Шын жүректен қутлықлаўлар

Тәбияттың ояныўы, турмыста жаңа басқыш басланыўының белгиси болған, жақсылық, мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет, миймандослық, мийнет сүйгишлик ҳәм ана жерге ғамхорлық сыяқлы мәңги қәдириятларды өзинде жәмлеген әййемги байрам – Наўрыз әлем мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда елимиздиң көп миллетли халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген.
Сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң қутлықлаўларында мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берилген.
Ашық, тынышлықты сүйиўши ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат алып барылып атырғаны, регионаллық бирге ислесиў, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған басламалар жедел алға қойылып атырғаны себепли мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы избе-из өсип атырғаны айрықша атап өтилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Бәҳәрги ояныў белгиси болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.
Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар жоқары дәрежеге шыққан. Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлығымызды буннан былай да дос халықларымыздың абаданлығы, Орайлық Азия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў жолында жедел раўажландырамыз, деп исенемен.
Усы қутлы әййямда Сизге беккем денсаўлық ҳәм табыслар, барлық халқыңызға болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Владимир ПУТИН,
Россия Федерациясы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Президент Мырза!
Ай календары бойынша Жаңа жыл мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўыңыз ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз. Қытай ҳүкимети ҳәм халқыныӊ атынан Сизди, ҳүкиметиңизди ҳәм Өзбекстан халқын дәстүрий байрамыңыз – Наўрыз кирип келиўи мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман.
Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман. Өткен жылы биз Сиз бенен еки мәрте ушырасып, түрли тараўлардағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик. Бул жаңа дәўирдеги Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа раўажланыў басқышына алып шықты.
Мен стратегиялық өз-ара исеним ҳәм дәстүрий дослықты турақлы беккемлеў, улыўмалық тәғдирге ийе Қытай – Өзбекстан жәмийетшилигин қурыўды тереңлестириў ҳәм әмелий дәрежеге көтериў ушын ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында Сиз бенен биргеликте ислесиўге таярман.
Сизге беккем денсаўлық ҳәм жумысыңызда табыслар тилеймен.
Си ЦЗИНЬПИН,
Қытай Халық Республикасы Баслығы
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ассаламу алайкум ва раҳматуллоҳи ва барокатуҳу.
Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға ең жақсы тилеклеримизди билдириўден қуўанышлымыз. Сизге беккем денсаўлық, дос Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырза, бизиң сәлемлеримиз ҳәм ҳүрметлеримизди қабыл еткейсиз.
Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,
Саудия Арабстаны Патшасы
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ассаламу алайкум ва раҳматуллоҳи ва барокатуҳу.
Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға ең жақсы тилеклеримди билдириўден қуўанышлыман.
Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырза, мениң сәлемимди ҳәм ҳүрмет-иззетимди қабыл еткейсиз.
Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол САУД,
Саудия Арабстаны Мийрасхоры,
Министрлер Кабинетиниӊ Баслығы
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Әзиз туўысқаным!
Ҳәр жылы тәбият ояныўының тымсалы болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына халқым ҳәм жеке өзимниң атымнан ең қызғын қутлықлаўларымды билдиремен.
Тамырлары узақ өтмишке барып тақалатуғын әййемги Наўрыз дәстүримиз инсаниятқа үмит ҳәм берекет хабарын бермекте. Уқсас мәденият мәканымызда белгиленетуғын бул байрамда дослық ҳәм туўысқанлық байланысларымыздың және де беккемлениўин тилеймен.
Наўрыз ҳәзирги ўақытта бизге зәрүр болған тынышлық, келисим ҳәм бирге ислесиўге болған үмитлерди ушқынлатыўы – ең үлкен арзыў-нийетимиз болып есапланады.
Байрам мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға, шаңарағыңызға денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына аманлық ҳәм абаданлыққа толы келешек тилеймен.
Режеп Таййип ЭРДОҒАН,
Түркия Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизге ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.
Жаңаланыў, дөретиўшилик ҳәм абаданлықты өзинде жәмлеген бул муқаддес байрам жоқары қәдириятларға умтылған пүткил инсаният турмысында айрықша орын ийелейди. Қутлы бәҳәр әййямы Наўрыз туўысқан халықларымызға жыллылық, молшылық, қуўаныш ҳәм абаданлық алып келсин.
Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған Қазақстан – Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары буннан былай да халықларымыздың абаданлығы жолында жедел раўажланып баратуғынына исенемен.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, пурсаттан пайдаланып, Өзбекстанның раўажланыўы жолындағы жумысыңызда табыслар, мәмлекет халқына болса абаданлық ҳәм молшылық тилеймен.
Халық бахытлы жасасын, абаданлық болса мол болсын!
Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,
Қазақстан Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Наўрыз байрамы менен Сизди ҳәм пүткил туўысқан Өзбекстан халқын шын жүректен қутлықлайман.
Бул жарқын ҳәм қуўанышлы байрам бәҳәрде тәбияттың ояныўы, бирлик ҳәм дослық, тынышлық ҳәм абаданлық тымсалы болып есапланады. Бул байрам халықларымызды байланыстыратуғын көп әсирлик дослық ҳәм мийрим-шәпәәт дәстүрлерин өзинде жәмлеп, улыўмалық тарийхқа тийкарланған туўысқанлық қатнасықларды беккемлейди.
Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған барлық дәрежелердеги бирге ислесиўимиз буннан былай да биргеликтеги ҳәрекетлер тийкарында даўам етип, халықларымыздың келешеги айдын болыўын тәмийинлеўге үлес қосатуғынына исенемен.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизге беккем денсаўлық ҳәм мәмлекетшилик жумысыңызда табыслар, туўысқан өзбек халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Садир Жапаров,
Қырғыз Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен ең жақсы ҳәм қызғын тилеклерге толы қутлықлаўларымызды қабыл еткейсиз.
Әййемги тарийхқа ийе бул байрам мәдений мийрас ҳәм көп әсирлик дәстүрлеримиз уқсаслығының көриниси сыпатында оны белгилейтуғын халықлар арасындағы байланысларды тынышлық ҳәм қәўипсизлик, жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў идеялары тийкарында беккемлеўде әҳмийетли рол атқарады.
Наўрыздың мәңги дөретиўшилик дәстүрлери бизди халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын және де беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолында тынымсыз ҳәрекет етиўге ийтермелейди.
Тәжикстан тәрепи Өзбекстан менен стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық шеңбериндеги мәмлекетлераралық қатнасықлардың бүгинги дәрежесинен қанаатланады.
Мәмлекетлеримиз бул әййемги байрамның жоқары улыўмаинсаныйлық қәдириятларына сүйенген ҳалда, көп қырлы қатнасықларды мазмун жағынан байытыў жолында буннан былай да биргеликте ҳәрекет ететуғынына исенемен.
Усы қутлы күнлерде Сизге беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар, мәмлекетиңиздиң туўысқан халқына болса бахыт-ығбал, абаданлық, тынышлық ҳәм турақлылық, избе-из раўажланыў тилеймен.
Наўрыз мүбәрек болсын!
Терең ҳүрмет пенен,
Эмомали РАҲМОН,
Тәжикстан Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллайман!
Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде кеңнен белгиленетуғын бул гөззал байрам бәҳәрдиң басланыўы ҳәм тәбияттың ояныўын аңлатады. Наўрыз байрамы түрли халықлар ҳәм мәдениятлар арасындағы жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Бул жарқын байрам үмит тымсалы болып, бүгинги дүньяда инсаныйлық сезимлерин беккемлеўге ийтермелейди.
Бул әжайып байрам Сиз ҳәм пүткил мәмлекетиңиз халқы ушын бахыт, қуўаныш ҳәм жаңа табыслар алып келсин!
Терең ҳүрмет пенен,
Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменстан Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге шын жүректен қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллайман.
Наўрыз – өмирге муҳаббат ҳәм жақсы келешекке исенимниң беккемлениўи белгиси болып есапланады. Бул байрам көп әсирлер даўамында халықлар арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип келмекте.
Бул қутлы әййям Сиз ҳәм Өзбекстан халқы ушын тынышлық, қуўаныш ҳәм жаңа басламалар менен белгиленсин. Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.
Терең ҳүрмет пенен,
Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркмен халқының миллий жетекшиси,
Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Әзиз туўысқаным!
Сизге ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына уллы ата-бабаларымыздан қалған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен жеке өзимниң атымнан ҳәм Әзербайжан халқының атынан қызғын қутлықлаўларымды жоллаў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.
Бәҳәр келгенинен дерек беретуғын, тәбиятқа меҳир, руўхый пәклик ҳәм жаңаланыў шадлығы болған бул миллий байрам туўысқан халықларымызға абаданлық, бахыт ҳәм қут-берекет алып келиўин тилеймен.
Биз дослық ҳәм туўысқанлықтың әжайып үлгиси болған Әзербайжан – Өзбекстан қатнасықларының күн сайын раўажланып атырғаны ҳәм аўқамласлығымыздың беккемленип атырғанынан оғада қуўанышлымыз. Улыўма келип шығыў, тарийх ҳәм мәденият байланыслары менен байланысқан туўысқан Өзбекстан менен кең көлемли қатнасықларымызды мәмлекетлеримиздиң мәплери ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында және де тереңлестириў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлеримизди даўам еттиретуғынымызға исенемен.
Усы пайызлы күнлерде Сизге ҳәм шаңарағыңыз ағзаларына беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳәм оның халқының раўажланыўы жолындағы жумысыңызда табыслар тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Илҳам АЛИЕВ,
Әзербайжан Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди адамлардың қәлбин кеӊпейиллик, қуўаныш, бахыт ҳәм айдын келешекке үмит пенен толтыратуғын Наўрыз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Бул байрамға тән өз-ара ҳүрмет ҳәм конструктивлик бирге ислесиў идеяларын қоллап-қуўатлаған ҳалда, Беларусь Өзбекстан менен дослық ҳәм шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеп бармақта. Мәмлекетлераралық қарым-қатнас ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў буннан былай да пуқараларымыздың мәплерине хызмет ететуғынына ҳәм Евразияда турақлылықты тәмийинлеўге үлес қосатуғынына исенемен.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, усы қутлы күнде Сизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда таўсылмас күш-ғайрат ҳәм табыслар, дос өзбек халқына болса тынышлық ҳәм татыўлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Александр ЛУКАШЕНКО,
Беларусь Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы Мәртебели Мырза!
Пакистан халқы ҳәм ҳүкимети атынан, сондай-ақ, жеке өзимниң атымнан Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны, жақынларыңызды ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын Наўрыз ҳәм Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.
Наўрыз ҳәм Рамазан ҳайыты улыўма инсаныйлық қәдириятлар – тынышлық, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршиликти өзинде жәмлейди. Бул қуўанышлы ўақыялар халықлар арасындағы татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиўге болған улыўма умтылысымызды жаңалаў имканиятын береди.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаның усы жыл февраль айында Пакистанға әмелге асырған тарийхый сапарыңызды қанаатланыўшылық пенен еслеймен, жақын күнлерде еки тәреплеме байланысларымызды буннан былай да беккемлеў ушын жоқары дәрежедеги алмасыўларды даўам еттириўимизди интизарлық пенен күтемен.
Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, туўысқан Өзбекстан халқына болса турақлы тынышлық, раўажланыў тилеймен.
Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Шаҳбоз ШАРИФ,
Пакистан Ислам Республикасы Бас министри
Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев,
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян,
Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос,
Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов,
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаев,
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ағза мәмлекетлери Парламентлераралық ассамблеясының бас хаткери Дмитрий Кобицкий,
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Уларбек Шаршеев,
Рус православ ширкеўи Ташкент ҳәм Өзбекстан епархиясы митрополити, Орта Азия митрополия округиниӊ басшысы Викентий.
Қутлықлаўлардыӊ келиўи даўам етпекте.