Реформалар әмелде: Қараөзекте жаңа жойбарлар ҳәм имканиятлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районына барып, аймақ халқының турмыс шараятын жақсылаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Республикамыз басшысы ең дәслеп аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған реформалардың барысы менен танысыў мақсетинде, Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жумыс жүргизип атырған «Қараөзекли Батырбай» фермер хожалығында жамғырлатып суўғарыў үскенелерин орнатыў жумысларын, Қараөзек АПЖ аймағындағы «Қалим Бекболат» фермер хожалығында ҳәм Мәденият АПЖ турғыны Генжемурат Турдымуратовтың үй алды қыйтақ жеринде шөлкемлестирилген ыссыханаларда болды.
Онда аўыл хожалығына жаңа суўғарыў технологияларын енгизип, жерден нәтийжели пайдаланып киятырған тараў пидайыларына ҳармасын айтып, мәмлекетимиз Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында жаратылып берилген кең имканият ҳәм мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти.
Буннан соң, Ата мәкан мәҳәллесинде жайласқан районлық тоғай хожалығында грант қаржылары тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар, Абаданластырыў басқармасы тәрепинен пуллы хызметлер көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша жумыслар барысы көрип шығылды.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы 2026-жылы районда әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың презентациялары, ««SIFAT INVEST KOMPANIYASI» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен қамыс ҳәм пахта пақалынан ДСП ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты ҳәм жаңа жойбарлардың өз ўақтында иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.
Усылар менен бир қатарда район орайындағы 2-санлы техникумда грант қаржылары тийкарында әмелге асырылған жумыслар көзден өткерилип, сыртқы бийғәрез көмеклер ҳәм грант қаржыларын тартыў арқалы аймақта бундай жойбарларды көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, БПО орайы жумысы да көрип шығылып, оның имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди.
Соңынан район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп халықтың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мәселелери додаланды. Бул бағдарда, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға берген айрықша жеңилликлери, пәрман ҳәм қарарлар шеңберинде халыққа жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Буннан соң районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көзқараста көрип шығылып, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлер тәрепинен жол қойылған кемшиликлер атап өтилди.

Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги