Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери телефон арқалы сөйлести

117

20-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Еки мәмлекет жетекшилери пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан ҳайыты – Ийд ал-Фитр ҳәм қутлы Наўрыз байрамлары мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады. Дос Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеклери билдирилди.

Өзбекстан Президентиниң усы жыл февраль айында Пакистанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа сапа басқышына көтергени айрықша атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги сапар етиўден соң министрликлер, уйымлар ҳәм аймақлар дәрежесиндеги сөйлесиўлер және де жеделлескени, өз-ара алмасыўлар анық нәтийжелер менен байып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында тәреплер соңғы ўақытларда Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс регионындағы кескинликтен айрықша қәўетерленип, ҳәр қандай келиспеўшилик ҳәм машқаланы тек ғана тыныш ҳәм дипломатиялық қураллар арқалы шешиў зәрүр екенлигин атап өтти.