Жаңа Өзбекстан Наўрызы – алға илгерилеў ҳәм раўажланыў дәўири

“Жаңа Өзбекстан” бағында Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, пүткил халқымызды қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында быйылғы Наўрыз әййямы мүбәрек Рамазан ҳайыты менен бир ўақытта белгиленип атырғанын айрықша атап өтип, тәбияттың ояныўы ҳәм руўхый пәклениў белгиси болған бул қутлы күнлер барлық ўатанласларымыз ушын жақсылық, тилеклеслик ҳәм берекет байрамы екенин атап өтти. Сондай-ақ, дүньяның алыс ҳәм жақын мәмлекетлеринде мийнет етип атырған, билим алып атырған ўатанласларымызға қызғын сәлем ҳәм тилеклер жолланды.
Президентимиз миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымызды разы етиў, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолындағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти. Быйыл байрам “Наўрызды улығлаў – инсанды улығлаў!” деген идея тийкарында өтип атырғаны да мине усы ийгиликли мақсетлердиң әмелий көриниси екени атап өтилди.
Мәресимде барлық аймақларға, аўыл ҳәм мәҳәллелерге жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў бойынша үлкен ҳәрекет басланғаны атап өтилди. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў бағдарында үлкен қәдемлер тасланып атырғаны, елимизде заманагөй кәрханалар, коммуникация тармақлары, ықшам турақ жайлар, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылып атырғаны атап өтилди. Келешекте бундай дөретиўшилик жумыслардың көлеми және де кеңейетуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы усы пайызлы таңда мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримизге жоқары ҳүрмет-иззет билдирди. Олардың халқымыз дастурханын мол ҳәм абадан етиўдей мақтанышлы мийнети тән алынып, бул бағдарда мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен турақлы қоллап-қуўатлаў даўам еттирилетуғыны айтылды.
Президентимиз жаңа Өзбекстан мәмлекетимиз жаслары ушын жоқары пәрўазлар ҳәм үлкен жеңислер майданына айланып баратырғанын айрықша атап өтти. Бүгин билимлендириў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм бизнес тараўларында жаңа атлар, жаңа қаҳарманлар пайда болып атырғаны, мине, усындай билимли, күш-ғайратлы ҳәм излениўшең ул-қызларымыз бенен пүткил халқымыз ҳақылы түрде мақтанатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жасларға мүрәжат етип, оларға Үшинши Ренессанс дөретиўшилери болыўдай жоқары мәртебе несип етип атырғанын атап өтти. Оларды бүгинги тыныш ҳәм парахат турмыстың, кең имканиятлардың, ата-ана ҳәм устаз-тәрбияшылардың мийнетин қәдирлеп, тынымсыз оқып-үйрениўге, билим ҳәм шеберлигин турақлы арттырып барыўға шақырды. Усы жолда мәмлекетимиз жаслары ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериўге таярлық билдирилди.
Мәресимде мәҳәлле системасының жәмийетлик турмыстағы орнына да айрықша итибар қаратылды. “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”нда үлкен бағдарлама ҳәм режелер әмелге асырылып атырғаны, бул жумысларға шаңарақ ҳәм жәмийетте тынышлық-татыўлықты, мийрим-шәпәәтти беккемлеў, социаллық машқалаларды орнында шешиў, жақсылық ҳәм әдилликти орнатыўда ата ҳәм аналар, “мәҳәлле жетилиги” ҳәм белсенди пуқаралар жақыннан қатнасатуғынына исеним билдирилди.
Усы мүнәсибет пенен Президентимиз 22-март күни белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен жанкүйер мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилерин, барлық ўатанласларымызды қызғын қутлықлап, оларға жаңа табыслар тиледи.
Атап өтилгениндей, мың жыллар даўамында халықлар арасында руўхый көпир болып киятырған Наўрыздың тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў идеялары бүгинги тыныш емес заманда және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Елимизде жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бул байрамды биргеликте, қуўаныш пенен белгилемекте. Мине, усындай аўызбиршилик ҳәм татыўлық жаңа Өзбекстанды биргеликте қурыўдың ең исенимли кепили екени атап өтилди.
Жәмийетимизде миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлықты буннан былай да беккемлеў ушын бар күш ҳәм имканиятлар жумсалыўы атап өтилди. Сондай-ақ, қоңсы ҳәм туўысқан мәмлекетлер менен бирге бирден-бир Орайлық Азия даўысы болып, регионымыздың тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў мәканы сыпатындағы абырайын арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы илажда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин де Халықаралық Наўрыз күни менен қызғын қутлықлап, олардың халықлары менен еллерине жақсы тилеклерин жоллады.
Президентимиз пүткил халқымызға және бир мәрте мүрәжат етип, былай деди:
“Әзелий дәстүрлеримизди даўам еттирип, нәл егип, бағ жаратайық, үйимизди, мәҳәллемизди абат етип, турмысымызды және де гөззал ҳәм абадан етейик!
Жақсы қоңсышылық, аўызбиршилик ҳәм ийгиликли ислеримиз бенен жоқары шеклерге умтылып атырған халық екенимизди дүньяға көрсетейик!
Бирден-бир Ўатан, бирден-бир халық болып, жаңа өмир, жаңа тарийх, жаңа келешек жаратайық!.”
Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Фольклор-этнографиялық жәмәәтлер ҳәм көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, миллий ойынлар ҳәм аскиялар ҳәммеге заўық бағышлады.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, түрли аймақлардан мийманлар, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Яккасарай районындағы Миллий мәдений орайлар павильонына барды.
Елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бирден-бир ҳәм татыў шаңарақ болып жасап келмекте, 157 миллий-мәдений орай жумыс алып бармақта. Бул ҳәр түрлилик көп әсирлик тарийхый процесслер нәтийжесинде қәлиплескен айрықша социаллық ҳәдийсе есапланады.
Елимизде миллий мәдениятларды раўажландырыў, миллетлераралық татыўлықты қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў, сол арқалы жас әўладты кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик руўхында тәрбиялаўға мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында турақлы итибар қаратып келинбекте.
Дослық бағы ҳәм Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети имаратына тутас майданда қурылған, жигирма еки миллеттиң өзине тән архитектурасы сәўлеленген павильон да бул итибардың айқын дәлили болып есапланады.
Бул жерде қазақ, қырғыз, түркмен ҳәм башқурт қара үйлери, корейс, беларус, украин, грек, немис, дунган, поляк, еврей, грузин, армян, татар ҳәм қырым-татар, уйғыр, түрк, тәжик, қытай, рус және әзербайжан халықларының еки қабаттан ибарат дослық үйлери жайласқан.
Интерерлер соль халықтың миллий дәстүрлерине сәйкес түрде безетилген. Експозицияларда болса миллий липаслар, саз әсбаплары, декоратив-әмелий көркем өнер үлгиси, тарийхый макетлер ҳәм мәдений мийрасты сәўлелендиретуғын көплеген экспонатлар орын алған.
Бүгин павильонда Наўрыз салтанаты ҳүким сүрмекте, өйткени, Наўрыз өзи менен бирге татыўлық, жаңаланыў ҳәм жақсылыққа шақырыў сыяқлы ийгиликли идеяларды алып келетуғын байрам болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир миллий орайдың жумысы менен танысты. Қатнасыўшылар менен қызғын пикирлести.
Ушырасыўлар ўақтында миллий-мәдений орайлардың улыўмахалықлық байрамларды жоқары руўхта өткериўдеги үлеси айрықша атап өтилди. Жоқары ўатансүйиўшилиги, пидәкерлик мийнети менен республикамыздың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосып атырған үлеси ушын түрли миллетке тийисли жерлеслеримизге миннетдаршылық билдирилди.
Президентимиз павильон мийманлары ушын шөлкемлестирилген көркем бағдарламаны тамашалады.
ӨзА