Самарқандқа және 250 электробус алып келинеди

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында жәмийетлик транспорт ушын алып келинген заманагөй электробуслар ҳәм қуўатлаў станциясының жумысы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 17-февральда қабыл етилген “Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аймақларда да автотранспорт хызметлери жақсыланып, жәмийетлик транспорт жөнелислери кеңейтилмекте.
Онда автобус парклерин заманагөй талаплар тийкарында модернизациялаў, жөнелислер бойлап экологиялық таза автотранспорт қатнаўын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Мине, усы мақсетлерде Самарқанд қаласына биринши басқышта 49 миллион доллар есабынан 100 заманагөй электробус алып келинди. Бул “Yutong” маркалы электробуслар 30 орынлық болып, улыўма сыйымлылығы 75 жолаўшыдан ибарат.
Жаңа автобуслар ушын 4 гектарға шамалас майданда автосарай шөлкемлестирилген. Бул жердеги электробусларды қуўатлаў станциясында бир ўақыттың өзинде 50 жәмийетлик транспортқа хызмет көрсетиў имканияты жаратылды.

Электробуслар ушын қурылған жабық стоянкада техникалық хызмет көрсетиў ушын мобиль оңлаў техникасы да бар. Электробуслар қаланың 9 жөнелисинде брутто-шәртнама тийкарында ҳәрекетленип, күнине 70 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетпекте.

Жойбардың екинши басқышында болса және 250 электробус сатып алыў нәзерде тутылған. Оның ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен 120 миллион доллар қаржы тартыў режелестирилген. Нәтийжеде жанылғы жумсалыўы 32 мың литр, зыянлы газлер муғдары 27 тоннаға азаяды.
Бүгинги күнде автосарайда 265 хызметкер мийнет етпекте. Жаңа электробуслардың алып келиниўи процесинде болса және 500 ден аслам жумыс орынлары жаратылады.

Президентимиз жаңа автобусларды көзден өткерди.
– Бул тараўдың экономикалық турақлылығын арттырыў ушын электробусларға хызмет көрсететуғын, оларды оңлайтуғын қәнигелерди таярлаў бойынша Самарқанд тәжирийбесин жаратыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жердиң өзинде Самарқанд қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде, автобуслар ҳәрекетин басқарыў процесслерин санластырыў бойынша презентация өткерилди.

Президентимиз сапар даўамында усы аймаққа тутас болған Гагарин ҳәм Рудакий көшелериниң кесилиспесинде қурылған жол өткелин де көзден өткерди.
Узынлығы 600 метр болған туннель 12 миллион доллар есабынан қурылған, бир күнде орташа 50 мың транспорт қуралын өткериўи мүмкин.

Көше бойларына электрон түрде басқарылатуғын түнги жақтыландырыў системасы, жер асты пиядалар жолы қурылған.
Туннель Қытай ҳәм Түркия қурылыс компаниялары менен биргеликте қурылды. Дийўаллары заманагөй қурылыс технологиясынан пайдаланған ҳалда бураўлаў усылы арқалы тиргек дийўаллары қурылған.
Бул қурылыс транспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылмаған ҳалда алып барылды. Аймақ көклемзарластырылып, саяманлы терек нәллери отырғызылды.
ӨзА