Экология тараўында улыўма миллий жойбарларды әмелге асырыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 23-март күни экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында 2026-2030-жылларға мөлшерленген тийкарғы улыўма миллий жойбарлар бойынша презентация менен танысты.
Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў, қала ҳәм аймақларда жасыл майданларды кеңейтиў, экологиялық билимлендириў ҳәм мәдениятты арттырыў, сондай-ақ, шөллениўге қарсы гүресиўдиң илимий ҳәм әмелий тийкарларын беккемлеўге қаратылған басламалар көрип шығылды.

Бәринен бурын, “Таза ҳаўа” улыўма миллий жойбары шеңберинде режелестирилген жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Ташкент қаласында ҳаўаның патасланыў дәрежеси белгиленген нормадан жоқары болыў жағдайлары бақланбақта. Бул Наўайы, Ферғана, Шыршық ҳәм Термиз қалаларында да бақланбақта. Ҳаўа патасланыўының тийкарғы факторлары сыпатында санааттың өсиўи, углерод жанылғыларынан кең пайдаланыў, транспорт қураллары санының көбейиўи, тәбийий факторлар ҳәм қадағалаўдың жетерли емеслиги көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен 2030-жылға шекем атмосфераға шығарылып атырған патасландырыўшы затлардың көлемин қысқартыў, санаат объектлеринде шығындыларды услап қалыў үлесин арттырыў, транспорттан шығатуғын зыянлы элементлерди азайтыў ҳәм PM2,5 бойынша нормадан асыў бақланатуғын күнлер санын азайтыў тийкарғы мақсетлер етип белгиленген.

Әмелге асырылған оператив илажлар нәтийжесинде Ташкент қаласында ҳаўа сапасы белгили дәрежеде жақсыланған. Соның ишинде, 2026-жылдың январь-февраль айларында PM2,5 концентрациясы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда сезилерли дәрежеде төменлеген. Енди бул бағдарда аймақлық бағдарламалар басқышпа-басқыш қабыл етилип, ҳәр бир ўәлаятта анализ ҳәм диагностика, бирден-бир ҳаўа мониторинги және патасланыў дәреклерин инвентаризациялаў жумыслары шөлкемлестириледи.
“Таза ҳаўа” жойбарында энергетика ҳәм санаат тармақларына айрықша итибар қаратылған. Өниминиң белгили бөлегин альтернативлик энергия есабынан ислеп шығаратуғын кәрханаларға салық жеңилликлери ҳәм финанслық хошаметлеўлер бериў, автоматикалық мониторинг станциялары, фильтрлер, шаң-газ тазалаў ҳәм энергия үнемлеўши үскенелерди кеңнен енгизиў нәзерде тутылған. Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақлардағы санаат кәрханаларында мәжбүрий автомат мониторинг постлары орнатылып, олардың мағлыўматлары бирден-бир геомәлимлеме системасына интеграцияланады. Бундай талапларға әмел етпеген субъектлер ушын компенсация төлемлери кескин арттырылады.

Қурылыс тараўында да экологиялық талаплар күшейтиледи. Жаңадан қурылатуғын ири объектлерди жойбарластырыўда көклемзарластырыў дәрежесин арттырыў, қурылыс материалларын жабық шараятта сақлаў, шығындыларды арнаўлы қубыр ҳәм контейнерлер арқалы түсириў, майданларды қорғаў тосықлары менен қорғаў, онлайн бақлаў камераларын орнатыў сыяқлы талаплар белгиленбекте.
Сондай-ақ, “самал жоллары”н сақлаў, экологиялық экспертиза жуўмағын қурылыс процесслеринде мәжбүрий есапқа алыў, қаланың экологиялық ҳәм суў ресурсларын басқарыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў усыныс етилди.
Тәбийий шаң факторларын азайтыў бойынша да анық илажлар белгиленген. Ташкент қаласы әтирапында “жасыл коридор” жаратыў, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрьяда шаң боранларының алдын алыў ушын “жасыл дийўал”лар шөлкемлестириў, жасалма көллер ҳәм суў бассейнлерин қурыў, пайтахт районларында фонтанлардың санын көбейтиў, жапырақларды компост сыпатында қайта ислеў әмелиятын жолға қойыў усылардың қатарына киреди. Булардың барлығы ҳаўа қурамындағы шаң бөлекшелерин азайтыў ҳәм қала орталығын саламатландырыўға хызмет етеди.

Транспорт тараўында ҳаўаны қорғаў бойынша айрықша бағдарлар да белгиленген. Мотор жанылғысы стандартларын басқышпа-басқыш күшейтиў, автотранспорт қуралларын “қызыл”, “сары” ҳәм “жасыл” стикерлерди берген ҳалда экологиялық категорияларға ажыратыў, техникалық тексериўди экологиялық талаплар менен байланыстырыў, ески автотранспортты жаңалаў бағдарламаларын әмелге асырыў, жәмийетлик транспорттың үлесин арттырыў нәзерде тутылмақта. Бул арқалы жол ҳәрекети менен байланыслы патасланыў көлемин қысқартыў, әсиресе, ири қалалардың орайларында ҳаўаның сапасын жақсылаў мақсет етилген.
“Таза ҳаўа” жойбарының әҳмийетли қурамлық бөлеги сыпатында ыссыханалар мәселеси де додаланды.
Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында ыссыхана хожалықлары жүдә көп, олардың арасында ысытыў дереклери сыпатында көмир, мазут ҳәм стандарт емес жанылғыдан пайдаланатуғын ыссыханалардың үлеси де жоқары, олар шығарып атырған NO2, SO2 ҳәм PM2,5 сыяқлы қәўипли элементлер ҳаўа сапасына айрықша тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, Ташкент аймағында жыллық қуяш нурланыўы басқа аймақларға қарағанда салыстырмалы төмен болғаны себепли бул жерде ыссыханада өним жетистириўдиң қәрежети бир қанша жоқары. Мәселен, январь айында Ташкентте орташа температура Цельсий бойынша 6 дәреже ыссы болса, Термизде – 10,8 дәреже ыссы. 1 тонна ыссыхана өнимин жетистириў қәрежети Ташкент ўәлаятында 11,9 миллион сумды, Сурхандәрьяда болса 4,9 миллион сумды қурайды.
Өнимлерди инсоляция дәрежеси жоқары болған аймақларда жетистириў ыссыхана хожалықларының финанслық жағдайы ушын да, ишки базардағы баҳаның турақлылығы көзқарасынан да пайдалы болып есапланады.
Сол себепли, Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақлардағы ыссыханаларды энергияны үнемлейтуғын ҳәм тәбийий-климат шараяты қолайлы болған аймақларға басқышпа-басқыш көшириў усынысы билдирилди. Атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында кеминде 940 гектар майданда агропарк шөлкемлестириў режелестирилген. Бул аймақта қуяш нурланыўы жоқары, қыс салыстырмалы жумсақ, ысытыў қәрежетлери бираз төмен болып, бул өнимниң өзине түсер баҳасын кескин түсириў имканиятын береди.
2026-жыл 1-октябрьден баслап Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда жаңа ыссыхана шөлкемлестириўди шеклеў, соның менен бирге, көширилип атырған хожалықларға инфраструктура, кредит ҳәм логистика бойынша жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда “Жасыл мәкан” шеңберинде ботаника ҳәм дендрология бағлары концепциясы бойынша мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, ботаника бағлары жергиликли ҳәм сырт ел өсимликлерин үйрениў, сақлаў, көбейтиў ҳәм көрсетиўге хызмет етсе, дендрология бағлары терек ҳәм пута түрлерин интродукциялаў, акклиматизациялаў ҳәм илимий тийкарда тәрбиялаўға қәнигелескен аймақлар болып есапланады. Концепцияға бола, ботаника бағларында ҳәр қыйлы флористикалық экспозициялар, оранжерея, нәлхана, көл, ишки жоллар, беседка ҳәм гүлхана сыяқлы объектлер жайластырылады.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 3 ботаника бағы болса, жойбар шеңберинде және 12 ботаника ҳәм 16 дендрология бағын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул процессте ҳәр бир аймақтың топырақ-ықлым шараяты есапқа алынып, сәйкес терек ҳәм путалар таңланады.
2028-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында майданы 100 гектардан аз болмаған ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў режелестирилген. Нәтийжеде 2030-жылға шекем мәмлекетте улыўма жасыллық дәрежесин 14,2 проценттен 30 процентке шекем арттырыў, PM2,5 ҳәм PM10 концентрациясын 20-25 процентке азайтыў, климаты аўыр аймақларда ҳаўа температурасын орташа 1,5-2 дәрежеге төменлетиў мақсет етилген.
Соның менен бирге, пайтахтта Миллий дендрология бағын қурыў концепциясы да таныстырылды. Бул ири жасыл аймақтың улыўма майданы 108 гектарды қурайтуғыны белгиленген. Жойбар шеңберинде 50 мың түп терек нәли ҳәм 100 мың түп пута өсимликлери егилиўи нәзерде тутылған. Парк биологиялық көптүрлиликти сақлаў, ҳаўаның сапасын жақсылаў, углерод жутылыўын арттырыў, илимий изертлеў ҳәм селекция жумысларын жолға қойыў, сондай-ақ, қала микроклиматын саламатландырыўға хызмет етеди. Бағ ҳаўа температурасын 2-4 градусқа төменлетип, ығаллықты 10-15 процентке арттырыўы мүмкин.
Миллий дендрология бағы тек ғана жасыл аймақ емес, ал илимий, ағартыўшылық ҳәм жәмийетлик мәкан сыпатында да қәлиплестириледи. Онда “Дүнья тереклери” аймағы, 6 ықлым регионына тән өсимликлер коллекциясы, мийўели ҳәм жергиликли терекзарлар, дәрилик өсимликлер бағы, оранжерея, гүлзарлар, дем алыў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жоллары, автомобиль турыў орны, келиўшилерди күтип алыў майданшасы қурылады.
Бағдың орайлық бөлиминде 1 гектарлық жасалма көл ҳәм оның әтирапында сакура бағын шөлкемлестириў режелестирилген. Парк инфраструктурасында қуяш панельлери, қайта исленген материаллардан таярланған скамейка ҳәм беседкалар, автоматластырылған тамшылатып суўғарыў системасы сыяқлы заманагөй экологиялық технологиялардан пайдаланыў нәзерде тутылған. Бул жер Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи университети (“Green University”) ушын тәбийғый лаборатория, халық ушын болса биотуризм ҳәм экобилимлендириў орайына айланады.
“Экомәденият” улыўма миллий жойбары шеңберинде экологиялық билимлендириў, илим ҳәм үгит-нәсиятлаўды бир-бирине байланыстырған ҳалда жаңа система жаратыў режелестирилген.
Бул тараўда халықаралық стандартларға сәйкес қәнигелердиң жетиспей атырғаны, халық арасында экологиялық сана ҳәм турақлы әдетлер еле жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги, инновация ҳәм климат технологияларын әмелиятқа енгизе алатуғын кадрлардың жетиспеўшилиги бар екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен 2026/2027-оқыў жылынан баслап 14 аймақта “жасыл техникумлар” шөлкемлестирилип, олар (“Green University”) системасына академиялық бирге ислесиў тийкарында бириктириледи.
Жойбарға бола, таярланатуғын оқыўшы ҳәм студентлердиң саны жыл сайын арттырылып, 2028-2029-оқыў жылына барып, 10 мыңға жеткериледи. Бакалавриат ҳәм магистратурада қоршаған орталық ҳәм турақлы басқарыў, жасыл экономика, қоршаған орталық инженерлиги, климат өзгериўи, шөллениўге қарсы гүресиў, турақлы қала қурылысы, турақлы энергия алмасыў сыяқлы жаңа жөнелислер ашылады. Билимлендириў процесинде дуал система енгизилип, теориялық билим менен әмелият үйлестириледи. Университет билимлендириў системасын раўажландырыў, илимий-инновациялық жойбарлар ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары ушын үлкен муғдарда қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Халық арасында экологиялық мәдениятты арттырыў ушын “10 мың қәдем пияда” басламасын тиклеў, “Саламат турмыс тәризи” платформасын иске қосыў, сондай-ақ, Самарқанд қаласында GEF-8 ассамблеясы ҳәм “Eco Expo Central Asia 2026” халықаралық көргизбесин өткериў режелестирилген.
Презентацияда шөллениўге қарсы гүресиў стратегиясының жойбары да айрықша көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан аймағының 70 проценти қурғақлық зонасынан ибарат болып, жерлердиң 70 проценттен асламы деградацияға ушыраған. Жер ресурсларының жаманласыўы экономикаға ҳәр жылы 830 миллион доллар зыян келтирмекте. Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде 3 миллион гектар майдан жарамсыз ҳалға келген ҳәм аймақтың 56 проценти самал эрозиясы тәсиринде қалған.
Усы мүнәсибет пенен “Green University” жанында регионаллық биргеликтеги илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул орай шөлистанлықты басқарыў бойынша Орайлық Азиядағы биринши илимий хабқа айланыўы нәзерде тутылмақта. Орай қурамында 15 қәнигелескен лаборатория жумыс алып барады, спутник мағлыўматлары, GIS ҳәм аралықтан зондлаў технологиялары тийкарында жерлердиң жағдайын санлы мониторинг етиў жолға қойылады, қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер бойынша генетикалық банк қәлиплестириледи, топырақтың химиялық ҳәм физикалық анализи системасы жетилистириледи. Буның нәтийжесинде шөллениўди прогнозлаў ҳәм карталастырыў миллий системасы жаратылады, Аралбойы ҳәм қурғақ аймақларда жасыл қаплама кеңейтиледи, жайлаўлардан турақлы пайдаланыў ҳәм шөл экономикасы модельлери енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған жойбарлардың экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, халықтың саламатлығын қорғаў, қала ҳәм аўыл орталығын буннан былай да қолайластырыў, сондай-ақ, бул тараўда илим ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиўдеги әҳмийетин атап өтип, оларды мақуллады.
ӨзА