Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимдеги қутлықлаў сөзи

273

Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Пүткил дүнья нурға, гөззаллыққа толған усы гөззал мәўсимде жанажан үлкемизге шығысқа тән жаңа жыл – Наўрыз кирип келмекте.

Бүгин мисли еки үлкен дәрья тутаспақта – Наўрыз байрамын мүбәрек Рамазан ҳайыты менен бирге белгилеп атырмыз.

Тәбияттың ояныўы ҳәм руўхый пәклениўдиң тымсалы болған мине усындай қутлы әййямлар менен сизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Дүньяның алыс ҳәм жақын мәмлекетлеринде жумыс ислеп, билим алып атырған ўатанласларымызды да қутлықлап, оларға жақсы сәлем ҳәм тилеклеримизди билдиремен.

Байрам бәршемизге мүбәрек болсын!

Наўрыз байрамы елимизге тынышлық ҳәм бахыт алып келсин!

Әзиз дослар!

Бүгин бәҳәрди сағынған жүреклеримиз жаңа күн, жаңа өмир шадлығы менен жасамақта.

Аспаннан жаўын жаўып, дәрья ҳәм көллеримиз суўға толмақта. Бағларымыз, дала ҳәм қырларымыз от-шөплер менен қапланып, жылымыз берекетли болатуғынынан дерек бермекте.

Қала ҳәм аўылларымыз, ойпатлық ҳәм үлкелеримизде сейил-тамашалар басланбақта.

Жаңаланыў мәўсими болған Наўрыз күнлеринде халқымыздың улыўма миллий аўызбиршилиги, дөретиўшилик потенциалы және де айқын көринбекте.

Наўрыз қәдириятларына садық болып, миллети, тили, динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымызды, пүткил елимизди разы етиў жолындағы жумысларымыз жаңа басқышқа көтерилмекте. Быйылғы байрамды “Наўрызды улығлаў – инсанды улығлаў!”, деген шақырыўшы идея тийкарында өткерип атырғанымыз да буның және бир дәлили болып есапланады.

Биз барлық аймақларымызға, аўыл ҳәм мәҳәллелеримизге Жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў бойынша үлкен ҳәрекет басладық.

Жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў бағдарында да үлкен қәдемлер қоймақтамыз. Жаңадан-жаңа заманагөй кәрханалар, коммуникация тармақлары, ықшам турақ жайлар, билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылмақта.

Келешекте бундай қурылыслардың көлемин және де кеңейтемиз.

Усы пайызлы таңда мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримизге бәршемиз жоқары ҳүрмет-иззет билдиремиз.

Сиз, әзизлердиң елимиз дастурханын және де мол ҳәм абадан етиўдей ийгиликли ислериңизде табыс ҳәм әўметлер тилеймиз. Себеби, сизлердиң уллы мийнетиңиз бенен халқымыздың ырысқы-несийбеси пүтин болады. Бул бағдарда мәмлекетимиз, жәмийетимиз сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлайды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Жаңа Өзбекстан елимиз жаслары ушын жоқары пәрўазлар, үлкен-үлкен жеңислер майданына айланып бармақта. Жақында жасларымыз бенен ушырасып, оған және бир мәрте исеним пайда еттим. Ҳәр бир бағдарда – билимлендириў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, IТ ҳәм бизнес тараўларында жаңа атамалар, жаңа қаҳарманлар пайда болмақта. Мине, усындай билимли, күш-ғайратлы ҳәм излениўшең ул-қызларымыз бенен бәршемиз ҳақылы түрде мақтанамыз.

Әзиз перзентлерим, бүгин Үшинши Ренессанстың дөретиўшилери болыўдай үлкен бахыт ҳәм жоқары мәртебе сизлерге несип етпекте. Қаншадан-қанша ата-бабаларымыз умтылып жасаған бул уллы әрманды әлбетте, сизлер әмелге асыра аласыз.

Бүгинги тыныш ҳәм парахат турмыстың, жаратылған үлкен имканиятларды, ата-аналарыңыз, устаз-тәрбияшыларыӊыздыӊ мийнетин қәдирлеп, тынымсыз оқып-үйренсеңиз, билим ҳәм шеберлигиңизди бәрқулла арттырып барсаңыз – келешек әлбетте сизики.

Бул жолда сизлерге, пүткил Өзбекстан жасларына және қандай шараят зәрүр болса, барлығын жаратып бериўге таярмыз.

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын деп жасасаңыз – Ўатан ҳәм халық та сизди қәдирлеп, басына көтереди!

Жаңа Өзбекстанның алтын әўлады болып, оның жеңис байрағын бәлент көтериўден ҳеш қашан тоқтамаң, әзиз перзентлерим!

Қәдирли ўатанласлар!

Мәҳәлле дегенде, көз алдымызда бәринен бурын ана журтымыздың гөззал тымсалы көринеди. Биз Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылында жақсы нийет пенен үлкен бағдарлама ҳәм режелерди әмелге асырмақтамыз.

Бул жумысларда шаңарақ ҳәм жәмийетте тынышлық-татыўлық, өз-ара мийрим-шәпәәтти беккемлеў, социаллық машқалаларды орнында шешиў, жақсылық ҳәм әдилликти енгизиў ушын көпти көрген ата ҳәм аналарымыз, “мәҳәлле жетилиги”, белсенди пуқараларымыз жақыннан қатнасады, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, ертең белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен жанкүйер мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилерин, барлық ўатанласларымызды шын жүректен қутлықлап, оларға жаңа табыслар тилеймен.

Ҳүрметли дослар!

Мың жыллар даўамында халықлар арасында руўхый көпир болып киятырған Наўрыздың тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў идеялары бүгинги тыныш емес заманда және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Елимизде жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бул байрамды биргеликте, қуўаныш пенен белгилемекте. Мине, усындай татыўлық ҳәм аўызбиршилик Жаңа Өзбекстанымызды биргеликте қурыўдың ең исенимли кепили болып есапланады.

Биз жәмийетимизде миллетлер ҳәм динлераралық татыўлықты буннан былай да беккемлеў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Бул бағдарда қоңсы ҳәм туўысқан мәмлекетлер менен бирге, бирден-бир Орайлық Азия даўысы болып, регионымыздың тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў мәканы сыпатындағы абырайын арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратамыз.

Пурсаттан пайдаланып, дөгерегимизде қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин Халықаралық Наўрыз күни менен қызғын қутлықлап, олардың үлкелери ҳәм халықларына қызғын қутлықлаўларымызды жоллаймыз.

Қәдирли дослар!

Мине усы гөззал демлерде бәршеңизге, пүткил ел-халқымызға мүрәжат етип айтпақшыман.

Әзизлер, қараң, қандай гөззал елимиз, қандай сақаўатлы жеримиз, бийтәкирар тәбиятымыз бар!

Бул бийбаҳа байлықларды мың жыллар даўамында қәстерлеп сақлап киятырған мийнеткеш, ақ кеўил ҳәм уллы мәртебели халқымыз бар.

Қудай бизге инам еткен жер-суўымызды, барлық имканиятларымызды қәдирлеп, олардан ақылға уғрас пайдалансақ, бир байлығымызға, әлбетте, он байлық қосылады.

Соның ушын әзелий дәстүрлеримизди даўам еттирип, нәл егип, бағ жаратайық, үйимизди, мәҳәллемизди абат етип, турмысымызды және де гөззал ҳәм абадан етейик!

Жақсы қоңсышылық, татыўлық пенен, ийгиликли ҳәм саўаплы ислеримиз бенен кеңпейил ел, өз мийнетимиз бенен бахыт ҳәм абырай табып атырған халық екенимизди дүньяға көрсетейик!

Ул-қызларымыз заманагөй билим, тил ҳәм кәсиплерди ийелеп, бәркамал әўлад болып қатарымызға қосылсын!

Бирден-бир Ўатан, бирден-бир халық болып, жаңа өмир, жаңа тарийх, жаңа келешек жаратайық!

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Сиз, қәдирданларымды, пүткил халқымызды Наўрыз байрамы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Жаңа Өзбекстан Наўрызы – раўажланыў дәўири халқымызға раўажланыў ҳәм абаданлық бағышласын!

Барлық пәк нийетлеримиз әмелге ассын!

Жаратқан Ийемиз жанажан Ўатанымызды өз панасында сақласын!

Жаңа күн, жаңа бахыт бәршемизге мүбәрек болсын!