Стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-март күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдынан жетекшилер бир-бирин мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм бәҳәрги Наўрыз әййямы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, еки мәмлекеттиң туўысқан халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.
Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа да қызғын қутлықлаўларын жоллады.
Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық дәрежелерде нәтийжели сөйлесиўлер даўам етпекте. Товар алмасыў көлеминиң турақлы өсиўи, соның ишинде, таяр өнимлерди жеткерип бериў арқалы тәмийинленбекте. Жақында иске қосылған “Шават-Ташаўыз” саўда зонасының нәтийжели жумысы да өз-ара саўданың артыўына хызмет етпекте.
Жүк тасыўлардың көлеми, соның ишинде, Түркменбашы порты арқалы избе-из артпақта. Энергетика, санаат, суў хожалығы ҳәм транспортта кооперация кеңейип бармақта, Парламентлераралық, аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер Жақын Шығыс ҳәм Қубла Азияда жүзеге келип атырған жағдай бойынша да пикир алысты. Турақлы тынышлыққа ерисиўдиң бирден-бир жолы жағдайды сиясий-дипломатиялық илажлар менен шешиў екени атап өтилди.
Усы жылы нәзерде тутылған көп ҳәм еки тәреплеме илажлар режеси де додаланды.