Имам Бухарий естелик комплекси – Жаңа Өзбекстанның дүрданасы

Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни Самарқанд ўәлаятына сапарының екинши күнинде Пайариқ районында қайтадан қурылған Имам Бухарий комплексине барды.
Зыярат етиў орайының дәл ортасында уллы ҳәдистаныўшы бабамыздың теберик мавзолейи орын алған.
Мәмлекетимиз басшысы мақбараны зыярат етти. Қуран оқылып, пәтия етилди.
– Мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында уллы ўатанласымыз, ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарий ҳәзиретлериниң руўхына және бир мәрте ҳүрмет-иззет көрсетпектемиз. Бухарий бабамыз Қураны кәримнен кейинги ең абырайлы дерек болған ҳәдислер китабын жаратып, пүткил ислам әлеминде даңққа ерискен уллы тулға болып есапланады. Муқаддес үлкемиз дүньяға мине усындай белгили илимпазды бергени менен ҳәр қанша мақтансақ, арзыйды.

Ел-журтымыздың пидәкерлик мийнети менен бүгин арзыў-нийетлеримиз әмелге асты. Бул бийтәкирар зыярат етиў орнын Имам Бухарий бабамыздың дүньяға белгили абырайына, жоқары статусына мүнәсип дәрежеде қурыўға миясар болдық. Мине, усындай теберик орын баршемизге мубәрек болсын, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев Имам Бухарий комплексинде жуўмақланған дөретиўшилик жумыслары ҳәм жаратылған шараятлар менен танысты.
Комплекс мәмлекетимиз басшысының басламасы менен уллы муҳаддис бабамыздың ислам дүньясында тутқан жоқары абырайы, үлкен потенциалына мүнәсип тәризде қайтадан қурылды. Зыяратшыларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратылды.
Атап айтқанда, комплекс жанында туризм орайы ашылды. Қапталындағы 15 гектар майданда заманагөй инфраструктура жаратылып, ықшам мийманханалар, хызмет көрсетиў ҳәм сервис орайлары қурылды. Соның ишинде, 1 төрт жулдызлы, 2 үш жулдызлы мийманхана, 22 176 орынлық шаңарақлық мийман үйлери ҳәм автомобиль туратуғын орын қурылған. Бул объектлер толық коммуникация тармақлары менен тәмийинленип, аймағында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған.

Нәтийжеде Имам Бухарий комплекси бурын бир күнде 12 мың зыяратшыға хызмет көрсеткен болса, ҳәзир күнине 65 мың зыяратшыны қабыл етиў қуўатлылығына ийе.
Комплекстиң өзи Самарқандтың, жаңа Өзбекстанның дүрданасы болып бой тикледи. Оның майданы 45 гектарды қурайды. 10 мың адамға мөлшерленген үлкен мешит, ҳәкимшилик имараты, 154 бағаналы миллий усылдағы саўлатлы әйўан қурылды.
Комплекс қурамында ең алдынғы мәлимлеме технологиялары тийкарында 9 павильоннан ибарат бийбаҳа инновациялық музей қурылды. Ол ислам дүньясында муҳаддислер султаны деп тән алынған Имам Бухарийдиң өмирин ҳәм илимий мийрасын, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлесин көрсетеди. Сондай-ақ, музейде Қураны кәримде атлары тилге алынған 25 пайғамбар тарийхы, Муҳаммед әлейҳиссаламның шежиреси, Мекке ҳәм Мадинадағы турмысы, ҳәдислердиң жыйнаўы ҳәм жазылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар жайластырылған.
Зыярат етиў орнында 14 көк гүмбез, 75 метрлик 4 минара оған уллы көринис бағышлап тур.

Мәмлекетимиз басшысы туризм орайы ҳәм мешитте жаратылған шараятларды көзден өткерди.
Ҳәммемизге белгили, бир ярым мың жыллық ислам тарийхын, илим-мәрипатын елимизден жетисип шыққан уллы илимпаз ҳәм уламалардың атларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Усы күнлерде рәсмий ашылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы да бул ҳақыйқатты және бир мәрте тастыйықлайды.
Пүткил мусылман әлеминде ҳәдис илими ҳаққында сөз болғанда, әлбетте, бизиң үлкемиз бириншилер қатарында тилге алынады. Себеби Имам Бухарий, Имам Термизий сыяқлы уллы ҳәдистаныўшы илимпазлар мине усы үлкениң перзентлери болып есапланады.
Атап айтқанда, Имам Бухарийдиң “Саҳиҳи Бухарий” китабы дүньяда тән алынған ең абырайлы алты ҳәдис китабының бири болып есапланады. Он жас ўақтынан баслап ҳәдис илимин үйренген илимпаз бабамыз 20 дан аслам шығарма жазған. Олар ҳәзирге шекем динимизди беккемлеў жолында ислам үмметине хызмет етип келмекте.
Президентимиз ҳәр сапары Самарқандқа келгенинде комплекстиң қурылыс процеси менен танысып, бул жер тек зыярат етиў емес, илим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм жетиклиги зыяратшылар, әсиресе, жасларға үлги болыўы керек екенин атап өткен еди.

– Бул бийтәкирар қурылыс жаңа Өзбекстанның кең имканиятларын айқын көрсетеди. Зыярат етиў орны халқымыз ушын, дүньядағы барлық мусылманлар ушын жақсылық ҳәм ағартыўшылық нурын тарататуғын теберик орынға айланады, деп исенемен. Бул дәргайды зыярат етип, оның руўхый орталығынан пайдаланған инсан, әсиресе, жаслар ислам дининиң тийкарғы мәнисин түсинип жетеди, дурыс жолдан адаспайды, – деди Президентимиз.
Соның ушын да Имам Бухарий комплексинде руўхый-ағартыўшылық жумысларды кеңнен жолға қойыў, оны ҳақыйқый тәрбия ҳәм ибрат мектебине айландырыў, бул жерде имам-хатиблер, мәҳәлле белсендилери ушын тәжирийбе арттырыў бағдарламаларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул жердеги барлық жумыслар жуўмақланғанын есапқа алып, жаңадан қурылған саўлатлы мешитте Ҳайыт намазын оқыў усыныс етилди, бул мөмин-мусылманларымыз, пүткил ел-халқымыздың кеўлиндеги ис, халқымызға мүнәсип Рамазан саўғасы болыўы керек екени атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары даўамында Имам Матуридий естелик комплексинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының қарарына муўапық, өткен жылы елимизде ақида илиминиң тийкарын салыўшы Әбиў Мансур Матуридийдиң туўылған күниниң 1155-жыллығы кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен Самарқанд қаласындағы Чокардиза қойымшылығы аймағында Имам Матуридий комплексин қайта оңлаў ҳәм абаданластырыўға кирисилген еди.
Ҳәзирги ўақытта комплекс ҳәм оның әтирапында қурылыс-абаданластырыў жумыслары даўам етпекте. Улыўма майданы 26 гектар болған аймақта Имам Матуридий комплекси қайта қурылып, 250 орынлық мешит, кириў пешайўаны, илимий орай, китапхана, музей ҳәм автомобиль туратуғын орын қурылмақта.
Сондай-ақ, қурылыс жумыслары процесинде Чокардиза қойымшылығында уллы фақиҳ Бурҳониддин Марғиноний жерленген орын да анықланып, бул жерде мавзолей қурылмақта.
Уламалар еске алынып, Қуран оқылды.
Мәмлекетимиз басшысы дөретиўшилик жумысларды көзден өткерип, бул жер дүнья мусылманлары умтылатуғын зыярат орынларынан бири екенин атап өтип, бул жерде олар ушын заман талапларына сай шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Комплекске келген адам бәринен бурын Имам Матуридий бабамыздың илимий-руўхый мийрасы, ислам дүньясында тутқан орны ҳаққында айқын түсиникке ийе болыўы, илимпаздыӊ ағартыўшылық көзқараслары бүгин де әҳмийетли екенин сезиўи керек, – деди Президент.
Қурылысты сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў, аймақта жасыл майданларды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласындағы Ҳәзирети Ҳизр комплексинде болып, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың мақбарасын зыярат етти.
Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди.
Бүгинги байрам күнлеринде уллы ата-бабаларымыз ҳәм бул дүньядан өткен жақынларымызды, олардың ийгиликли ислерин еслеў саўаплы әмеллерден екени атап өтилди.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның арнаўлы
хабаршылары