Тарийх тилге кирген, тарийхтан сабақ алынған жерде, әлбетте, билим ҳәм ағартыўшылық, раўажланыў ҳәм әдиллик болады

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыўы ҳәм ифтарлық мәресиминде қатнасты.
Мәресимге аймақлардағы студиялар арқалы нураныйлар, илимпаз ҳәм уламалар, кең жәмийетшилик ўәкиллери жалғанды. Сондай-ақ, түрли миллет ҳәм диний конфессиялардың ағзалары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасты.
Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлады. Усы уллы әййям күнлерине бәршемизди тыныш-аман, саў-саламат жеткергени ушын Алла таалаға шексиз шүкирликлер айтылды.
Рамазан айы – мийрим-шәпәәт, жақсылық ҳәм саўаплы әмеллер тымсалы. Бүгинги күнде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мәҳәллелер аўқамы, Мусылманлар мәкемесиниң “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды, аймақлардағы “Инсан” социаллық хызметлер орайлары, сондай-ақ, сақаўатлы исбилерменлер тәрепинен кекселер ҳәм майыплар, кем тәмийинленген шаңарақлар, жәрдемге мүтәж инсанларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилмекте. Медицина бөлимлери алыс ҳәм шетки аймақларға шығып, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм нураныйларды медициналық тексериўден өткермекте, аўыр наўқасларды операция жолы менен емлеў жумыслары алып барылмақта.
Бундай ийгиликли жумыслар жәмийетимизде инсан қәдирин улығлаў, тынышлық ҳәм улыўма миллий бирлик орталығын беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги оғада қәўипли заманда тынышлық қаншелли уллы ҳәм бийбаҳа байлық екенин, 38 миллионнан аслам халқымыз бирден-бир халық, татыў шаңарақ болып жасап атырғаны ең үлкен байлығымыз екенин және де терең сезиниў зәрүрлигин атап өтти. Дөгерекке Өзбекстандағы дипломатиялық корпус ўәкиллериниң де қатнасып атырғаны муқаддес динимиздиң адамгершилик ҳәм кеңпейиллик қәдриятларына, мәмлекетимиздиң ашық-айдынлық сиясатына ҳүрметтиң көриниси сыпатында баҳаланды.
Бул күн халқымыз ушын және бир тарийхый ўақыя – Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының рәсмий ашылыў мәресими өткерилип атырған күн екени айрықша атап өтилди.
– Қаншадан-қанша ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлери, әрманлары әмелге асқан мине усындай умытылмас күн менен, ҳақыйқый илим-ағартыўшылық байрамы менен бәршеңизди шын кеўлимнен қутлықлайман.
Мәмлекетимиздиң үш мың жыллық даңқлы тарийхы ҳәм бай мәдениятының, Жаңа Өзбекстан имканиятларының айқын көриниси болған бул бийтәкирар ҳәм уллы комплекс бәршемизге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын, – деди Президентимиз.
Атап өтилгениндей, елимизде раўажланған мәмлекет ҳәм еркин жәмийет тийкарын қурыў ушын “Ең дәслеп, илим ҳәм билимлендириў” деген уллы мақсет турмысқа енгизилмекте. Себеби, муқаддес ислам дини де инсанды бәрқулла илим ҳәм ағартыўшылыққа шақырады. Соның ушын, Ислам цивилизациясы орайының Улығбек дәрўазасының алдына Қураны кәримниң “Иқра!” – “Оқы!” деген мүбәрек аяты мөрлеп қойылғаны рәмзий ҳәм терең мәниге ийе екени айтылды.
Орайды қурыў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жәрияланған ийгиликли баслама дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, ислам жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды. Жойбар асығыс емес, терең ойланған, илимий-изертлеў ҳәм излениўлер менен үнлес ҳалда әмелге асырылды. Нәтийжеде Ҳәзирети Имам комплекси жанында бийтәкирар архитектураға, ҳақыйқый миллий руўхқа ҳәм миллий көриниске ийе болған шығысша қалаша бой тикледи.
Орайда Өзбекстанның әййемги тарийхы ҳәм цивилизациясының дүрданаларын бирден-бир ағартыўшылық мәканда көриў, сол тийкарда халқымыздың интеллектуаллық ҳәм мәдений потенциалын және де терең аңлаў мүмкин.
– Бул жер менен танысқан ҳәр бир адам, халқымыз, әсиресе, жасларымыз ислам дининиң гуманистлик мәнисин аңлап жетеди, өзиниң қандай уллы мийрас ийеси екенин сезинип, кеўли мақтанышқа бөленеди, – деди Президентимиз.
Тек ғана елимиз емес, ал пүткил регионның руўхый мүлки болған бийбаҳа байлықты терең үйрениў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў мақсетинде оны Ислам цивилизациясы атамасы астында бирлестириўге қарар етилгени айтылды. Халықаралық экспертлер тән алғанындай, бүгин Өзбекстанда ислам цивилизациясы мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша өзине тән үлкен илимий мектеп қәлиплесип атырғаны, мәмлекетимиз өзиниң қаншелли үлкен интеллектуаллық потенциалға ийе екенин дүньяға көрсете алғаны атап өтилди.
Президентимиз орайдың көлеми ҳәм имканиятлары ҳаққында тоқтап, бул сийрек ушырасатуғын комплекс дерлик 10 гектар аймақта жайласқанын, имараттың улыўма пайдаланыў майданы 50 мың квадрат метрди қурайтуғынын атап өтти. Бул жерде “Өзбекстан үлкесинде исламға шекемги дәўир,” “Биринши ҳәм Екинши Ренессанс,” “Жаңа Өзбекстан – Үшинши Ренессанс тийкары” сыяқлы экспозиция заллары бар.
Музей экспозициясын қәлиплестириў ҳәм байытыў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылып, өткен жылдың өзинде 1,5 мыңнан аслам экспонат, соның ишинде, 800 ге шамалас әййемги қолжазба, археологиялық табылма ҳәм тарийхый карталар экспозицияға жайластырылған. Сырт ел аукцион үйлери, ири коллекционерлер ҳәм арт-дилерлер менен бирге ислесиў жолға қойылып, 743 экспонаттың түп нусқалары елимизге алып келингени атап өтилди.
Орайдың тийкарғы залы – муқаддес Қуран залында дүньядағы ең әййемги алты Қураны кәримлерден бири болған уллы Усман Мушафи өзиниң жоқары статусына мүнәсип абырайлы орын ийелеген. Сондай-ақ, түрли дәўирлерге тийисли бийбаҳа Қуран қолжазбалары да усы жерде жәмленген.
Атап өтилгениндей, Ислам цивилизациясы орайы 2025-жылдың өзинде мыңлаған сырт елли мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты. Олардың арасында бир қатар мәмлекетлердиң президентлери, парламент ҳәм ҳүкимет басшылары, депутат ҳәм сенаторлар, министрлер, елшилер, илим ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний шөлкемлердиң басшылары бар. Орайды жойбарлаў, қурыў ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенелеўде Франция, Қытай, Уллы Британия, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия, Түркия, Германия, Испания, Италия, Малайзия, Әзербайжан, Саудия Арабстаны, Ҳиндстан, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да мәмлекетлерден тәжирийбели қәнигелер қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы бул комплексти қурыўға мүнәсип үлес қосқан жойбарлаўшы ҳәм қурылысшылар, инженерлер, илимпаз ҳәм уламалар, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм экспертлерге, соның ишинде, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийетиниң ағзаларына, барлық пидайы инсанларға миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, бул ири ҳәм қурамалы мәдений объектти қурыўда қәўендерлик жәрдемин көрсеткен жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлер, мәденият ҳәм спорт ғайраткерлерине айрықша рахмет айтылды.
– Ислам цивилизациясы орайын қурыўға кирисер екенбиз, мен дүньяның қай жеринде болмасын, тарийхымызға тийисли бир бет қолжазба болса да, бир экспонат болса да таўып, елимизге алып келиўди әрман еткен ҳәм усы ўазыйпаны ортаға қойған едим. Мың шүкир, бүгин әне усы мақсетимизге әсте-ақырын ерисип атырмыз. Бул жумысларды, әлбетте, даўам еттиремиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринде сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды анықлаў ҳәм үйрениў ушын жаңа халықаралық илимий экспедициялар шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди. Бул жумысларға жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары, жетекши халықаралық илимий орайлар кеңнен тартылады.
Сондай-ақ, Орайдың жумысын кең көлемде жолға қойыў мақсетинде бул жерде ICESCO, IRCICA, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Франциядағы Темурийлер жәмийети, TURKSOY сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў тийкарында офислер шөлкемлестирилгени атап өтилди. Енди олар менен бирге ислесиўди және де күшейтиў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылатуғыны белгиленди.
Орайда Өзбекстан мусылманлары мәкемеси де өзиниң жаңа резиденциясына ийе болғаны, бул жерде ислам мийрасын терең үйрениў, диний хызметкерлер ҳәм имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Жақын келешекте БМШ резиденциясында да Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайларының презентацияларын өткериў режелестирилген.
Президентимиз орай руўхый-ағартыўшылық бағдардағы жумыс ушын фундаменталлық база болатуғынын айрықша атап өтти. Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының студентлери жоқары курсларда усы жерде оқыўы, муғаллим-оқытыўшылар болса өз билим ҳәм маманлығын арттырыўы нәзерде тутылған. Ең әҳмийетлиси, орай жасларымыз арасынан жаңа хорезмийлер, беруний ҳәм улығбеклер, ферғаний ҳәм ибн синалар, бухарий ҳәм термизийлер жетисип шығыўы ушын беккем руўхый майдан болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы илимпаз ҳәм изертлеўшилер, шайыр ҳәм жазыўшылар, диний уламалар, режиссёр ҳәм художниклер, журналистлер, дөретиўши жасларға мүрәжат етти:
– Бул теңсиз байлықтан илҳамланып, сизлер жарататуғын илимий изертлеўлер, көркем китап, кино ҳәм театр шығармалары, картина ҳәм көрсетиўлер үш мың жыллық тарийх ҳәм мәденияттың өшпес ҳаўазы болып дүньяға таралсын! Жаңа Өзбекстанды тынышлық, жақсылық, билим ҳәм ағартыўшылық дияры сыпатында дүньяға жырласын! Халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын тәрбия ҳәм миллий мақтаныш мектебине айлансын! – деди Президентимиз.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы елимиз ҳәм дүнья халқына ҳәмийше бийғәрез хызмет ететуғын тынышлық, жақсылық, билим ҳәм ағартыўшылық майданы болып қалатуғынына исеним билдирди.
Ифтарлық мәресиминде Қураны кәримнен тиләўат етилди. Муқаддес Рамазан айында тутылып атырған оразалар, әмелге асырылып атырған ибадатлар қабыл болыўын, Жаратқан Ийемиз халқымызды ҳәм Ўатанымызды өз панасында сақлаўын сорап, дуўалар етилди.
ӨзА