15-22-октябрь күнлери Өзбекстан миллий университети басшыларының мирәт етиўине бола Шығыс Каролина университети (АҚШ) Биохимия ҳәм биофизика профессоры, 2015-жылғы Нобель сыйлығының ийеси Азиз Санжар Өзбекстанға сапар етип келеди.

Сапар етиў даўамында профессор Азиз Санжар бир қатар илажларда қатнасып, молекуляр биология тараўында жумыс ислеп атырған қәнигелеримиз бенен тәжирийбе алмасады ҳәм республикамыздың жас илимпазларын инновациялық илимий-изертлеў жумысы менен кеңнен шуғылланыўда өз тәжирийбелерин бөлиседи.

Сондай-ақ, Өзбекстан миллий университетинде «Азиз Санжар: шексиз билим ишинде өткен өмир» дап аталған халықаралық илимий әнжуман өткерилиўи режелестирилген. Профессор билим алыўшыларға ҳәм изертлеўшилерге «ДНКның тиклениўи, рак ҳәм химиялық емлеў» атамасында онлайн баянат өтеди. Бул баянат республиканың барлық ҒХҚларының видеоконференция студияларында трансляция етиледи.

Әнжуманда республикамыздан ҳәм сырт еллерден жетекши илимпазлар, Өзбекстан Илимлер академиясы, министрликлер ҳәм елшиханалардың ўәкиллери қатнасады.

ӨзА