Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине муўапық 8-9-октябрь күнлери рәсмий сапар менен усы елде болды.

Сапардың тийкарғы ўақыялары 9-октябрь күни болып өтти.

Париж қаласындағы Даңқ майданында Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Францияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Шавкат Мирзиёев әскерий оркестр сазлары астында ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтти.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Франция Республикасы Президентиниң Елисей сарайына жол алды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эммануэль Макронның сөйлесиўинде Өзбекстан-Франция қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Президентимиз елимиз делегациясына көрсетилген миймандослық ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан исенимли ҳәм узақ мүддетли шерик болған Франция менен бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратып атырғанын айрықша атап өтти. Франция мәмлекетимиз басшысы рәсмий сапар менен келген Европадағы биринши ел екенин атап өтип, он бесинши әсирдиң басында уллы Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм Франция патшасы Карл VI дәўиринен берли даўам етип киятырған дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним еллеримизди байланыстырып атырғанына итибар қаратты.

Эммануэль Макрон мәмлекетимиз басшысы менен Парижде ушырасып турғанынан қуўанышлы екенлигин билдирип, Өзбекстанда алып барылып атырған дана сиясат, кең көлемли реформалар тек ғана халықтың абаданлығын арттырыў, елдиң жетекши мәмлекетлердиң қатарына кириўи емес, ал Орайлық Азияда тынышлықты ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Еки мәмлекеттиң халықаралық ҳәм регионаллық машқалаларды шешиўге байланыслы көқараслары жақын ямаса сай екени атап өтилди.

Өзбекстанның Орайлық Азияда турақлылылқты ҳәм қәўипсизликти беккемлеў, регион мәмлекетлериниң избе-из раўажланыўға ерисиўи мақсетинде өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўда әҳмийетли  орын тутатуғыны айрықша атап өтилди.

Мәмлекет басшылары регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин раўажландырыў, қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Регионда тынышлықты ҳәм абаданлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти сыпатында Аўғанстандағы жағдайды турақластырыў зәрүрлиги және бир мәрте атап өтилди. Онда алдыннан ҳеш қандай шәрт  қоймастан тиккелей сиясий пикирлесиўди жолға қойыў бул машқаланы шешиўдиң бирден-бир жолы екенине итибар қаратылды.

Кейинги жыллары сиясий пикирлесиўдиң жеделлескени ҳәм буннан былай да турақлы болыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳүкиметлер ҳәм министрликлер дәрежесинде турақлы пикирлесиў әмелге асырылмақта. Сыртқы сиясий уйымлар арасында сиясий кеңеслер өткерилмекте. Парламентлераралық байланыслар избе-из раўажланбақта.

Ушырасыўда саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика, технологиялар, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Франция ҳүкиметлераралық комиссия жумысына унамлы баҳа берилди. Өз-ара саўда көлемин көбейтиў, экономиканың түрли тараўларында перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге муўапық, өз-ара саўдада ең көп қолайлылық жаратыў тәртиби орнатылған, Еки тәреплеме салық салыўға жол қоймаў ҳаққында конвенцияға ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.

Сөйлесиўлерде еллеримиз арасындағы өз-ара саўда көлеми бар имканият ҳәм потенциалға сай емеслиги атап өтилди. Сол мүнәсибет пенен Өзбекстанның тийисли министрликлери менен уйымлары тәрепинен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки , «МЕДЕФ» Франция исбилерменлер ҳәрекети биргеликте шөлкемлестирилген бизнес-форумда Европаның алдыңғы тәжирийбеси, билими ҳәм технологиялары тийкарында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Атап айтқанда, Франция раўажланыў агентлиги менен улыўмалық нырқы дерлик 600 миллион евро болған инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Францияның «Эйрбас», «Тоталь», «Винчи», «Орано», «Тоталь Эрен», «Веолия», «Фивс Штейн», «Буиг», «Ранжис» ҳәм басқа да көплеген компаниялары менен биргеликте жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Еллеримиз арасында мәдений-гуманитарлық байланыслар да избе-из раўажланбақта. Ушырасыўда оған айрықша итибар қаратыып, мәденият ҳәм көркем өнер, туризм, илим ҳәм техника, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, археология тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўдиң анық бағдарлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанға келип атырған франциялы туристлер ушын визасыз тәртиптиң енгизилгени ҳәм Франция бул бойынша Европаның биринши ели болғанын атап өтти.

Елимизде француз тилин үйрениўге қызығыўшылар көп. Жақында Ташкентте Француз тили  ҳәм мәденияты орайы шөлкемлестирилди.

Экономика, инженерлик, аўыл хожалығы, туризм сыяқлы тараўларда қәнигелер таярлаў бойынша Өзбекстанда Францияның жетекши университетлериниң филиалларын ашыў бағдарында келисимлерге ерисилди.

Елимиз тарийхы ҳәм мәденияты халықаралық жәмийетшиликте, соның ишинде, Франция илимий шеңберлеринде барқулла үлкен қызығыўшылық оятып келген. Сапар даўамында елимиз тарийхын ҳәм мәдениятын үйрениўге мүнәсип үлес қосқан Францияның белгили әдебият ҳәм илим ғайраткерлери-жазыўшы Амин Маалуф, илимпазлар Фредерик  Бопертюи-Брессан ханым ҳәм Франц Гренега Самарқанд қаласының ҳүрметли пуқарасы атағы берилди.

Елимиздиң тарийхый ҳәм мәдений мийрасына үлкен қызығыўшылықты есапқа алған ҳалда, 2021-жылы Лувр музейинде Өзбекстан  тарийхына бағышланған көргизбени өткериў ҳаққында келисимге ерисилди. Бул илаж дүньяға белгили музейде Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамындағы еллерден бирине бағышлап өткерилетуғын биринши көргизбе болады.

Сапар шеңберинде автомобиль транспортында халықаралық жолаўшы ҳәм жүк тасыў, туризм тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимлер, Франция   раўажланыў агентлиги менен 2018-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында келисимге қол қойылды.

Сондай-ақ, 2019-2020-жыллары сыртқы ислер министрликлери арасында бирге ислесиў бағдарламасы, Өзбекстан  Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Франция экология, турақлы раўажланыў ҳәм энергетика министрлиги арасында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўында бирге ислесиў, еки елдиң ишки ислер, мәденият министрликлери, Өзбекстан  Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм Лувр музейи арасында бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы сыяқлы ҳүкиметлераралық ҳәм уйымларалық жәми 10 ҳүжжет қабыл етилди.

Сөйлесиўлер соңында қол қойылған ҳүжжетлер өз-ара алмасылды.

Мәмлекет басышыларының нәтийжели сөйлесиўлериниң жуўмағында ерисилген нәтийжелер Өзбекстан менен Франция өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге, оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўға таяр екениниң айқын дәлийли болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Лувр музейине барды.

Лувр-дүньядағы ең белгили музейлерден бири, Францияның өзине тән «мирәт қағазы» болып есапланады. Ол көркем коллекциясы бойынша дүньяда биринши, майданы бойынша екинши орында турады. Бул музейге ҳәр жылы дерлик 10 миллион турист келеди.

Музей имараты 1190-жылы Франция Патшасы Филипп-Август тәрепинен қорған сыпатында қурылған. Лувр сөзи усы қорғаныў қорғаны атынан алынған. Ол бир неше әсир даўамында Франция патшаларының резиденциясы болған. Кейин ала Версаль сарайы қурылғаннан соң,   1793-жылы музейге айландырылған.

Лувр музейинде 300 мыңнан аслам экспонат сақланады. Олардың ең әййемгиси эрамыздан бурынғы 7-әсирге тийисли болып табылады. Музей залларында олардың тек ғана 35 мыңы көрсетиледи. «Венера Милоская» естелиги ҳәм Хаммурапи нызамлары, Леонардо да Винчидиң «Джоконда» ҳәм Ян Вермеердиң «Шебер қыз» картиналары олардың арасында ең белгилиси.

Музей экспонатлары 6 коллекцияға ажыратылған. Тек Шығыс коллекциясының өзи 24 залды ийелеген. Ол жерде бизиң елимиздиң тарийхына да байланыслы мыңлаған затлар бар. Соның ишинде, Әмир Темурдың Карл VI ға жазған хаты, Ахмет Яссаўий мақбарасы ушын Саҳыпқыран тәрепинен соқтырылған шам ҳәстеси, әййемги қурал-жарақлар, битиклер ҳәм басқа да естеликлер уллы өтмиштен сөйлейди.

Мәмлекетимиз басшысы музей экспонатларын тамаша етти ҳәм олардың тарийхы менен қызықты. Бул жерде сақланып атырған тарийхый мийрасымыздың үлгилери халқымыз ушын оғада қәдирли ҳәм әҳмийетли екенин атап өтти. Өзбекстан ҳәм Франция музейлери биргеликте көргизбелер шөлкемлестириў, археолог ҳәм тарийхшы илимпазлардың илимий бирге ислесиўин кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға рәсмий сапары өз жуўмағына жетти.

Абу Бакр Ўрозов,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Париж-Ташкент.