Бүгинги талап кешеги көзқараслар менен шекленип қалмаўды талап етеди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарлар менен танысыў ҳәм жаңаларын иске қосыў, ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша гезектеги тийкарғы ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 18-март күни Самарқандқа келди.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапарын Самарқанд қаласындағы Жаслар креатив парки менен танысыўдан баслады.
Бүгинги күнде қала кеңейип, ири мегаполиске айланып бармақта. Соңғы жыллары бул жерде жаңа турақ жайлар, социаллық тараў объектлери шөлкемлестирилди, халықтың саны бираз артты. Бундай шараятта қалада жасыл майданларды көбейтиў, жаңа бағ ҳәм қыябанлар, халықтың дем алыў орынларын жаратыўға талап артатуғыны тәбийий.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ўәлаятта ҳәр жылы 16 миллион түптен аслам терек нәллери егилмекте. Усы жылдың бәҳәрги мәўсиминде де 6,3 миллион түп мийўели ҳәм саяманлы терек, пута нәллерин егиў режелестирилип, ҳәзирги ўақытта ўәлаяттың барлық аймақларында бул процесс даўам етпекте.
Өзбекстан көшесинде жайласқан бурынғы әскерий госпиталь орнындағы 5,4 гектар майданда 70 миллиард сумнан аслам қәўендерлик қаржылары есабынан Жаслар креатив парки шөлкемлестирилди.
Бул жерде мәдений мийрас объектлери дизимине алынған 5 имарат ҳәм объект болып, енди олардан жаслар ушын заманагөй ҳәм санлы китапхана, көп тармақлы оқыў орайы, креатив дөгереклер, жасалма интеллект, 3D модельлестириў, робототехника ҳәм киберспорт ойынлары орайлары сыпатында пайдаланылады. Мәлимлеме-ресурс орайы, спорт заллары, жер асты экомузейи шөлкемлестирилди.
Жаслар креатив парки, әсиресе, жигит-қызлар ушын тек ғана дем алыў орны емес, ал мәлимлеме технологиялары тараўы ҳәм спорт пенен шуғылланыў, стартап жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы орын болады.
Ўәлаят шахмат федерациясы да жаңа бағда жайласқан. Федерация тәрепинен бул жерде оқыў-шынығыў жыйынлары, жарыслар өткериў имканияты бар.
Бағда балалар аттракционлары, фитнес заллары, стол тенниси залы, теннис кортлары, воркаут ҳәм мини гольф майданлары қурылған. Аймақта Нураныйлар мәсканы, оннан аслам әйўанлар қурылған.
Президентимиз дәслеп “Profi deutsch” немис тилин оқытыў ҳәм имтихан орайының жумысы менен танысты.
Бул жойбардың әҳмийетли тәрепи “Telc” имтихан орайы Орайлық Азияда биринши мәрте Самарқанд қаласында жумыс баслап атыр. Орайда жаслар немис тилин үйренип, халықаралық “Telc” сертификатын алады. Сертификат ийелери Германияда дуал кәсиплик билимлендириўде оқыўын даўам еттиреди, бәнтлиги тәмийинленеди. Усы жылы бундай имтихан орайын мәмлекетимиздиң және бес аймағында ашыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысына “Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары” жойбары бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Жойбар шеңберинде 8-11-класс оқыўшыларына санлы технологиялар ҳәм шет тиллер терең үйретиледи. Оқыўды табыслы жуўмақлағанларға арнаўлы сертификат бериледи.
Сондай-ақ, “Алоқа банк” ҳәм Миллий банк мәсләҳәт орайының исбилерменлик жумысын баслап атырған жасларға жеңиллетилген кредит ажыратыў, стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслары, Жаслар ислери агентлигиниң “Ибрат перзентлери,” “Мутолаа,” “Қызлар академиясы” жойбарлары менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сөйлести, олардың жойбарлары менен танысты. Соның ишинде, “Zamin” халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған “Eco-schools Uzbekistan” жойбарында қатнасып атырған жас экобелсендилер 2026-жыл ушын режелери ҳаққында айтып берди.

– Жаңа Өзбекстанда жоқары технологиялы өндирис кәрханаларын қурып атырмыз, жоқары дәраматлы жумыс орынлары ашылмақта. Биз буны сизлерге – билимли жасларға исенип ислеп атырмыз. Оның ушын ҳәр бир минутыңыз келешегиңиз ушын хызмет етсин, достыңыз китап болсын. Қандай да бир билимди терең ийелеў ҳәм дурыс жолды табыў ушын инсанға дыққат, сабыр-тақат, қызығыўшылық керек. Мине усы ықласыңыз сөнбесин. Сизлер берип атырған усыныслар бизиң реформаларымыз идеясына сай, мен ҳәр қандай усыныс ҳәм басламаларыңызды қоллап-қуўатлаўға таярман, – деди Президентимиз.
Самарқанд қаласында бундай заманагөй билимлендириў ҳәм дем алыў орынларын көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында жәмийетлик транспорт ушын алып келинген заманагөй электробуслар ҳәм қуўатлаў станциясының жумысы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 16-февральда қабыл етилген “Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аймақларда да автотранспорт хызметлери жақсыланып, жәмийетлик транспорт жөнелислери кеңейтилмекте.

Онда автобус парклерин заманагөй талаплар тийкарында модернизациялаў, жөнелислер бойлап экологиялық таза автотранспорт қатнаўын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.
Әне усы мақсетлерде Самарқанд қаласына биринши басқышта 49 миллион доллар есабынан 100 заманагөй электробус алып келинди. “Yutong” маркалы бул электробуслар 30 орынлық болып, улыўма сыйымлылығы 75 жолаўшыдан ибарат.
Жаңа электробуслар ушын 4 гектарға шамалас майданда автосарай шөлкемлестирилген. Бул жердеги электробусларды қуўатлаў станциясында бир ўақыттың өзинде 50 жәмийетлик транспортқа хызмет көрсетиў имканияты жаратылды.

Электробуслар ушын қурылған жабық стоянкада техникалық хызмет көрсетиў ушын мобиль оңлаў техникасы да бар. Электробуслар қаланың 9 жөнелисинде брутто-шәртнама тийкарында ҳәрекетленип, күнине 70 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетпекте.
Жойбардың екинши басқышында болса және 250 электробус сатып алыў нәзерде тутылған. Оның ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен 120 миллион доллар қаржы тартыў режелестирилген. Нәтийжеде жанылғы жумсалыўы 32 мың литр, зыянлы газлер муғдары 27 тоннаға азаяды.
Бүгинги күнде автосарайда 265 хызметкер мийнет етпекте. Жаңа электробуслардың алып келиниўи процесинде болса және 500 ден аслам жумыс орны жаратылады.
Президентимиз жаңа автобусларды көзден өткерди.
– Бул тараўдың экономикалық турақлылығын арттырыў ушын электробусларға хызмет көрсететуғын, оларды оңлайтуғын қәнигелерди таярлаў бойынша Самарқанд тәжирийбесин жаратыўымыз керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жердиң өзинде Самарқанд қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде, автобуслар ҳәрекетин басқарыў процесслерин санластырыў бойынша презентация өткерилди.
Президентимиз сапар даўамында усы аймаққа тутас болған Гагарин ҳәм Рудакий көшелериниң кесилиспесинде қурылған жол өткелин де көзден өткерди.
Узынлығы 600 метр болған туннель 12 миллион доллар есабынан қурылған, бир күнде орташа 50 мың транспорт қуралын өткериўи мүмкин.
Көше бойларына электрон түрде басқарылатуғын түнги жақтыландырыў системасы, жер асты пиядалар жолы қурылған.
Туннель Қытай ҳәм Түркия қурылыс компаниялары менен биргеликте қурылды. Дийўаллары заманагөй қурылыс технологиясынан пайдаланған ҳалда бураўлаў усылы арқалы қурылды.

Итибарлысы, қурылыс процесслери транспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылмаған ҳалда алып барылды. Аймақ көклемзарластырылып, саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Президент Шавкат Мирзиёев жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте елимизге алып келинген жаңа “Hyundai Rotem” жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездында Самарқанд қаласынан Нарпай районына келди.
Уллы сәркарда Жалолиддин Мангуберди аты менен аталған бул поезд мәмлекетимизге жеткерилиўи режелестирилген алты “Hyundai Rotem” поездларының бириншиси болып есапланады. Поезд жети вагоннан ибарат, саатына 260 километрге шекем тезликте ҳәрекетлене алады.
Айналары қарайтылған ақ реңли қурам Өзбекстан байрағын еслетиўши көк, жасыл ҳәм қызыл реңли сызықлар және “Жалолиддин Мангуберди” жазыўына ийе. Поездың узынлығы 175 метрди, сыйымы болса үш – ВИП, бизнес ҳәм эконом категорияларында 390 ға шамалас жолаўшыны қурайды.
Поезд Өзбекстан климаты ушын арнаўлы ислеп шығылған болып, шаңға, жүдә жоқары ҳәм жүдә төмен температураларға және қум боранларына шыдамлы системалар менен үскенеленген, узақ аралықларға мөлшерленген.
Жақын арада “Жалолиддин Мангуберди” поезды Ташкент – Үргенш – Хийўа жөнелиси бойлап қатнай баслайды. Қатнаў ўақты 7 саатты қурайтуғыны күтилмекте.

Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттың белсендилери, мийнет ветеранлары ҳәм алдынғы жаслар менен қызғын сәўбетлести.
Елимизде болып атырған кең көлемли өзгерислер, барған сайын көбейип атырған ири жойбарлар, адамлардың абаданлығы ҳәм қолайлығы ушын әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар ҳаққында пикир алысылды.
Нарпайға келгеннен соң, Президентимиз гидропоника усылында шөлкемлестирилген қулпынайшылық ыссыханасының жумысы менен танысты.

Самарқандта әзелден дийқаншылық мәденияты раўажланған. Жер ҳәм суўдан үнемли пайдаланыў бойынша тәжирийбе үлкен. Нарпай районында да ҳәр бир қарыс жер майданы ҳәм бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, алдынғы агротехнологияларды енгизиўге итибар артып бармақта.
Бүгин гидропоника усылында өним жетистириў әмелиятына талап үлкен. “Нарпай қулпынай” кәрханасы мине усындай инновациялық қатнасты әмелиятқа енгизип, жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисип атырған алдынғы исбилерменлик субъектлеринен бири болып есапланады.
Жойбардың улыўма баҳасы 650 мың долларды қурап, бир гектар майданда заманагөй ыссыхана қурылған. Бул ыссыханада жылына 50 тонна қулпынай жетистириў имканияты бар.
Ҳәзирги ўақытта кәрхана “Нарпай қулпынайлары” бренди астында өнимлерин жергиликли ири саўда тармақларына жеткерип бермекте. Бул болса ишки базарды сапалы ҳәм экологиялық таза өнимлер менен тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Гидропоника технологиясы тийкарында қулпынай топырақсыз, арнаўлы азықлық еритпелер жәрдеминде тәрбияланады. Өсимлик тамырлары жерде емес, ал суўды жақсы өткизетуғын кокос қабығы орталығында раўажланады. Бунда қулпынай керекли минерал затларды тиккелей суў арқалы қабыл етеди. Бул болса өсимликтиң энергия жумсалыўын азайтып, өсиў процесин тезлестиреди. Өнимдарлық дәстүрий усылларға қарағанда бир неше есе жоқары болады.
Соның менен бирге, гидропоника технологиясы киши майданда үлкен көлемдеги өним жетистириў имканиятын жаратады. Ең әҳмийетлиси, топырақтан пайдаланылмаўы себепли суўдың жумсалыўы 80 процентке шекем азаяды. Өсимлик кеселликлери қәўпи төмен болғаны себепли химиялық қураллардан пайдаланыў минимал дәрежеге түсириледи. Бул болса өнимниң экологиялық тазалығын тәмийинлеўге хызмет етеди ҳәм бүгинги күнниң талапларына толық жуўап береди.
Ыссыханада суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Атап айтқанда, жаўын суўын жыйнаў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде үлкен сыйымлы суў бассейни қурылған. Сондай-ақ, автоматластырылған гидропоника үскенелери, қуяш панельлери ҳәм энергия үнемлеўши жақтыландырыў системалары орнатылғаны өндирис қәрежетлерин азайтады.
Аўыл хожалығы өнимлерин жыл даўамында турақлы жеткерип бериўди тәмийинлеўде бундай жойбарлардың әҳмийети айрықша екени атап өтилди. Исбилерменниң келешектеги раўажланыў режелери ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, келешекте жойбарды кеңейтиў, қосымша түрде 60 гектар майданда жаңа ыссыханалар қурыў режелестирилген. Буның нәтийжесинде өндирис көлеми жылына 300 мың тоннаға шекем артады. Жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы бундай усылдағы ыссыханаларды халықтың шаңарақларында да көбейтиў арқалы турақлы дәрамат дереклерин жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
– Бүгин барлық тараўда болғаны сыяқлы бул бағдарда да жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў зәрүр. Егер жумыслар дурыс шөлкемлестирилип, адамларды бул жумыс пенен шуғылланыўға үйретсек ҳәм буны Нарпай тәжирийбеси сыпатында кеңнен ғалаба ен жайдырсақ, халқымыз гидропоника усылында жыл даўамында өним жетистирип базарды да толтырады, жақсы дәрамат та алады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз Нарпай районында жайласқан “Мароқанд сифат” кластери системасында шығындысыз технология принципи тийкарында жумыс алып барып атырған кәрхананың жумысы менен танысты.
Кластерде пахта жетистириўден баслап, оны терең қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға шекемги толық қун шынжыры қәлиплестирилген. Атап айтқанда, пахта ҳәм туқым жетистириў, май ислеп шығарыў, талшық ҳәм ийирилген жип таярлаў, сондай-ақ, таяр кийим-кеншеклер ислеп шығарыўды қамтып алған 25 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылған. Бундай қатнас аўыл хожалығы ҳәм санаатты үзликсиз байланыстырыў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў имканиятын бермекте.
Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде кәрхана ийирилген жип ислеп шығарыў бойынша жылына 5,5 мың тонна, таяр трикотаж өнимлери бойынша болса 1 миллион дана қуўатлылыққа ийе болды. Бул көрсеткишлер 10 миллион долларлық экспорт потенциалын тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул болса кластердиң ишки ҳәм сыртқы базарлардағы орнын беккемлеўге тийкар жаратады.

Кәрхана жумысының және бир әҳмийетли тәрепи халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қосып атырған үлеси болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 1 мың турақлы жумыс орны жаратылған болса, мәўсимлик жумыслар дәўиринде және 3 мың халық жумыс пенен тәмийинленбекте.
“Мароқанд сифат” кластериниң гезлеме қалдықларын қайта ислеў арқалы ийирилген жип ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрханасы алдынғы ҳәм нәтийжели басламалардан бири болып есапланады.
Жойбар қурамында биолаборатория ҳәм тигиў цехлары жумыс алып бармақта. Бул жерде өндирис процесинде пайда болатуғын шығындыларды қайта ислеўге айрықша итибар қаратылған.
Соның ишинде, тигиў цехларында пайдаланылып болған гезлеме қалдықлары таслап жиберилмейди. Олар заманагөй, жоқары тезликте ислейтуғын үскенелер арқалы қайта исленип, және ийирилген жип ҳалына келтириледи. Бул бағдарда жыллық талшық ислеп шығарыў қуўатлылығы 5 мың тоннаны қурайды. Бул болса ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе.
Бул жойбардың улыўма баҳасы 7 миллион доллар болып, ол 3,3 гектар майданда жайласқан. Кәрханада 500 халықтың турақлы бәнтлиги тәмийинленген. Соның менен бирге, өндиристе энергия үнемлеўши технологиялардың енгизилгени оның экономикалық нәтийжелилигин және де арттырмақта.
Ҳәзирги ўақытта кәрхана аймағында қуяш панельлери орнатылған болып, олар арқалы өндирис процесинде қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланылмақта. Бул кәрхананың энергия қәрежетлерин азайтыў менен бирге “жасыл экономика” принциплерин әмелиятқа енгизиўге хызмет етпекте.
Президентимиз өндирис процесин көзден өткерди ҳәм тигиў цехында мийнет етип атырған хызметкерлер менен қызғын сәўбетлести.
– Сизлер менен ушырасқанымнан қуўанышлыман. Бул жерде жаратылған шараятлар, шөлкемлестирилген жумыс орынлары халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар – елимиздеги үлкен өзгерислердиң бир бөлеги. Әлбетте, жумыс орынларына талап артып бармақта. Соның ушын биз және де жедел ислеп атырмыз, ҳәр бир аймақта жаңа имканиятлар жаратыўға ҳәрекет етип атырмыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары шеңберинде аймақта ири жойбарларды иске қосыў ҳәм қурылысын баслаўға бағышланған мәресимде қатнасты.
Илаж шеңберинде ўәлаятта азық-аўқат, жеңил санаат, химия ҳәм фармацевтика, қурылыс материаллары, металл ҳәм мебель санааты тараўларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы аймақтың заманагөй өндирислик қуўатлықлары, алдынғы техника ҳәм технологиялары, санаат өнимлери менен танысты.
Самарқанд ўәлаяты мәмлекетимиз экономикасында стратегиялық орынға ийе аймақ сыпатында турақлы раўажланып бармақта. Кейинги жыллары бул жерде санаат көлеми избе-из өсип, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға беккем тийкар жаратты. Сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны жылдан-жылға артып баратырғаны бул бағдардағы унамлы динамиканы анық тастыйықлайды.
Мәресимде қала ҳәм районларда дерлик 7 миллиард доллар инвестиция есабынан 106 жаңа жойбарды иске қосыў ҳәм қурыўға таяр екени ҳаққында мәлимлеме берилди. Илажға видеобайланыс арқалы жаңадан қурылып атырған ҳәм иске қосылып атырған жойбарлардың жуўапкерлери де жалғанды.
Бул жойбарлар ўәлаят экономикасының түрли тармақларын қамтып алған. Соның ишинде, таў-кән санааты ҳәм геология, қурылыс материаллары, автосанаат, химия санааты, электротехника, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа қуўатлықларды иске қосыў және перспективалы объектлердиң қурылысын баслаў нәзерде тутылған.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев жойбарлардың орынлаўшылары, жергиликли ҳәм сырт ел компанияларының ўәкиллери менен сәўбетлести, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлады. Бундай жойбарлар Самарқанд ўәлаятының санаат потенциалын буннан былай да беккемлеў, өндирис тармақларын модернизациялаў ҳәм аймақта турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, Самарқанд ўәлаятындағы ири жойбарларды иске қосыў ҳәм жаңаларының қурылысын баслап берди.
Соның ишинде, Австрия, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери, Түркия, Ҳиндстан ҳәм Россия менен биргеликте 2 миллиард 400 миллион долларлық 53 жойбар иске қосылды.
Сондай-ақ, Нидерландия, Япония, Қубла Корея, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери, Түркия, Россия ҳәм Иран менен биргеликте 4 миллиард 600 миллион долларлық 53 жойбар бойынша қурылыс жумыслары басланды.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы есабынан 18 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, 13 триллион сумлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм соның нәтийжесинде 700 миллион долларлық экспорт потенциалын тәмийинлеў имканияты пайда болады. Бул болса ўәлаят санаатын диверсификациялаў, заманагөй өндирис шынжырларын кеңейтиў ҳәм экспорт географиясын және де арттырыўға хызмет етеди.
Усы жердиң өзинде Президентимизге Нарпай районында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға бериў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер таныстырылды.
Бүгинги күнде райондағы 8 насос станциясы МЖШ тийкарында жеке меншик секторға берилген. Өткен дәўирде 21 насос агрегатлары 12,3 миллиард сум инвестиция киргизиў есабынан жаңаланғаны нәтийжесинде жыллық энергия тутыныўы 68,1 миллион киловатт-сааттан 34,1 миллион киловатт-саатқа шекем азайтыўға ерисилди.
Улыўма, Самарқанд ўәлаятының суў хожалығына жаңа илимий қатнаслар енгизилмекте. Бул бағдарда илим ҳәм әмелияттың үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде ўәлаят ҳәкимине илимий кеңесгөй бириктирилмекте. Сондай-ақ, тараўда дуал билимлендириў жолға қойылып, 72 студенттиң суў хожалығы, аўыл хожалығын механизациялаў, гидротехника ҳәм гидроенергетика, кадастр ҳәм экология бағдарларында 6 айлық үзликсиз әмелияты жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды избе-из ҳәм системалы даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Нарпай районында Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, жыйналғанларды кирип киятырған мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм қутлы әййям – Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлады.
Самарқандқа соңғы сапарынан соң өткен төрт ай даўамында мәмлекетимиз турмысында үлкен өзгерислер жүз бергени атап өтилди.
Атап айтқанда, усы ҳәптениң өзинде Алмалық қаласында 3-мыс байытыў фабрикасы иске қосылды, пайтахтымызда тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азияның руўхый ғәзийнеси болған Ислам цивилизациясы орайы ашылды. Ертең болса Паяриқ районында уллы ҳәдистаныўшы бабамыз Имам Бухарий естелик комплексиниң ашылыў мәресими өткерилетуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бүгин Ўатанымыз қүдиретин арттырыў, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир инсанның турмысын жақсылаў бойынша және де үлкен шеклер алынғанын, аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслар болса оған беккем тийкар жаратып атырғанын атап өтти.
Соның менен бирге, бүгинги талап кешеги көзқараслар менен шекленип қалмаўды, ертеңги күн ўазыйпалары болса және де нәтийжели ҳәм исенимли ҳәрекет етиўди талап ететуғыны көрсетип өтилди.
Мәжилисте Самарқанд жумыссызлық, кәмбағаллық, инвестиция ҳәм экспорт сыяқлы барлық бағдарларда үлгили ўәлаят болыўы шәрт екени атап өтилди.
Оның ушын ўәлаят мәҳәллелериниң инфраструктурасын жақсылаўға 100 миллион доллар, Ургут районына қосымша 50 миллион доллар ажыратылды. Улыўма етип айтқанда, ўәлаятқа барлық дәреклер есабынан 11 триллион сум қаратылмақта. Исбилерменлерге кредит ресурслары ушын және 18 триллион сум берилип атырғаны атап өтилди.
Бул қаржылар, бәринен бурын, районларда жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға, соңында болса ўәлаяттың экономикасын көтериўге хызмет етиўи шәрт екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте районлардың санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығы көрсеткишлери, жер асты ҳәм жер үсти резервлери, мийнет ресурслары, халықтың бизнес ҳәм кәсиплик көнликпелерин жасалма интеллект жәрдеминде таллаў, мәҳәллелердиң имканиятларынан келип шығып, ҳәр бир районның ишки раўажланыў моделин жаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Усы таллаўлар тийкарында район ҳәкимлери, “мәҳәлле жетилиги” ҳәм мәҳәлле банкирлери ресурсларды ең көп жумыс орнын жарататуғын ҳәм бюджет түсимлерин арттыратуғын жойбарларға бағдарлаўы керек.
Бул система 1-майға шекем Нарпай ҳәм Термиз районларында енгизилип, пүткил республика ушын үлги сыпатында енгизилетуғыны белгиленди.
Мәжилисте Самарқанд ўәлаяты басшысы алдында кеминде 9 процент экономикалық өсиўди тәмийинлеп, жалпы аймақлық өнимниң көлемин 144 триллион сумнан арттырыў, 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў ҳәм экспортты 1,2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы турғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, 100 мың халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 31 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм ўәлаятты жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Бар имканиятлар ҳәм иске қосылмаған потенциал Нарпай, Қўшработ, Каттақўрғон, Пахташы районлары мысалында талланды.
Бул районлар ҳәм Каттақўрғон қаласының ўәлаят санаатындағы жәми үлеси тек ғана 10 процентти қурап атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен бул аймақларда санаатты раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилип, 1 триллион 200 миллиард сум ажыратылады. Бул қаржының 800 миллиард сумы санаат жойбарларын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеўге, қалған 400 миллиард сумы жол, суў, электр тәмийнатын жақсылаў, сервис ҳәм реновация жойбарларына қаратылады.
Усы қаржылар есабынан Каттақўрғон қаласынан 40 километр қашықлықта жайласқан Ингичка қалашасына санаат ҳәм Жаңа Өзбекстан келбети кирип барыўы, Каттақўрғон қаласының орайындағы Нарпай каналы үстинде 60 жыл бурын қурылған көпир де реконструкцияланыўы белгиленди.
Улыўма, Нарпай, Пахташы, Пайариқ, Қўшработ, Иштихан, Каттақўрғон районлары және Каттақўрғон қаласында санаат ҳәм сервисти раўажландырыў, аймақларға жаңаша көринис алып кириў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп берилди.
Мәжилисте дүньядағы тынышсызлықлар себепли логистика шынжырларының үзилиўи, нефть баҳасы ҳәм транспорт қәрежетлериниң артып атырғаны азық-аўқат баҳаларына тәсир етиўи тәбийий екени атап өтилди. Соның менен бирге, дүньяда дерлик 100 миллион турист саяхат етиў ушын тыныш ҳәм қәўипсиз мәмлекетлерди излеп атырғаны атап өтилди.
Бундай шараятта азық-аўқат өнимлерин көбейтиў, туризм ҳәм сервис тараўларындағы бар имканиятларды толық иске қосыў ҳәкимлердиң ең тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.
Жайлаў жерлерин тиккелей ижараға бериў мүддети және бир жылға создырылатуғыны белгиленди. Ўәлаяттың 4 районында жәми 43 мың гектар майданда жәмийетлик жайлаўлар шөлкемлестирилип, мәҳәллелерге 30 жылға бийпул ижараға бериледи. Жайлаўларда қудық қазыў, суў шығарыў, туқым егиў ҳәм деградациядан шығарыў қәрежетлери ушын 50 миллиард сум ажыратылады.
Шарўа нәсилшилигин раўажландырыў мақсетинде лаборатория үскенелери ҳәм нәсилли қарамал сатып алыў ушын 10 жылға 12 процентлик кредит ажыратылады. Булунғур районында 50 миллион долларлық гөш бағдарындағы нәсилшилик кәрханасы, Қўшработта болса 20 миллион долларлық мәйек бағдарындағы нәсилшилик кәрханасы иске қосылады.
Усы жыл 1-майдан баслап балықшылық хожалықларына қуяш панельлерин орнатыў ушын 16 процентлик кредит ажыратылады. Панельди өз қаржысы есабынан орнатқанларға болса қәрежеттиң 25 проценти қаплап бериледи.
Картошка жетистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, Египеттен 250 мың дана картошка мини түйнеги алып келинип, Булунғур районында көбейтиў басланады. Голландиядан 6 мың тонна туқымлық картошка алып келинип, фермерлерге үстемесиз жеткерип бериледи.
Президентимиз туризм тараўындағы ўазыйпаларға да айрықша тоқтап өтти.
Халықаралық туризм базарындағы анықсызлық шараятында Өзбекстанды қәўипсиз туристлик бағдар сыпатында үгит-нәсиятлаў бойынша үлкен кампания басланатуғыны атап өтилди. Бул процессте туризм ушын ең қолайлы дәўир болған апрель-июнь айлары ушын айрықша бағдарлама таярланып, “Өзбекстанда ашық туризм мәўсими” жәрияланады.
Усы мүддетте авиакомпанияларға жаңа рейслер жолға қойып, алып келинген ҳәр бир сырт ел туристи ушын 100 доллардан субсидия бериледи. Бундай авиакомпанияларға аэропорт хызметлери ушын 20 процент шегирме бериледи.
1-апрельден баслап туроператорларға үш ай даўамында тартылған ҳәр 1 мың сырт ел туристи ушын бюджеттен 5 мың долларға шекем субсидия бериледи. Қосымша қун салығының ярымы “кэшбек” сыпатында қайтарылады.
Социаллық тармақларда 5 миллионнан аслам бақлаўшысы болған 50 сырт елли блогерге Өзбекстанға келиў ушын жети күнлик бийпул турпакет бериледи.
Усы жылдың өзинде Самарқандта дүньяға белгили кеминде 5 көркем өнер ғайраткерлериниң гастролын, сондай-ақ, 10 бизнес-форум ҳәм мода фестивалын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, Самарқандты анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша олимпиада, форум ҳәм илимий конференциялар өткерилетуғын халықаралық хабқа айландырыў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Потенциалдан нәтийжели пайдаланыў есабынан Самарқандқа жылдың ақырына шекем 6 миллион турист алып келиў мақсети белгилеп алынды.
Мәжилисте ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, тармақ басшылары ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды, Самарқанд халқы менен сөйлести.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Самарқанд ўәлаятына сапары даўам етпекте.
ӨзА