Президентимиз Самарқандта жаслар менен сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни Самарқандқа келди.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапарын Самарқанд қаласындағы Жаслар креатив парки менен танысыўдан баслады.
Бүгинги күнде қала кеңейип, ири мегаполиске айланып бармақта. Соӊғы жылларда бул жерде жаңа турақ жайлар, социаллық тараў объектлери шөлкемлестирилди, халықтың саны бираз артты. Әлбетте, бундай шараятта қалада жасыл майданларды көбейтиў, жаңа бағ ҳәм қыябанлар, халықтың дем алыў орынларын жаратыўға талап артады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ўәлаятта ҳәр жылы 16 миллион түптен аслам терек нәллери егилмекте. Быйылғы бәҳәрги мәўсимде де 6,3 миллион түп мийўели ҳәм саяманлы терек, пута нәллерин егиў режелестирилип, ҳәзирги ўақытта ўәлаяттың барлық аймақларында бул процесс даўам етпекте.
Өзбекстан көшесинде жайласқан бурынғы әскерий госпиталь орнындағы 5,4 гектар майданда да 70 миллиард сумнан аслам қәўендерлик қаржылары есабынан Жаслар креатив парки шөлкемлестирилди.

Бул жерде мәдений мийрас объектлери дизимине алынған 5 имарат ҳәм объект болып, енди олардан жаслар ушын заманагөй ҳәм санлы китапхана, көп тармақлы оқыў орайы, креатив дөгереклер, жасалма интеллект, 3D моделлестириў, робототехника ҳәм киберспорт ойынлары орайлары сыпатында пайдаланылады. Мәлимлеме-ресурс орайы, спорт заллары, жер асты экомузейи шөлкемлестирилди.
Жаслар креатив парки, әсиресе, жигит-қызлар ушын тек ғана дем алыў орны емес, ал мәлимлеме технологиялары тараўы ҳәм спорт пенен шуғылланыў, стартап жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы орын болады.

Ўәлаят шахмат федерациясы да жаңа бағда жайласқан. Федерация тәрепинен бул жерде оқыў-шынығыў жыйынлары, жарыслар өткериў имканияты бар.
Бағда балалар аттракционлары, фитнес заллары, стол тенниси залы, теннис кортлары, воркаут ҳәм мини гольф майданлары қурылған. Аймақта Нураныйлар мәсканы, оннан аслам әйўанлар қурылған.

Президентимиз дәслеп “Profi deutsch” немис тилин оқытыў ҳәм имтихан орайының жумысы менен танысты.
Бул жойбардың әҳмийетли тәрепи “Telc” имтихан орайы Орайлық Азияда биринши мәрте Самарқанд қаласында жумыс баслап атыр. Орайда жаслар немис тилин үйренип, халықаралық “Telc” сертификатын алады. Сертификат ийелери Германияда дуал кәсиплик билимлендириўде оқыўын даўам еттиреди, бәнтлиги тәмийинленеди. Усы жылы бундай имтихан орайын мәмлекетимиздиң және бес аймағында ашыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына “Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары” жойбары бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Жойбар шеңберинде 8-11-класс оқыўшыларына санлы технологиялар ҳәм шет тиллер терең үйретиледи. Оқыўды табыслы жуўмақлағанларға арнаўлы сертификат бериледи.
Сондай-ақ, “Алоқа банк” ҳәм Миллий банк мәсләҳәт орайының исбилерменлик жумысын баслап атырған жасларға жеңиллетилген кредит ажыратыў, стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслары, Жаслар ислери агентлигиниң “Ибрат фарзандлари”, “Мутолаа”, “Қизлар академиясы” жойбарлары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сөйлести, олардың жойбарлары менен танысты. Соның ишинде, “Zamin” халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған “Eco-schools Uzbekistan” жойбарында қатнасып атырған жас экобелсендилер 2026-жыл ушын режелери ҳаққында айтып берди.- Жаңа Өзбекстанда жоқары технологиялы өндирис кәрханаларын қурып атырмыз, жоқары дәраматлы жумыс орынлары ашылмақта. Биз буны сизлерге – билимли жасларға исенип ислеп атырмыз. Оның ушын ҳәр бир минутыңыз келешегиңиз ушын хызмет етсин, достыңыз китап болсын. Қандай да бир билимди терең ийелеў ҳәм дурыс жолды табыў ушын инсанға дыққат, сабыр-тақат, қызығыўшылық керек. Мине, усы ықласыңыз сөнбесин. Сизлер берип атырған усыныслар бизиң реформаларымыздыӊ идеясына сай, мен ҳәр қандай усыныс ҳәм басламаларыңызды қоллап-қуўатлаўға таярман, – деди Президентимиз.

Самарқанд қаласында бундай заманагөй билимлендириў ҳәм дем алыў орынларын көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.

ӨзА