Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында жаслар менен ушырасты

Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхый раўажланыў жолынан белгили болғанындай, елдиң жедел раўажланыўы, белгили бир жетискенликлерге ерисиўи, халықтың абаданлығы сол мәмлекетте жаслардың тәлим-тәрбиясына ҳәм келешегине берилетуғын итибар дәрежесине тығыз байланыслы. Усы мәнисте, Өзбекстанда жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Жақында Президентимиздиң жаслар менен болған сөйлесиўи елимиз жаслары турмысында үлкен тарийхый ўақыя болды. Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде елимиздеги 22 миллионнан аслам жасларымыз оғада үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күш екенин атап өтти. Президентимиздиң тапсырмасы менен мәмлекетимизде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жаслар күни” етип белгиленип, олардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, машқалаларын өз ўақтында шешиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мине усы ийгиликли баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етти.

Ушырасыў даўамында жаслар да белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған мәселелер, машқала ҳәм усынысларын ашық ҳәм еркин түрде билдирди.
Онда жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлер алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер көтерилип, оларды унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги