам;
Түркменстан – 51 206 адам;
Қытай – 49 080 адам;
Түркия – 24 212 адам;
Ҳиндстан – 9 438;
Корея Республикасы – 5 398 адам.
Бул көрсеткишлер Өзбекстанның Орайлық Азияда әҳмийетли туристлик жөнелиске айланып баратырғанын көрсетеди. Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлерден келип атырған туристлердиң үлесиниң жоқарылығы регионаллық туризм байланысларының беккемленип атырғанынан дерек береди.
Қәнигелердиң пикиринше, туризм тараўындағы бундай унамлы динамика жақын жылларда да сақланып қалыўы күтилмекте. Жаңа мийманханалардың қурылысы, транспорт ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасының артыўы болса Өзбекстанның халықаралық туризм базарындағы бәсекиге шыдамлылығын және де күшейтеди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА