Үш мыӊ жылдан аслам даӊқлы тарийхымызды жаӊа Өзбекстан менен байланыстыратуғын, инсан ҳәм халық қәдирин улығлайтуғын ақыл-ой-пикир орайы

47

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 19-сентябрьде БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Ташкентте Ислам цивилизациясы орайының қурылып атырғаны ҳаққында тоқтап өтип, муқаддес динимиз жақсылық ҳәм тынышлыққа, тийкарғы инсаный пазыйлетлерди қәстерлеп сақлаўға, илим-ағартыўшылық жолына шақыратуғынын, оны зорлық ҳәм қан төгиў менен бир қатарға қоятуғынлар менен келисип болмайтуғынын айрықша атап өткен еди.

Мине, усы жоқары идея ҳәм мақсетлер тийкарында қурылған бул орай халқымыздың үш мың жыллық тарийхы, дөретиўшилик потенциалы, жәҳән цивилизациясына қосқан үлкен үлеси, уллы ата-бабаларымыздың мәдений-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы өзиниң саўлаты, майданы ҳәм көлемине бола, дүньяда ислам тарийхы, мәденияты ҳәм цивилизацияларын үйрениў және үгит-нәсиятлаўға қаратылған ири комплекслерден бири болып есапланады.

Ол Ташкенттиң белгили Ҳәзирети Имам комплекси аймағындағы 10 гектар майданда қурылған. Имарат үш қабаттан ибарат болып, узынлығы 161 метр, ени 118 метрди қурайды. Гүмбезиниң бийиклиги 65 метр, улыўма пайдаланыў аймағы болса 50 мың квадрат метр. Бундай сийрек ушырасатуғын көрсеткишлер оны “Гиннестиң рекордлар китабы”на киргизиў ушын да тийкар болмақта.

Орайдың имараты Президент Шавкат Мирзиёевтиң архитектуралық идеялары ҳәм усыныслары тийкарында жойбарластырылған. Қурылыс процесинде мәмлекетимиз басшысы бул комплекске бир неше мәрте барып, оның мазмуны ҳәм формасы жағынан және де жетик болыўы бойынша баҳалы усыныс ҳәм мәсләҳәтлерин бөлисти. Атап айтқанда, 2025-жылдың өзинде Президентимиз орайға бир неше мәрте келип, экспозициялар, инфраструктура, ағартыўшылық ҳәм илимий бағдарларды жетилистириў бойынша әҳмийетли көрсетпелер берди.

Орай әййемги ҳәм миллий архитектуралық дәстүрлер тийкарында қурылған болып, оған төрт тәрептен – төрт тийкарғы портал арқалы кириў мүмкин. Бул порталлар ҳәм имараттың сыртқы аркалары илим-ағартыўшылық, кеңпейиллик, адамгершилик ҳәм ата-анаға ҳүрмет мазмунындағы Қуран аятлары ҳәм ҳәдислер менен безелген.

Төменги қабатта балалар ушын арнаўлы платформа, реставрация ҳәм электрон нусқа алыў лабораториясы, музей экспонатлары ҳәм сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды сақлаў фондлары, заманагөй кафетерий ҳәм музей вестибюльлери жайласқан.

Биринши қабаттан дерлик 8 мың 350 квадрат метрлик көргизбе залына ие музей ҳәм 550 орынлық әнжуманлар залы орын алған. Екинши қабатта болса қолжазба ҳәм тасбаспа дереклер, баспа ҳәм электрон әдебиятлар фондына ие китапхана, оқыў заллары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер ушын шараят жаратылған.

Президент Шавкат Мирзиёев 17-март күни мине усындай үлкен руўхый-ағартыўшылық әҳмийетке ийе комплекске және бир мәрте барып, жаратылған шараятлар, бай экспозициялар ҳәм жаңа басламалар менен танысты.

Дәслеп мәмлекетимиз басшысы Қураны кәрим залына кирип, бул жерде жаратылған руўхый орталық ҳәм сийрек ушырасатуғын экспозицияларды көзден өткерди. Бул зал, айтыў керек болса, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының руўхый жүреги болып есапланады.

Гүмбез астында арнаўлы мэппинг голограммасы жаратылған болып, онда дәслеп әлем көриниси көрсетиледи, аспандағы жулдызлар жилўаланады. Итибарлы тәрепи, гүмбез астындағы жулдызлар композициясы Ташкент аспанында түнде көринетуғын жулдызлар картасы тийкарында қәлиплестирилген. Оларды сәўлелендириў ушын 90 дана “Swarovski” тасы ҳәм 650 ден аслам шырақлардан пайдаланылғаны бул залға айрықша саўлат бағышлаған.

Бул жерде Усман Мушафи менен бир қатарда елимизге тийисли болған, ҳәр қыйлы династиялар дәўиринде жаратылған 114 сийрек ушырасатуғын Қуран қолжазбалары жәмленген. Олар арасында саманийлер, қараханийлер, газнаўийлер, темурийлер, шайбанийлер ҳәм басқа да дәўирлерге тийисли сийрек ушырасатуғын нусқалар бар. Бул қолжазбалар Шығыс китап безеў өнериниң жоқары үлгилери сыпатында тек ғана диний емес, ал үлкен тарийхый, илимий ҳәм көркем қунға да ийе. Залдағы заманагөй витриналарда халқымыз арасында қәстерлеп сақланып келинген ҳәм орай фондына усынылған тийкарғы қолжазбалар да мүнәсип орын алған.

Атап өтилгениндей, орайдың тырнағы қойылғанынан 2025-жылға шекем оның фондындағы ески дереклердиң саны 2 мыңнан асты, сийрек ушырасатуғын Қуран қолжазбалары болса 60 тан асламға жетти. Олардың барлығы халқымыздан жыйналған ҳәм халықаралық аукционлар арқалы сатып алынған. Бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар миллий ҳәм диний мийрасымызды қайта тиклеў, ҳәр жерде сақланып атырған бийбаҳа дереклерди Ўатанға қайтарыў, оларды илимий айланысқа киргизиў ҳәм келешек әўлад ушын сақлап қалыў жолындағы терең көзқарасты айқын көрсетпекте.

Президентимизге экспозициядан орын алған базыбир айрықша баҳалы қолжазбалар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, 1589-жылы каллиграф Султан Мухаммед тәрепинен сегиз мүйеш формасында көширилген ҳәм тумар сыпатында да пайдаланылған “Бозубанд” Қуран қолжазбасы, XVII әсирге тийисли, сафавийлер дәўири каллиграфия ҳәм китап безеў өнериниң жетик басқышын сәўлелендириўши оғада нәзик безеўли нусқа, 1872-жылы каллиграф Мухаммед ибн Абд ал-Ҳади тәрепинен батыс хат усылында көширилген бийбаҳа қолжазба, сондай-ақ, ХII-XIII әсирлер шегарасында селжукийлер дәўиринде каллиграф Мухаммед Садық ибн Мухаммед Шафий тәрепинен насх хатында көширилип, қатарлар арасына парсы аўдармасы берилген сийрек ушырасатуғын нусқа усылардың қатарына киреди. Айырым қолжазбаларда Самарқанд, Хират ҳәм Бухара китаптаныў мектеплериниң дәстүрлери айқын көринетуғыны атап өтилди.

Буннан соң Президентке музейге келиўши мийманларға жоқары сапалы хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў жумыслары таныстырылды.

Орайдың қысқа мүддетте халықаралық абырайлы шөлкемлер ҳәм басылымлар тәрепинен тән алынып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, орай Францияның Авиценна сыйлығына миясар болған, АҚШтағы Смитсон институтының “Smithsonian Magazine” басылымының талқылаўына бола, 2026-жылы дүньяда ең үлкен қызығыўшылық пенен күтилип атырған 10 музейден бири сыпатында тән алынған. Сондай-ақ, “Condé Nast Traveler” басылымы оны 2026-жыл июнь айында барыў мүмкин болған музейлер дизимине киргизген, BBC Travel болса дүньядағы ең күтилген музейлер қатарына киргизген.

Орайда келиўшилерге халықаралық стандартлар тийкарында хызмет көрсетиў ушын тарқатпа материаллар, брошюралар ҳәм китаплар таярланған. Өзбекстан музей әмелиятында биринши мәрте халықаралық экспертлер тартылған ҳалда заманагөй химия-физика лабораториясында барлық музей экспонатларының химиялық қурамы ҳәм жаратылған ўақты анықланып, олардың технологиялық паспортлары таярланған.

Халықаралық ISO стандартлары тийкарында экспонатлар санластырылып, бирден-бир электрон платформаға жайластырылған. ЮНЕСКО ҳәм ИКОМ талаплары, сондай-ақ, дүньяның ең белгили музейлериниң тәжирийбеси тийкарында экспонатлардың 8 бағдардағы этикетлеў эталонлары ҳәм классификациялары жаратылған. Ҳәр бир экспонатқа QR-кодлар жайластырылыўы нәтийжесинде мийманлар мобиль телефон ямаса планшет арқалы олардың видео ҳәм аудио контенти менен дәслеп 3 тилде, кейин ала болса 8 тилде танысыў имканиятына ийе болады.

Презентацияда “Ҳәр ким ушын ашық музей” концепциясы тийкарында орайды социаллық интеграция майданына айландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Келешекте барлық экспонатларға арнаўлы электрон чиплер орнатыў, көзи әззи инсанлар экспонатқа жақынласқанда аудиогид арқалы мағлыўматты автоматикалық еситиў системасын енгизиў, Bluetooth маяклары жәрдеминде имарат ишинде еркин ҳәрекетлениў имканиятын жаратыў режелестирилген.

Сондай-ақ, Британия, Лувр ҳәм Метрополитен музейлериндеги сыяқлы робот-гидлер, планшетлер арқалы видео ҳәм аудио танысыў, аудиогидлер, радиогидлер ҳәм жөнелис көрсетиўши наушниклерден пайдаланыў нәзерде тутылған.

Дәслепки есап-санақларға бола, орайға бир күнде орташа 5 мыңға шамалас мийман келиўи күтилмекте. Орай ҳәм музейдиң халықаралық стандартлар тийкарында толық жумыс алып барыўы ушын 400 ден аслам хызметкер талап етилетуғыны, ҳәзирги ўақытта арнаўлы таярлықтан өткен 100 ден аслам қадағалаўшы ҳәм 30 дан аслам экскурсоводлар жумыс ислеп атырғаны, 10 мәмлекеттен келиўши туристлер ушын өз алдына гид текстлери ислеп шығылғаны да атап өтилди.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы орай имаратының екинши қабатында Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң жумысы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Сапар етиўдиң гезектеги бөлиминде Президентимиз орайдың китапханасын көзден өткерди.

Китапхананың улыўма майданы 3 мың 105 квадрат метрди қурайды. Ҳәзирги ўақытта оның фонды 45 мың 150 ден аслам әдебиятты қамтып алған болып, соннан 2 мың 609 ы сийрек ушырасатуғын басылымлардан ибарат. Буннан тысқары, китапханада 350 мың электрон әдебият бар. Ол бир ўақыттың өзинде 310 пайдаланыўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Илимпазлар ҳәм профессорлар ушын өз алдына 4 хана шөлкемлестирилип, олардың илимий жумыс алып барыўы ушын барлық заманагөй техника ҳәм қолайлықлар жаратылған.

Китапхана бөлимлеринен бири 22 ағартыўшы жадид бабаларымыздың мийрасына бағышланған. Жадидлердиң фотопортретлери жайластырылған китап текшелеринде болса олар тәрепинен жаратылған ҳәм жумысына байланыслы бийбаҳа әдебиятлар орын алған.

Сондай-ақ, китапхана фондын Өзбекстанның уллы ойшыл илимпазларының өмири ҳәм дөретиўшилиги, олар шөлкемлестирген илимий мектеплер ҳаққындағы бийбаҳа басылымлар менен байытыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, уллы илимпазларымыздың қолжазба ҳәм тасбаспа шығармаларының дәслепки басылымлары, олардың илимий мийрасын үйрениўге бағышланған сийрек ушырасатуғын изертлеўлер ҳәм шолыўлар сатып алынып, фондқа қосылған. Бул жумыслар сырт ел аукционлары, илимий мәкемелер, жеке меншик коллекциялар ҳәм халқымыз тәрепинен келтирилген дереклер есабынан турақлы даўам еттирилмекте.

Китапханадан Европа бийбаҳа басылымлары да орын алған болып, оларда латын тилиндеги мусылман династиялары, түркий халықлар тарийхы, Шығыс халықларына байланыслы энциклопедиялар, Хорасан ҳәм Маўараўннахрға бағышланған саяхатнамалардың XX әсирге шекемги дәўирде басып шығарылған нусқалары бар. Соның менен бирге, жеке коллекциялардан сатып алынған қолжазбалар, Насируддин Рабғузийдиң “Қисас ул-анбия” шығармасы, Әлийшер Наўайының XIX әсир басларында Ташкентте көширилген девонлары, Мавлоно Жалолиддин Румий шығармаларының түркий тилдеги аўдармалары сыяқлы бийбаҳа дереклер де китапхана мазмунын және де байытқан.

Китапханада имканияты шекленген пайдаланыўшылар ушын да айрықша шараят жаратылғаны ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, көриў қәбилети шекленген ямаса әззи көриўши инсанлар ушын арнаўлы ханалар, қәнигелескен бағдарламалар, принтер ҳәм қурылмалар орнатылған, олар ушын Брайль жазыўындағы 1000 нан аслам әдебият келтирилген. Өзбекстанда биринши мәрте усы китапханада даўыссыз кабиналар шөлкемлестирилген болып, олар пайдаланыўшылардың онлайн сөйлесиў алып барыўында әтираптағыларға кесент етпеў, соның менен бирге, сөйлесиў ҳәм жеке мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, “Sonic chair” аудио ресурслар ушын заманагөй қурылмасы тек ғана мәмлекетимизде емес, ал Орайлық Азияда да биринши мәрте усы жерде енгизилген.

Китапхана аймағында китапқумарлар ушын жасыл майдан, нусқа көшириў хызмети, индивидуаллық шуғылланыў ушын арнаўлы ханалар ҳәм балалар ушын өз алдына майдан да шөлкемлестирилген.

Буннан кейин Президентимиз орай жанында шөлкемлестирилген халықаралық илимий-ағартыўшылық платформаның жумысы менен танысты.

Мәлим етилгениндей, платформа шеңберинде бир қатар абырайлы халықаралық структуралар менен бирге ислесиў жолға қойылмақта. АЙСЕСКО, ИРСИКА, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Франциядағы Темурийлер жәмийети, ТҮРКСАЙ сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте олар ушын офис ханалары шөлкемлестирилген. Бул жергиликли илимпазлар ҳәм сырт ел шөлкемлери ўәкиллериниң бирге изертлеў алып барыўы, биргеликтеги жойбарлар ислеп шығыўы ҳәм ағартыўшылық басламаларды әмелге асырыўы ушын қолайлы орталық жаратады.

Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы орайға саўға етилген ҳәм сырт елден сатып алынған баҳалы тарийхый артефактлар көргизбеси менен де танысты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, сырт елдеги мәдений байлықларды Өзбекстанға қайтарыў жумыслары избе-из алып барылмақта. Өткен жылы Уллы Британиядағы “Sotheby`s” ҳәм “Christie`s” сыяқлы аукцион үйлери, арт-дилерлер ҳәм жеке коллекционерлерден 700 ден аслам артефакт сатып алынған. Сондай-ақ, түрли мәкемелер, шөлкемлер ҳәм қәўендерлер тәрепинен 1000 нан аслам буйымлар саўға етилген. Олардың тийкарғы бөлеги биринши қабаттағы музейде жайластырылған.

Экспозицияда саманийлер, қараханийлер, ғазнаўийлер, темурийлер ҳәм басқа да дәўирлерге тийисли көплеген сийрек ушырасатуғын артефактлар көрсетилген. Атап айтқанда, X әсирдиң ақырларында исленген, алтын суўы жүргизилген ҳәм саманийлер сәркардасы Абу Мансур Сабуктекин аты жазылған гүмис табақ, саманийлер дәўирине тийисли гүмис кесе ҳәм мыс сыя дәўет, Алтын Орда ҳүкимдары Өзбекхан дәўиринде исленген, фируза таслар менен безелген ҳаяллар белбеўи, XIX әсир османийлер дәўирине тийисли “Аллаҳ” ҳәм “Муҳаммед” исмлери жазылған зер нағыслы кестелер айрықша итибарға ылайық екени айтылды.

Президентимизге темурийлер дәўири гүлалшылық үлгилери, Мадина қаласында Пайғамбарымыздың қәбири үстине жабылған XIX әсирге тийисли жипек жабыў, Кааба есиги үстинде илдирилген хизаманың тарийхый үлгиси, үлкен көлемли “ана-сузана”, Әмир Темур дәўиринде көширилген үлкен Омар Ақту Қуранының үзиндилери, темурийлер дәўири архитектуралық естеликлерине тийисли плитка бөлеклери, бабурийлер дәўирине тийисли қурал-жарақ, дубылға, қалқан, қылыш ҳәм саўыт-сайман бөлеклери ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, Әмиўдәрья ғәзийнесине байланыслы табылмалар ҳаққында да мағлыўмат берилди. 1877-жылы Бухара әмирлиги аймағынан табылған ҳәм бүгин Британия музейинде сақланып атырған бул бийтәкирар ғәзийнениң айырым бөлеклерин Лондондағы саўда үйлери арқалы Өзбекстанға алып келиўге ерисилген. Олардың арасында VIII-IX әсирлерде исленген согд шабандозы сүўретленген алтын пектораль, Бактрия дәўирине тийисли аўырлығы 666 грамм болған жылан тәризли билезиклер сыяқлы сийрек ушырасатуғын буйымлар бар.

Экспозицияда орайға саўға етилген артефактлар да мүнәсип орын алған. Атап айтқанда, Америкада жасайтуғын шығыстаныўшы илимпаз Александр Наймарк Паҳлавон Маҳмуд қолжазбасын орайға саўға еткени, бул қолжазба Хийўа ханы Муҳаммад Раҳимхон Феруздиң жеке қолы менен көширилгени ҳәм оны үйрениў процесинде 70 тен аслам жаңа рубаилар анықланғаны айтылды. Сондай-ақ, түрли дәўирлерге тийисли теңгелер, тағыншақлар, медальонлар ҳәм басқа да тарийхый затлар, соның ишинде, Майский ғәзийнесиниң табылмалары да көргизбеден орын алған.

Улыўма, сапар даўамында бул орайдың елимиз тарийхын ҳәм мәдений мийрасын терең үйрениў, қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, ислам дининиң ҳақыйқый адамгершилик ҳәм ағартыўшылық мәнисин ашып бериў, ата-бабаларымыз қалдырған үлкен илимий ҳәм руўхый байлықты халықаралық көлемде көрсетиў бағдарындағы үлкен потенциалы және бир мәрте айқын көринди.

– Бүгин өзлигимизди аңлаў жолында үлкен салтанат болды. Мың шүкир, тоғыз жыл даўамында нийет етип, изленип, ҳәрекет етип, халқымыздың кимлигин, тарийхымызды ҳақыйқый сәўлелендиретуғын комплексти қурдық. Бул жерге келген ҳәр бир инсан, әсиресе, жасларымыз, қандай ата-бабалардың әўладлары екенимизди билиўи, аңлаўы керек.

Бул үлкен жойбар әпиўайы сызылма емес. Оны жүрек сызған, меҳир сызған, арзыў-әрманлар сызған. Қураны кәрим сақланатуғын муқаддес зал да тегинликте жаратылған емес. Ол жүректен туўылған, халқымыздың арзыў-нийетлерин ҳәм уллылығын көрсетиў тилегинен пайда болған орын болып есапланады. Бул жойбар уллы халқымыздың ҳақыйқый келбетин жүзеге шығарыўға қаратылған жақсы нийетлердиң жемиси болып есапланады, –  деди Президентимиз.

Сапар етиў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Ислам цивилизациясы орайының Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.

ӨзА