Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген сөзи

104

Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Бәринен бурын, сизлерди, орынлардағы студиялар арқалы бүгинги ифтарлық мәресиминде қатнасып атырған ҳүрметли нураныйлар, илимпаз ҳәм уламалар, кең жәмийетшилик ўәкиллерин, пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Усы уллы әййям күнлерине бәршемизди тыныш-аман, саў-саламат жеткергени ушын Алла таалаға шексиз шүкирлер болсын!

Мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық тымсалы болған Рамазан айында ҳәммемиз биргеликте көплеген саўаплы ислерди әмелге асырмақтамыз.

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мәҳәллелер аўқамы, Мусылманлар мәкемесиниң “Вақф” қоры, аймақлардағы “Инсан” орайлары, сақаўатлы исбилерменлеримиз тәрепинен кекселер ҳәм майыпларға, кем тәмийинленген шаңарақларға, жәрдемге мүтәж инсанларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилмекте.

Медициналық бөлимлер алыс ҳәм шетки аймақларымызға барып, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм нураныйларымызды көриктен өткермекте, аўыр наўқаслар операция жолы менен емленбекте.

Мине усындай пайызлы ҳәм берекетли күнлерде мәмлекетимиз көлеминде ифтарлық илажларын өткериў де жақсы дәстүримизге айланды.

Әлбетте, булардың барлығы жәмийетимизде инсан қәдирин улығлаў, тынышлық ҳәм улыўма миллий бирлик орталығын беккемлеўге хызмет етпекте. Бүгинги ифтарлық мәресиминде елимиздеги түрли миллет ҳәм диний конфессиялардың ўәкиллери қатнасып атырғаны да соннан дерек береди.

Ҳәзирги оғада қәўипли заманда тынышлық қаншелли уллы ҳәм бийбаҳа жемис екенин, 38 миллионнан аслам халқымыздың бирден-бир халық, татыў бир шаңарақ болып жасап атырғаны ең үлкен байлығымыз екенин және де терең сезинбектемиз.

Дөгерегимизде Өзбекстандағы дипломатиялық корпус ўәкиллериниң де қатнасып атырғанын биз динимиздиң гуманистлик ҳәм кеңпейиллик қәдириятларына, мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық сиясатына ҳүрмет-итибар белгиси сыпатында қабыл етемиз ҳәм оларға шын жүректен тилеклеримизди билдиремиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги Ораза Рамазан күнинде ҳәммемиз және бир шын мәнисинде тарийхый ўақыяға қатнасып атырмыз. Халқымыздың ақыл-парасаты, пидәкерлик мийнети менен қурылған уллы ҳәм бийбаҳа комплекс – Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыў мәресимин өткермектемиз.

Қаншадан қанша ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлери, әрманлары әмелге асқан мине усындай умытылмас күн менен, ҳақыйқый илим-ағартыўшылық байрамы менен бәршеңизди шын кеўлимнен қутлықлайман.

Мәмлекетимиздиң үш мың жыллық даңқлы тарийхы ҳәм бай мәдениятының, Жаңа Өзбекстан имканиятларының жарқын айнасы болған бул бийтәкирар ҳәм уллы комплекс бәршемизге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын!

Ҳүрметли дослар!

Биз елимизде раўажланған мәмлекет, еркин жәмийет тийкарын жаратыў ушын, бәринен бурын, илим ҳәм илим, билимлендириў ҳәм және бир мәрте билимлендириў, деген уллы мақсетти турмысымызға енгизбектемиз. Себеби, муқаддес динимиз де бизди бәрқулла илим ҳәм ағартыўшылыққа шақырады. Соның ушын, Ислам цивилизациясы орайының Улығбек дәрўазасының алдына Қураны кәримниң “Иқра!” – яғный, “Оқы!” деген мүбәрек аятын мөрлеп қойдық. Бул илаҳий сөзлердиң негизинде ислам дининиң тийкарғы мәнис-мазмуны жәмленген, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Хабарыңыз бар, буннан тоғыз жыл алдын усы комплексти қурыў ҳаққында арнаўлы қарар қабыл етип, әмелий жумысларды басладық. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жәрияланған бул ийгиликли басламамыз дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, ислам жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Биз бул ҳәр тәреплеме үлкен жойбарды әмелге асырыў ушын асықпадық, жети емес, жетпис мәрте ойлап, узақты гөзлеп, тынымсыз излендик. Ақырында, әййемнен Ташкенттиң руўхый орайы болып келген Ҳәзирети Имам комплекси жанында, көрип турғаныңыздай, бийтәкирар архитектураға, ҳақыйқый миллий руўх ҳәм миллий көриниске ийе болған шығысқа тән қалаша қурылды.

Бул Орайда Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм цивилизациясының дүрданаларын бир ўақыттың өзинде бирден-бир ағартыўшылық мәканда көриў, сол тийкарда өзбек халқының интеллектуаллық ҳәм мәдений потенциалын айқын аңлаў мүмкин.

Бул жер менен танысқан ҳәр бир адам, халқымыз, әсиресе, жасларымыз ислам дининиң гуманистлик мәнисин аңлап жетеди, өзиниң қандай уллы мийрас ийеси екенин сезинип, кеўли мақтанышқа толады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Әзелден түрли цивилизация ҳәм мәдениятлар тутасқан аймақта жайласқан елимиздиң дияры Уллы жипек жолының раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеген. Әййемги диярымыз исламға шекемги дәўирде де илим, ағартыўшылық орайы сыпатында даңққа ерискен. Әййемги Түркстан үлкесине ислам дини кирип келгеннен кейин, бул жерде ҳәдис ҳәм калом илими, мусылман ҳуқықы, суфизм бойынша ири мектеплер қәлиплести, онлаған уллы алымлар жетилисип шықты.

Анық ҳәм тәбийғий илимлер тараўында өз ойлап табыўлары менен дүньяны таң қалдырған уллы илимпазларымыздың шығармалары да ислам орталығының қушағында пайда болған. Дүньяға белгили бул китаплар “Бисмиллаҳир раҳманир раҳим”, деген илаҳий сөзлер менен басланғаны олардың муқаддес динимизден илҳам ҳәм күш алып жаратылғанын билдиреди. Тек ғана елимиз емес, ал шексиз регионымыздың руўхый мүлки болған мине усындай бийбаҳа байлықты терең үйрениў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў мақсетинде оны Ислам цивилизациясы, деген ат пенен бирлестириўге қарар еттик.

Әлбетте, ҳәзирги қыйын ҳәм аўыр шараятта бундай ири комплексти ең жоқары заманагөй талаплар дәрежесинде жаратыў аңсат болған жоқ.

Биз Орайдың қурылысын илимий изертлеў ҳәм излениў жумыслары менен бирге алып бардық. Өткен дәўирде әййемги мийрасымызға байланыслы, бизге улыўма белгисиз болған қаншадан-қанша сийрек ушырасатуғын мағлыўматларды ашып бердик.

Халықаралық экспертлер тән алғанындай, бүгин Өзбекстанда ислам цивилизациясы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша өзине тән үлкен илимий мектеп жаратыўға еристик. Қандай үлкен имканиятларымыз, интеллектуаллық потенциалымыз бар екенлигин дүньяға көрсете алдық.

Бул менен қаншелли мақтансақ арзыйды.

Бул сийрек ушырасатуғын комплекс дерлик 10 гектар аймақта жайласқан болып, имараттың улыўма пайдаланыў майданы 50 мың квадрат метрди қурайды. Бул жерде “Өзбекстан үлкесинде исламға шекемги дәўир”, “Биринши ҳәм Екинши Ренессанс”, “Жаңа Өзбекстан – Үшинши Ренессанс тийкары” сыяқлы экспозиция заллары бар.

Әлбетте, олардың ҳәр бири ҳаққында узақ айтыў мүмкин.

Музей экспозициясын қәлиплестириў ҳәм байытыў бойынша да үлкен жумыслар исленди. Өткен жылдың өзинде 1,5 мыңнан аслам экспонат, соның ишинде, 800 ге шамалас әййемги қолжазба, археологиялық табылма ҳәм тарийхый карталар экспозицияға жайластырылғаны да соннан дерек береди.

Ҳәзирги ўақытта сырт ел аукцион үйлери, ири коллекционер ҳәм арт дилерлер менен бирге ислесиў орнатылып, 743 экспонаттың оригинал, яғный, түп нусқалары елимизге алып келинди.

Бундай ислер бурын тарийхымызда болмаған еди.

Бул экспонатлардың ҳәр бири – уллы өтмишимиз ҳәм мәдениятымыз, миллий өзлигимиз тымсалы екенин атап өтиў керек. Олардың барлығы заман сынағынан мәртлерше өтип киятырған халқымыз, миллетимиздиң сана-сезими, дөретиўшилик мийнети, бийбаҳа шеберлиги ҳаққында сөз етеди.

Тарийх тилге кирген, тарийхтан сабақ алынған жерде, әлбетте, билим ҳәм ағартыўшылық, раўажланыў ҳәм әдиллик болады. Ҳеш қашан туўры жолдан адаспайды!

Орайдың тийкарғы залы, айтыў керек болса, қәлби – бул муқаддес Қуран залы екенлигине гүман жоқ. Бул жерде дүньядағы ең әййемги 6 Қураны кәримниң бири болған уллы Усман Мушафи бүгин өзиниң жоқары статусына мүнәсип абырайлы орын тапты.

Сондай-ақ, бул залда түрли дәўирлерге тийисли сийрек ушырасатуғын Қуран қолжазбалары да жәмленген. Усы мүбәрек күнде бәршемиз, Қудайдың инаяты менен, мине усындай бийбаҳа ҳәм муқаддес Усман Қуранының илаҳий шарапаты менен елимиз бәрқулла тыныш-татыў болсын, турмысымыз қут-берекетке толы болсын, деп пәтия етемиз.

Қәдирли дослар!

Ислам цивилизациясы орайына 2025-жылдың өзинде мыңлаған сырт елли мийманлардың келгенлиги оның ҳәзирден-ақ дүнья көлеминде үлкен қызығыўшылық ҳәм итибар оятып атырғанын тастыйықлайды. Мийманлар арасында бир қатар мәмлекетлердиң президентлери, парламент ҳәм ҳүкимет басшылары, депутатлар, сенатор ҳәм лордлар, министрлер ҳәм елшилер, илим ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний шөлкемлердиң басшылары бар екенлигин атап өтиў керек.

Орайды жойбарластырыў, қурыў ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенелеўде Франция, Қытай, Уллы Британия, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия, Түркия, Германия, Испания, Италия, Малайзия, Әзербайжан, Саудия Арабстаны, Ҳиндстан, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерден жоқары маманлықтағы қәнигелер де белсене қатнасты.

Бул комплексти қурыўға мүнәсип үлес қосқан жойбарлаўшы ҳәм қурылысшыларға, шебер инженерлер, илимпаз ҳәм уламаларға, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм экспертлерге, соның ишинде, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил дүнья жүзилик жәмийетиниң ағзаларына, барлық пидайы инсанларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бундай ири ҳәм қурамалы мәдений объектти қурыўда қәўендерлик жәрдемин көрсеткен жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлер, мәденият ҳәм спорт ғайраткерлерине айрықша рахмет айтаман. Атап айтқанда, бириншилер қатарында баслама көрсетип, зәрүр қаржы, идея ҳәм сийрек ушырасатуғын тарийхый экспонатлар усынғаны ушын ҳүрметли ўатанласымыз, белгили меценат ҳәм бизнесмен Алишер Бурҳонович Усмоновқа шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Халқымыз бундай уллылық, сақаўат ҳәм итибарды жоқары қәдирлейди.

Бул уллы иске қосқан үлесиңизди ҳеш қашан умытпаймыз.

Үлкен рахмет Сизге!

Әзиз ўатанласлар!

Ислам цивилизациясы орайын қурыўға кирисер екенбиз, мен, дүньяның қай жеринде болмасын, тарийхымызға тийисли бир бет қолжазба болса да, бир экспонат болса да таўып, елимизге алып келиўди әрман еткен ҳәм усы ўазыйпаны ортаға қойған едим. Мың шүкир, бүгин әне усы мақсетимизге әсте-ақырын ерисип атырмыз. Бул жумысларды, әлбетте, даўам еттиремиз.

Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды анықлаў ҳәм үйрениў ушын және халықаралық илимий экспедициялар шөлкемлестиремиз. Буның ушын зәрүр қаржы ҳәм имканиятларды табамыз. Бул жумысларға жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар, жетекши халықаралық илимий орайларды тартамыз.

Орайдың жумысын кең көлемде жолға қойыў мақсетинде бул жерде АЙСЕСКО, ИРСИКА, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Франциядағы Темурийлер жәмийети, ТҮРКСАЙ сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте олар ушын офис ханаларын шөлкемлестирдик. Енди олар менен бирге ислесиўди күшейтиў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып беремиз.

Орайда муқаддес динимиздиң жақсы қәдириятларын қәстерлеп сақлап, диний-ағартыўшылық тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған Өзбекстан мусылманлары мәкемеси де өзиниң жаңа резиденциясына ийе болды.

Бул дәргайда ислам мийрасын терең үйрениў, диний хызметкерлер, имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық, деп ойлайман.

Биз жақын келешекте БМШ резиденциясында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының презентацияларын да өткеремиз.

Жуўмақлап айтқанда, бул Орай руўхый-ағартыўшылық бағдардағы жумысымыз ушын фундаменталлық база болады. Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының студентлери жоқары курсларды усы жерде оқыйды, муғаллим-оқытыўшылар болса өз билим ҳәм маманлығын арттырады.

Орай жасларымыз арасынан жаңа хорезмийлер, беруний ҳәм улығбеклер, ферғаний ҳәм ибн синолар, бухарий ҳәм термизийлер жетисип шығыўы ушын беккем руўхый майдан болыўы керек.

Бул – бәршемиздиң ийгиликли нийетимиз.

Орай мине усындай өзиниң тарийхый миссиясын жоқары дәрежеде орынлаўы ушын мен илим ҳәм мәнаўият пидайыларына – ҳүрметли илимпаз ҳәм изертлеўшилерге, шайыр ҳәм жазыўшылар, уламалар, режиссёр ҳәм художниклер, журналистлер, дөретиўши жасларымызға мүрәжат етпекшимен:

Ислам цивилизациясы орайында жыйналған ҳәр бир экспонат қандай бийбаҳа байлық екенин сизлер ҳәммеден жақсы түсинесиз. Оларды үгит-нәсиятлаў, халқымызға, дүньяға танытыўда да, бәринен бурын, сизлерге сүйенемиз.

Бул теңсиз байлықтан илҳамланып, сизлер жарататуғын илимий изертлеўлер, көркем китап, кино ҳәм театр шығармалары, картина ҳәм көрсетиўлер: үш мың жыллық тарийх ҳәм мәденияттың өшпес ҳаўазы болып дүньяға таралсын!

Жаңа Өзбекстанды тынышлық, жақсылық, билим ҳәм ағартыўшылық дияры сыпатында дүньяға жырласын!

Халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын тәрбия ҳәм миллий мақтаныш мектебине айлансын!

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Өз дәўиринде Мир Әлийшер Наўайы бабамыз Мырза Улығбектиң өлмес мийрасы дүнья турғанынша турсын, деп тилек билдирген еди. Бизиң де арзыў-мақсетимиз сондай: Ислам цивилизациясы орайы елимизге, дүнья халқына ҳәмийше бийғәрез хызмет етсин!

Мине, усындай уллы ислердиң дөретиўшиси болған мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымыз ҳәмийше аман болсын!

Муқаддес Рамазан айында тутып атырған оразаларымыз, ислеп атырған ибадатларымыз дәргайында қабыл болсын!

Жаратқан Ийемиз халқымызды, Ўатанымызды өз панасында сақласын!

Бәршеңизге үлкен рахмет, ҳәмийше аман-есен болың!