Имам Матуридий комплекси жаңа көриниске ийе болмақта

231

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқандқа сапарының екинши күни Имам Мотуридий естелик комплексинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының қарарына муўапық, өткен жылы елимизде ақида илиминиң тийкарын салыўшы Абу Мансур Мотуридийдиң туўылған күниниң 1155-жыллығы кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен Самарқанд қаласындағы Чокардиза қойымшылығы аймағында Имам Мотуридий комплексин қайта оңлаў ҳәм абаданластырыўға кирисилген еди.

Ҳәзирги ўақытта комплекс ҳәм оның әтирапында қурылыс-абаданластырыў жумыслары даўам етпекте. Улыўма майданы 26 гектар болған аймақта Имам Мотуридий комплекси қайта қурылып, 250 орынлық мешит, кириў пешайўаны, илимий орай, китапхана, музей ҳәм автомобиль туратуғын орын қурылмақта.

Сондай-ақ, қурылыс жумыслары процесинде Чокардиза қойымшылығында уллы фақиҳ Бурҳониддин Марғиноний жерленген орын да анықланып, бул жерде мавзолей қурылмақта.

Уламалар еске алынып, Қуран оқылды.

Мәмлекетимиз басшысы дөретиўшилик жумысларды көзден өткерип, бул жер дүнья мусылманлары умтылатуғын зыярат орынларынан бири екенин атап өтип, бул жерде олар ушын заман талапларына сай шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Комплекске келген адам бәринен бурын Имам Матуридий бабамыздың илимий-руўхый мийрасы, ислам дүньясында тутқан орны ҳаққында айқын түсиникке ийе болыўы, илимпаздыӊ ағартыўшылық көзқараслары бүгин де әҳмийетли екенин сезиўи керек, – деди Президент.

Қурылысты сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў, аймақта жасыл майданларды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА