Имам Бухарий руўхына ҳүрмет көрсетилди

Президент Шавкат Мирзиёев 19-март күни Самарқанд ўәлаяты Пайариқ районында қайтадан қурылған Имам Бухарий комплексине барды.
Зыярат етиў орайының дәл ортасында уллы ҳәдистаныўшы бабамыздың теберик мақбарасы орын алған.
Мәмлекетимиз басшысы мақбараны зыярат етти. Қуран оқылып, пәтия етилди.
– Мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында уллы ўатанласымыз, ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарий ҳәзиретлериниң руўхына және бир мәрте ҳүрмет-иззет көрсетпектемиз. Бухарий бабамыз Қураны кәримнен кейинги ең абырайлы дерек болған ҳәдислер китабын жаратып, пүткил ислам әлеминде даңққа ерискен уллы тулға болып есапланады. Муқаддес жеримиз дүньяға мине усындай белгили илимпазды бергени менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
Ел-журтымыздың пидәкерлик мийнети менен бүгин арзыў-ниетлеримиз әмелге асты. Бул бийтәкирар зыярат етиў орнын Имам Бухарий бабамыздың дүньяға белгили абырайына, жоқары статусына мүнәсип дәрежеде қурыўға миясар болдық. Мине, усындай теберик орын баршемизге мубәрек болсын, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА