Қәллибек Камаловтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен ифтарлық дастурханы жайылды

Усы жылдың 18-март күни Нөкис қаласындағы “Ақ қуў” комплексинде белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен ифтарлық дастурханы шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камалов терең билими, шебер шөлкемлестириўшилик қәбилети менен елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқанлығын айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, халқымыз ушын бүгингидей турмыс шараятын тәмийинлеў бағдарында көплеген инсанлар пидайы хызмет етип, өз өмирин бағышлаған. Усындай инсанлардың бири сыпатында Қәллибек Камаловтың пидәкерлик хызметлерин көп миллетли халқымыз терең аңлайды ҳәм жоқары қәдирлейди.
Президентимиздиң Қәллибек Камаловқа деген ҳүрмет-иззетиниң жоқары болғанлығын бәршемиз жақсы билемиз.
Президентимиздиң басламасы менен ел ардақлаған нураныйымыздың 100 жыллығын кең түрде белгилеў бойынша Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары қабыл етилип, бул бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылмақта.
Мүбәрек Рамазан айында өткерилген ифтарлық дастурханы әтирапында Қәллибек Камаловтың өмири ҳәм мийнет жолы, инсаныйлық пазыйлетлери еслеп өтилди.
Әлбетте, ол инсанның халқымыз ийгилиги жолындағы пидайы хызметлери халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.
Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги