Алмалық комбинаты мыс ислеп шығарыў бойынша дүньядағы үш ең ири комплекстен бирине айланды

99

Президент Шавкат Мирзиёев 16-март күни Алмалық кән-металлургия комбинатына барып, 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў мәресиминде қатнасты. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы мыс концентратын ислеп шығарыў процеси ҳәм комбинатта шөлкемлестирилген Санластырылған басқарыў орайының жумысы менен танысты, таў-кән санаатындағы ири инвестициялық жойбарларды жеделлестириў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Елимизде санаат, энергетика, инфраструктура, сервис тараўларында көплеген ири жойбарлар иске қосылмақта. Ҳәр бир аймақта жаңа турақ жай массивлери, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, туризм ҳәм мәденият дәргайлары қурылмақта.

Мәмлекетимиз санаатының раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған 3-мыс байытыў фабрикасы да мине усындай кең көлемли жумыслар ҳәм дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетиниң жемиси болып есапланады.

“Ёшлик-1” кәнин өзлестириў бағдарламасы шеңберинде 196 гектар майданда әмелге асырылып атырған баҳасы 2 миллиард 700 миллион долларлық бул жойбар тек ғана кәрхана емес, ал мәмлекетимиздиң санаат қүдиретин және де беккемлейтуғын, тәбийий байлықларымызды терең қайта ислеўге хызмет ететуғын заманагөй индустриаллық комплекс болып есапланады.

Фабрика жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеп, 900 мың тоннаға шамалас мыс концентратын ислеп шығарыў қуўатлылығы менен тек ғана Орайлық Азиядағы ең ири мыс ислеп шығарыўшы комплекслерден бири емес, ал дүньядағы ири байытыў фабрикаларының қатарына киреди.

Жойбарды жәҳән стандартлары дәрежесинде әмелге асырыў мақсетинде Италияның “Wood”,  Уллы Британияның “Worley Parsons” сыяқлы компаниялары тартылды. Фабрикада дүньяның жетекши компаниялары – “Metso”, “FLSmidth”, “Weir Minerals” ҳәм “Siemens” технологиялары енгизилген.

Бул жойбар аймақтағы түрлес санаат тармақларының раўажланыўына да күшли түртки берди. Қурылыста пайдаланылған металл конструкциялар көлемине тең материалдан 10 Эйфель минарасын, темир-бетон сарпына дерлик 2,5 Бурж Халифа минарасын қурыў мүмкин. Бул фабриканың мегажойбар екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

“Жасыл мәкан” улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде фабрика аймағында кең көлемли көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм экодизайн шешимлери санаат ҳәм тәбият тең салмақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары таў-кән санаатында әмелге асырылған реформалардың нәтийжелери ҳәм келешектеги режелер ҳаққында айтып өтти.

Кәнлерди инвесторларға бериў бойынша ашық-айдын система жаратылғаны есабынан тоғыз жылда 10 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилди. Бүгин тараўда 65 жеке меншик кәрхана жумыс алып бармақта.

Нәтийжеде тармақта өндирис 1,7 есеге өсип, өткен жылы 270 триллион сумға жетти. Санаат көлеми ҳәм бюджетке түсимлердиң төрттен бир бөлеги усы тармақтың үлесине туўра келмекте. Әҳмийетлиси, жоқары дәраматлы ең көп жумыс орынлары да мине усы тараўдағы кәрханаларда.

Сырт елли бирге ислесиўшилер менен жоқары маман кадрларды таярлаў жолға қойылғаны да ең үлкен жетискенликлерден бири екени атап өтилди.

Атап айтқанда, Алмалықта “Москва полат ҳәм араласпалар институты” университетиниң филиалы (“МИСиС”), Алмалық техника институты, Ташкент қаласында Геология илимлери университети (Ухань геология университети менен биргеликте) ҳәм Италияның Пиза университетиниң филиалы шөлкемлестирилди. Наўайы кәншилик технологиялары университетинде де Россия, Канада, АҚШ, Франция ҳәм Чилидиң алдынғы жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги бағдарламалар жолға қойылды.

Буның нәтийжесинде, бурын  баҳалы ҳәм реңли металлар тийкарынан шийки зат түринде экспорт етилген болса, бүгин жылына 100 мың тонна мыс өзимизде қайта исленип, жоқары қунлы өним жаратылмақта, қысқа мүддетте зергерлик санаатында өндирис 3,3 есеге өсип, 13 триллион сумнан асты.

Президентимиз усы жылдың өзинде иске қосылатуғын жойбарларды есапқа алып, мысты терең қайта ислеў қуўатлықлары 240 мың тоннаға жететуғынын атап өтти. Жақын еки-үш жылдағы жаңа жойбарлар нәтийжесинде бул көрсеткишлер және де артады.

Мыс санаат, энергетика, электротехника, санлы экономика, жасалма интеллект, “жасыл” раўажланыў ушын стратегиялық шийки затқа айланғаны көрсетип өтилди.

– Кимде ким мыс санаатында жоқары қун шынжырын жаратса, келешек санаатын жаратқан болады. Қайсы мәмлекет бул шийки затты терең қайта ислеў ушын күшли инфраструктура жаратса, ол мыңлаған шаңарақларға дәрамат, аймақларға раўажланыў, мәмлекетке қүдирет алып келеди. Соның ушын, биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен геология-излеў жумысларына айрықша итибар қаратып, бар резервлер ҳәм оларды иске қосыў бойынша имканиятларымызды белгилеп алдық, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Тек ғана “Ёшлик-1” кәнинен усы жылдың өзинде 20 миллион тонна руда қазып алынады. Бул сан келеси еки жылда 60 миллион тоннаға жетеди.

Улыўма, “Ёшлик-1” ҳәм “Қалмоққир” кәнлеринде 45 миллион тонна мыс, 5 мың тоннадан аслам алтын резервиниң бар екенлиги, бул резерв санаатқа кеминде 100 жылға жететуғын кепилликли шийки зат базасы болатуғыны атап өтилди. Кәнлердеги молибден, селен, теллур, рений сыяқлы сийрек ушырасатуғын металлар жаңа инновациялық бағдарлардағы жойбарлар ушын беккем тийкар жаратады.

3-мыс байытыў фабрикасы толық иске қосылғаннан кейин Алмалық комбинатында мыс концентратының күнлик көлеми ҳәзирги 2 мың 400 тоннадан 5 мың тоннаға артады. Соның менен бирге, жойбар шеңберинде 6 мыңнан аслам жаслар жоқары дәраматлы жумыс орнына ийе болады. Фабрикада АҚШ, Германия, Россия, Қытай ҳәм Финляндияның таў-кән санаатындағы ең алдынғы технологиялары енгизилмекте. Барлық технологиялық процесслер санластырылып, жасалма интеллект тийкарында бирден-бир басқарыў системасына жалғанады. Булардың есабынан энергия жумсалыўы 10 процентке, өзине түсер баҳасы 15 процентке азаяды, мийнет өнимдарлығы болса 10 процентке артады.

Буннан тысқары, баҳасы 2,5 миллиард долларлық жаңа мыс еритиў заводын қурыў бойынша да жумыслар басланған.

Улыўма, бул 2 ири қуўатлық есабынан мыс катоды ислеп шығарыўдың жыллық көлеми 148,5 мың тоннадан 300 мың тоннаға, алтын 20 тоннадан 33 тоннаға, гүмис 161 тоннадан 203 тоннаға, молибден 850 тоннадан 1,7 мың тоннаға жететуғыны атап өтилди. Соның менен бирге, уран қазып алыў ҳәм химия санааты ушын зәрүр шийки зат болған сульфат кислотасын ислеп шығарыў 3 есеге артады.

Президентимиз бул көрсеткишлерди және 1,5 есеге арттырыўға хызмет ететуғын 4-мыс байытыў фабрикасы бойынша жойбаралды жумыслар жедел алып барылып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан 2030-жылға шекем алтын ислеп шығарыўды 175 тоннаға, гүмисте 500 тоннаға, уранда 15 мың тоннаға, мыста 500 мың тоннаға жеткериўди мақсет еткен. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған 22 миллиард долларлық жойбарлар шеңберинде жаратылатуғын 40 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орынлары жасларымыз ушын үлкен имканият болады.

Мәмлекетимиз басшысы фабриканы қурыўда белсене қатнасып атырған барлық жумысшы-хызметкерлер, қурылысшы ҳәм машинистлер, инженер ҳәм технологлар, геолог ҳәм кәншилер, өзиниң тәжирийбеси ҳәм кәсиплик потенциалы менен жасларға устазлық етип атырған ветеранлар, жойбарға өз үлесин қосып атырған сырт елли шериклерге терең миннетдаршылық билдирди. Фабриканың жаңа мийнет жәмәәтине болса келешектеги жумысларында үлкен табыслар тиледи.

Комбинат жумысшылары, мийнет ветеранлары, профессор-оқытыўшылар менен сөйлесиў болды.

Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, фабриканың жумысына старт берди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатында қурылған мыс концентратын фильтрлеў корпусында болды.

3-мыс байытыў фабрикасының қурамындағы корпус жылына 917 мың тоннаға шамалас мыс концентратын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Заманагөй санаат пресс-фильтрлери, насос агрегатлары, шлам ҳәм суў айланысы системалары орнатылған. Үскенелер халықаралық стандартлар тийкарында ислеп шығарылған болып, жоқары нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлеўшилиги менен ажыралып турады.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, корпуста улыўма 5 пресс-фильтрден үшеўи толық иске қосылған, және екеўи иске қосыўға таярланбақта.

Фильтрлеў корпусында флотация процесинен келген мыс концентратын қабыллаў, концентратты қойыўландырыў ҳәм фильтрлеў, тынықтырылған суўды ажыратыў ҳәм қайта ислеўге қайтарыў, таяр мыс концентратын сақлаў ямаса кейинги қайта ислеў басқышына бериў сыяқлы технологиялық процесслер әмелге асырылады.

Бүгинги күнде бул жерде 130 ға шамалас жумысшы мийнет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин ҳәм таяр өнимди көзден өткерди, хызметкерлер менен сәўбетлести.

Президентимиздиң қатнасыўында усы жердиң өзинде мыс концентратынан үлгилер алыў мәресими өткерилди. Үлгилер 2 бөлек ыдысқа салынып, Алмалық комбинаты музейи ҳәм Ташкенттеги Мәмлекетлик геология музейине жиберилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатында шөлкемлестирилген Санластырылған басқарыў орайының жумысы менен танысты.

Бул орай комбинаттың 1-, 2- ҳәм 3-мыс байытыў фабрикаларындағы өндирис процесслерин муўапықластырыў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм үзликсиз мониторингти тәмийинлеўде әҳмийетли орын иелемекте.

Заманагөй санлы басқарыў системалары, үлкен экранлы мониторинг панельлери, видеобақлаў қураллары, сондай-ақ, “Siemens PCS 7” ҳәм “AVEVA PI Vision” платформалары арқалы майдалаў, флотациялаў, қойыўластырыў, фильтрлеў, реагентлер менен тәмийинлеў, технологиялық суў тәмийнаты, цехлар ҳәм транспорт системасының жумысы реал ўақыт режиминде қадағаланбақта.

Басқаша айтқанда, бул орай фабриканың өзине тән “мийи” болып, жигирма мыңнан аслам үскене бирден-бир мәлимлеме системасына жалғанған.

“Ақыллы” камералар арқалы дәслепки мониторинг әмелге асырылады, жасалма интеллект жәрдеминде болса аномаллық жағдайлар автоматикалық түрде анықланады. Бул мағлыўматларды бирден-бир мәлимлеме системасы арқалы таллаў ҳәм оператив қарарлар қабыл етиў имканиятын береди.

Президентимиз орайдың жумысы менен танысып, жасалма интеллект арқалы, әсиресе, таў-кән ҳәм металлургия тармақларында нәтийжелиликти арттырыў бойынша үлкен имканиятлар бар екенин атап өтти. Соның менен бирге, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде заманагөй ресурс үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына комбинаттың өндирислик ҳәм технологиялық процесслерин және де санластырыў бойынша режелер таныстырылды.

Атап өтилгениндей, кәннен руда қазып алыўдан баслап таяр өним ислеп шығарыўға шекемги барлық процесслер басқышпа-басқыш санластырылмақта. Келеси бес жылда ҳәр бир басқышқа жасалма интеллект шешимлерин кеңнен енгизиў нәзерде тутылған.

Сексен жыл даўамында топланған геологиялық ҳәм маркшейдерлик мағлыўматлар тийкарында кәнлерди санластырыў жумысларының барысы ҳаққында да мәлимлеме берилди. Соның ишинде, “Санлы кән” системасы күнлик, ҳәптелик ҳәм айлық қазыў жумысларының анық бағдарларын белгилеў имканиятын бермекте.

Жасалма интеллект тийкарында карьер жолларының жағдайы қадағаланбақта, самосвал шынларының басымы ҳәм температурасы сенсорлар арқалы бақлап барылмақта. Мине усындай турақлы мониторинг нәтийжесинде шиналардың хызмет мүддети 14 процентке арттырылған.

Тараўда заманагөй технологияларды терең өзлестирген қәнигелер таярлаў, кадрларды жаңа жумыс усыллары ҳәм санлы шешимлер тийкарында оқытыў тийкарғы ўазыйпалардан бири екени көрсетип өтилди.

Патент жумысларының көлемин кеңейтиў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Фабрикадағы ҳәр бир басқышта қолланылып атырған илимий-технологиялық шешимлерди патентлеў, бул бағдарда ўәкилликли шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, перспективалы инновациялық бағдарларды белгилеп алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, жаңа патент бул – жаңа технология, жаңа өндирис бағдары ҳәм жаңа базарлар, демек. Мәмлекетимиздеги бай шийки зат базасы дүнья базарларына шығыў ушын кең имканиятлар жаратып атырғанын есапқа алып, 2026-жылы қайсы перспективалы бағдарларда және қанша патент алыў мүмкин екенлиги бойынша анық көзқарасларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатына сапары шеңберинде таў-кән санаатында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарларды жеделлестириў бойынша мәжилис өткерди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, робототехника, энергетика, электротехника, химия ҳәм қорғаныў санааты сыяқлы стратегиялық тармақларды жедел раўажландырыў көп жағынан мыс, уран, литий, вольфрам ҳәм басқа да әҳмийетли металлар базасына сүйенеди. Дүнья базарларында бул ресурсларға талап артып баратырғаны, соның ишинде, мыс концентраты базарында жетиспеўшиликтиң күшейип, баҳалардың өсиўи күтилип атырғаны таў-кән ҳәм металлургия тараўындағы жойбарларды жеделлестириўди және де әҳмийетли етип қоймақта.

Усы мүнәсибет пенен 2030-жылға шекем Өзбекстанда алтын ислеп шығарыўды 175 тоннаға, гүмисти 500 тоннаға, уранды 15 мың тоннаға, мысты 500 мың тоннаға жеткериў бойынша белгиленген шеклерге ерисиў ушын барлық имканиятларды толық жумсаў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул бағдарда ҳәр бир ири жойбарды анық график тийкарында әмелге асырыў, қаржыландырыў, қурылыс, логистика, технологиялық үскенелеў ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерин өз-ара үйлесикли ҳалда шешиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте, бәринен бурын, Алмалық кән-металлургия комбинатында әмелге асырылып атырған стратегиялық жойбарлардың барысы сын көзқарастан көрип шығылды. Атап айтқанда, 3-мыс байытыў фабрикасының кейинги нәўбетлерин жеделлестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, бул жойбардың технологиялық даўамы есапланған жаңа мыс еритиў заводын қурыў мәселелери де көрип шығылды. Онда техникалық-экономикалық тийкарды жуўмақлаў, сырт ел экспертлерин тартыў, қысқа мүддетлерде қурылыс жумысларын баслаў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.

Алмалық комбинатының келешектеги талапларынан келип шығып, 4-мыс байытыў фабрикасы бойынша техникалық-экономикалық тийкарды ислеп шығыў ушын абырайлы халықаралық компанияларды тартыў ўазыйпасы айрықша көрсетип өтилди. Бул ҳүжжетте суў тәмийнаты, темир жол, энергетика инфраструктурасы, экологиялық талаплар ҳәм жоқары нәтийжели технологияларды комплексли қамтып алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте усы жылы тармақта 90 жойбар шеңберинде 2 миллиард 200 миллион доллар инвестиция тартыў, 172,5 мың тонна мыс, 120 тонна алтын, 210,5 тонна гүмис ҳәм 8 мың тонна уран ислеп шығарыў ўазыйпалары белгиленгени атап өтилди.

Соның менен бирге, бир қатар перспективалы кәнлер ҳәм объектлер бойынша техникалық-экономикалық тийкарларды тез пурсатта жуўмақлаў, экспертиза процесслерин әпиўайыластырыў бойынша қабыл етилген жаңа қарардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳүкиметке усы жойбарлар шеңбериндеги шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый мәселелерди қысқа мүддетте шешиў тапсырылды.

Энергетика ресурсларына болған талап артып баратырған шараятта көмир қазып шығарыў ҳәм оны қайта ислеў жойбарларын жеделлестириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Халық ҳәм санаат кәрханаларына көмир жеткерип бериў көлемин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Наўайы кән-металлургия комбинатының жумысы шеңберинде “Мурынтаў” кәнин кеңейтиўдиң гезектеги басқышы, жаңа кәнлерди өзлестириў, қурамалы рудалардан алтын ажыратып алыў технологияларын енгизиў, сондай-ақ, айырым ири жойбарлар бойынша инвесторлар менен бирге ислесиў механизмлерин қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Металлургия бағдарында “Өзметкомбинат”та өндирис көлемин арттырыў, ишки шийки зат базасидан нәтийжели пайдаланыў, бәсекиге шыдамлы өним түрлерин көбейтиў, базар талабына сәйкес металл листлер ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери көрип шығылды. Бул бағдарда шийки зат тәмийнаты, өним түрлерин диверсификациялаў ҳәм жаңа базарларды өзлестириў бойынша анық илажлар белгиленди.

Мәжилисте Технологиялық металлар комбинатының жумысына да тоқтап өтип, санаат ушын әҳмийетли болған металлар ҳәм қурамалы қуймалар ислеп шығарыўды кеңейтиў, селен, теллур, унтақ металлургиясы детальлары ҳәм басқа да қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша жойбарларды жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.

Тармақ кәрханаларында өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм қәрежетлерди қысқартыў мәселелери де дыққат орайында болды. Жуўапкерлерге бир бирлик өнимниң өзине түсер баҳасын қысқартыў, энергия жумсалыўын азайтыў, ресурслардан үнемли пайдаланыў ҳәм айма-ай анық нәтийжелерге ерисиў бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығыў тапсырылды.

Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм кооперация тараўында жергиликли компонентти кеңейтиўге айрықша итибар берилди. Сол себепли, жуўапкерлерге жойбарлар ҳәм сатып алыўларда жергиликли компоненттиң үлесин усы жылы 2 миллиард доллардан арттырыў бойынша анық көрсеткишлер белгилеп берилди.

Сондай-ақ, геологиялық-излеў жумысларын күшейтиў, қосымша резервлерди анықлаў, жаңа кән ҳәм инвестициялық блокларды инвесторларға усыныс етиў, углеводородқа перспективалы майданларды экономикаға тартыў бойынша режелер додаланды. Бул бағдарда усы жылы алтын, гүмис, мыс, уран ҳәм цинк резервлерин сезилерли дәрежеде арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте тараўда әмелге асырылып атырған 22 миллиард долларлық жойбарлар шеңберинде 38 мың жаңа жумыс орны жаратылатуғыны, соның ишинде, 7,5 мың инженер ҳәм 14 мың орта буўын қәнигелерине талап пайда болатуғыны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен тараўдағы жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм техникумлардың жумысын жаңа талаплар тийкарында шөлкемлестириў, билимлендириў бағдарламаларын заманагөй технологияларға бейимлестириў, дуал билимлендириўди кеңнен енгизиў, диплом жумысларын тиккелей өндирис ўазыйпалары менен байланыстырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларындағы илимий изертлеўлерди комбинатлардағы әмелий технологиялық шешимлерге бағдарлаў, илимий жумыслардың нәтийжелерин өндириске енгизиў, студентлер ушын оқыў-шынығыў полигонларын шөлкемлестириў, санаат кәрханаларында цехларды әмелият ҳәм изертлеўлер ушын бейимлестириў ўазыйпалары белгиленди.

Жаңа жойбарлар шеңбериндеги әҳмийетли илимий темалар дизимин ашық жәриялаў системасын жолға қойыў тапсырылды. Бул изертлеўлерде тараўдағы 5 жоқары оқыў орны менен бир қатарда техника бағдарындағы барлық мәмлекетлик, жеке меншик жоқары оқыў орны ҳәм илимий шөлкемлер қатнасыўы мүмкин болады.

Мәжилис жуўмағында таў-кән, металлургия, химия ҳәм нефть-газ сыяқлы базалық тармақларда ири жойбарлардың орынланыўын системалы қадағалаў мақсетинде Президент басшылығында Санаат кеңеси дүзилетуғыны мәлим етилди. Бул кеңес шеңберинде ири кәрханаларды халықаралық стандартлар тийкарында трансформациялаў, өзине түсер баҳаны ҳәм энергия жумсалыўын азайтыў, шийки затты терең қайта ислеў, жергиликли контентти арттырыў, барлық процесслерди санластырыў, жасалма интеллектти енгизиў, инвестиция ҳәм экспортты көбейтиў бойынша айлық жумыс режелери тастыйықланады.

Жуўапкер басшыларға бул режелердиң орынланыўын ҳәр айда орынларға шыққан ҳалда кәрхана кесиминде сын көзқарастан додалап барыў, бар мәселелерди жедел шешиў ҳәм ҳәр шеректиң жуўмақлары бойынша есабат киргизип барыў тапсырылды.

ӨзА