«Экосан» халық аралық қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық шөлкеминиң жойбары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллапқуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен жәрияланған грант жеңимпазы болды.

-Мәмлекетлик уйымлар менен социаллық инфраструктураны раўажландырыўға, сапалы коммуналлық хызмет көрсетиўге, халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға көмеклесиў» темасындағы жойбарымыздың тийкарғы мақсети, Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралары жыйыны аймағы 20-санлы киши райондағы көп қабатлы турақ жайлардың әтирапын абаданластырыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм оларды қайта ислеў,  пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады,-дейди аймақлық шөлкемниң директоры Нурлыбек  Мырзамуратов.-Бул турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылған ўақытлары шығындыларды жыйнаў орны болмағанлықтан пуқаралар оларды бир жерге таслағанлығы себепли оларды сортлаў имканияты болмаған. Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде «MUSTANAB XILOL» кәрханасы базасында заманагөй типтеги шығынды жыйнаў орны қурылады ҳәм онда шығындылар бир жерге емес, қутышаларға сортлап салынады. Кейин ала шығындыларды қайта ислеў жолға қойылады. Соның менен бирге аймақтан еки пуқара турақлы жумыс  орны менен тәмийинленеди.

-Жойбардың әмелге асырылыўы аймағымыздың тазалығын сақлаўда, халқымыздың, соның ишинде, жасларымыздың экологиялық мәдениятын жетилистириўде, оларды абаданданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислерине белсене қатнасыўға шақырыўда үлкен әҳмийетке ийе,-дейди «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Бахыт Сатуллаев.-Сонлықтанда бундай ийгиликли басламаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда, кейин ала пүткил аймағымыз бойынша кеңнен ен жайдырыў мақсетке муўапық болады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.