Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери телефон арқалы сөйлести

85

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-март күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Товар алмасыў турақлы артып баратырғаны, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда биргеликтеги кооперациялық жойбарлар алға қойылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер, сондай-ақ, Жақын Шығыстағы жағдайды додалады. Оның және де кескинлесиўи кең регион ушын алдыннан айтып болмайтуғын ақыбетлерге, жәҳән экономикасының рецессиясына алып келиўи мүмкин екенлиги, жағдайды тек ғана сиясий-дипломатиялық қураллар менен тез пурсатта жумсартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режеси де көрип шығылды.

ӨзА