Өзбекстан халқына Рамазан ҳайыты қутлықлаўы

76

Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат әййямы – муқаддес Рамазан ҳайыты менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Усы қуўанышлы демлерде бәршемизди мине усындай пайызлы ҳәм бахытлы күнлерге жеткергени ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтамыз.

Соңғы жылларда қәлиплескен дәстүримизге муўапық, мәмлекетимизде Рамазан айын мүнәсип өткериў бойынша быйыл да сизлер менен, халқымыз бенен биргеликте көплеген ийгиликли жумысларды әмелге асырдық.

Бәринен бурын, арнаўлы қарар тийкарында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде кейинги 35 жылда биринши мәрте 1 триллион сум қаржы ажыратылып, мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, наўқасларға зәрүр медициналық жәрдем көрсетиў сыяқлы ийгиликли жумысларға жумсалғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, 450 миллиард сум 600 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңараққа материаллық жәрдем сыпатында қаратылды. Буннан тысқары, социаллық реестрде емлениўи режелестирилген 6 мың наўқасқа медициналық жәрдем көрсетилмекте, соның ишинде, аўыр наўқаслар операция жолы менен емленбекте.

Сондай-ақ, халыққа 100 мың дана Рамазан саўғалары тарқатылды. “Рамазан саўғасы” жойбары шеңберинде болса жәрдемге мүтәж шаңарақлар, “Мүриўбет” ҳәм “Сақаўат” үйлеринде жасаўшылар ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыз ушын 30 мыңнан аслам ифтарлық илажлары өткерилди.

Бундай уллы ислер муқаддес динимиздиң адамгершилик мәнисине үнлес болып, инсан қәдирин жоқарылатыўға қаратылған реформаларымыздың үлкен әмелий нәтийжелери сыпатында бәршемизди қуўандырады.

Әзиз дослар!

Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстан өз раўажланыўының және де әҳмийетли басқышына қәдем қоймақта. Кең көлемли жаңаланыў процесслери себепли турмысымыздың барлық тараў ҳәм тармақларында өсиў ҳәм раўажланыў пәтлери артып бармақта. Диний-ағартыўшылық тараўды раўажландырыў, ислам цивилизациясының бай мийрасын терең үйрениў ҳәм оны кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул ҳаққында сөз болғанда, өткен жылы Бухара қаласында суфизм тәлийматының жарқын ғайраткери, уллы әўлийе бабамыз Баҳаўаддин Нақшбанд ҳәзиретлери атындағы илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилгенин еске алыў орынлы.

Быйыл болса, мине усы қутлы ҳәм мүбәрек күнлерде Ташкент қаласында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының, Самарқанд ўәлаятында Имам Бухарий естелик комплексиниң ашылыўы халқымызға өзине тән Рамазан саўғасы болды.

Бундай ийгиликли жумысларымыздың даўамы сыпатында калом илиминиң султаны Имам Мотуридийдиң Самарқанд қаласындағы комплекси жаңадан қурылмақта. Ташкент қаласында болса жақын күнлерде Халықаралық кеңпейиллик ҳәм динлераралық қарым-қатнас орайының жумысын жолға қоямыз. Бул орай Ўатанымыздың миллетлер ҳәм динлераралық қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў, тынышлық ҳәм дослық ели сыпатындағы абырайын арттырыўға хызмет етеди, деп исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Дүньядағы ҳәзирги оғада қыйын жағдайда шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде, пүткил елимизде тынышлық, абаданлық орталығын сақлаў, жасларымызды жат ҳәм бузғыншы идеялар тәсиринен сақлаў оғада әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалмақта.

Биз бул бағдарда үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған ҳүрметли ата ҳәм аналарымызға, жанкүйер аға-ини ҳәм апа-қарындасларымызға, ҳүрметли зыялылар ҳәм уламаларымызға, мәҳәлле белсендилери ҳәм интакер жасларымызға сүйенемиз.

Усы уллы әййям күнлеринде дүньяның түрли аймақларындағы урыс ҳәм келиспеўшиликлер тезирек сапластырылып, барлық халықлар тынышлық ҳәм турақлылықта жасаўын тилеп қаламыз.

Пурсаттан пайдаланып, дүньяның алыс ҳәм жақын мәмлекетлериндеги мусылман досларымызды қутлықлап, қызғын сәлем ҳәм тилеклеримизди жоллаймыз.

Сырт елде байрам кейпияты менен жасап атырған ўатанласларымызды да шын жүректен қутлықлап, олардың жумыслары ҳәм оқыўларына табыслар тилеймиз.

Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Аллаҳ тааланың мийрими жаўып турған бул қутлы демлерде сиз, әзизлерди Ийд ал-Фитр байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет тилеймен.

Рамазан айында тутқан оразаларымыз, ислеген ийгиликли әмеллеримиз қабыл болсын!

Жаратқанның өзи елимизди өз панасында сақласын!

Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти