Мәҳәлле – меҳир ҳәм жуўапкершилик мектеби

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде Өзбекстан Республикасы ҳүрметли Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Бул өз гезегинде мәҳәллени шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күни мәҳәлле институтының жәмийетимизде атқаратуғын роли артып, халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында тараў хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте.
Өткерилген салтанатлы илаж даўамында байрам мүнәсибети менен өзлериниң жоқары нәтийжелери ҳәм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы Пәрманы тийкарында орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы тәрепинен көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги