Алмалықта жаңа мыс байытыў фабрикасының биринши гезеги иске қосылды

Президент Шавкат Мирзиёев Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў мәресиминде қатнасты.
Елимизде санаат, энергетика, инфраструктура, сервис тараўларында көплеген ири жойбарлар иске қосылмақта. Ҳәр бир аймақта жаңа турақ жай массивлери, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, туризм ҳәм мәденият дәргайлары қурылмақта.

Мәмлекетимиз санаатының раўажланыўы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған 3-мыс байытыў фабрикасы да мине, усындай кең көлемли жумыслар ҳәм дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетиниң жемиси болып есапланады.
“Ёшлик-1” кәнин өзлестириў бағдарламасы шеңберинде 196 гектар майданда әмелге асырылып атырған баҳасы 2 миллиард 700 миллион долларлық бул жойбар тек ғана кәрхана емес, ал мәмлекетимиздиң санаат қүдиретин және де беккемлейтуғын, тәбийғый байлықларымызды терең қайта ислеўге хызмет ететуғын заманагөй индустриаллық комплекс болып есапланады.

Фабрика жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеп, 900 мың тоннаға шамалас мыс концентратын ислеп шығарыў қуўатлылығы менен тек ғана Орайлық Азиядағы ең ири мыс ислеп шығарыўшы комплекслерден бири емес, ал дүньядағы ири байытыў фабрикаларының қатарына киреди.

Жойбарды жәҳән стандартлары дәрежесинде әмелге асырыў мақсетинде Италияның “Wood”, Уллы Британияның “Worley Parsons” сыяқлы компаниялары тартылды. Фабрикада дүньяның жетекши компаниялары – “Metso”, “FLSmidth”, “Weir Minerals” ҳәм “Siemens” технологиялары енгизилген.

Бул жойбар аймақтағы түрлес санаат тармақларының раўажланыўына да күшли түртки берди. Қурылыста пайдаланылған металл конструкциялар көлемине тең материалдан 10 Эйфель минарасын, темир-бетон сарпына дерлик 2,5 Бурж Халифа минарасын қурыў мүмкин. Бул фабриканың мегажойбар екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
“Жасыл мәкан” улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде фабрика аймағында кең көлемли көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Тамшылатып суўғарыў системалары ҳәм экодизайн шешимлери санаат ҳәм тәбият тең салмақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары таў-кән санаатында әмелге асырылған реформалардың нәтийжелери ҳәм келешектеги режелер ҳаққында айтып өтти.
Кәнлерди инвесторларға бериў бойынша ашық-айдын система жаратылғаны есабынан тоғыз жылда 10 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилди. Бүгин тараўда 65 жеке меншик кәрхана жумыс алып бармақта.

Нәтийжеде тармақта өндирис 1,7 есеге өсип, өткен жылы 270 триллион сумға жетти. Санаат көлеми ҳәм бюджетке түсимлердиң төрттен бир бөлеги усы тармақтың үлесине туўра келмекте. Әҳмийетлиси, жоқары дәраматлы ең көп жумыс орынлары да мине усы тараўдағы кәрханаларда.
Сырт елли бирге ислесиўшилер менен жоқары маман кадрларды таярлаў жолға қойылғаны да ең үлкен жетискенликлерден бири екени атап өтилди.

Атап айтқанда, Алмалықта “Москва полат ҳәм араласпалар институты” университетиниң филиалы (“МИСиС”), Алмалық техника институты, Ташкент қаласында Геология илимлери университети (Ухан геология университети менен биргеликте) ҳәм Италияның Пиза университетиниң филиалы шөлкемлестирилди. Наўайы кәншилик технологиялары университетинде де Россия, Канада, АҚШ, Франция ҳәм Чилидиң алдынғы жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги бағдарламалар жолға қойылды.
Буның нәтийжесинде, бурын қымбат баҳалы ҳәм реңли металлар тийкарынан шийки зат түринде экспорт етилген болса, бүгин жылына 100 мың тонна мыс өзимизде қайта исленип, жоқары қунлы өним жаратылмақта, қысқа мүддетте зергерлик санаатында өндирис 3,3 есеге өсип, 13 триллион сумнан артты.

Президентимиз усы жылдың өзинде иске қосылатуғын жойбарларды есапқа алып, мысты терең қайта ислеў қуўатлықлары 240 мың тоннаға жететуғынын атап өтти. Жақын еки-үш жылдағы жаңа жойбарлар нәтийжесинде бул көрсеткишлер және де артады.
Мыс санаат, энергетика, электротехника, санлы экономика, жасалма интеллект, “жасыл” раўажланыў ушын стратегиялық шийки затқа айланғаны көрсетип өтилди.
– Ким мыс санаатында жоқары қун шынжырын жаратса, келешек санаатын жаратқан болады. Қайсы мәмлекет бул шийки затты терең қайта ислеў ушын күшли инфраструктура жаратса, ол мыңлаған шаңарақларға дәрамат, аймақларға раўажланыў, мәмлекетке қүдирет алып келеди. Соның ушын, биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен геология-излеў жумысларына айрықша итибар қаратып, резервлер ҳәм оларды иске қосыў бойынша имканиятларымызды белгилеп алдық, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Тек ғана “Ёшлик-1” кәнинен усы жылдың өзинде 20 миллион тонна руда қазып алынады. Бул сан келеси еки жылда 60 миллион тоннаға жетеди. Улыўма, “Ёшлик-1” ҳәм “Қалмоққир” кәнлеринде 45 миллион тонна мыс, 5 мың тоннадан аслам алтын резервиниң бар екенлиги, бул резерв санаатқа кеминде 100 жылға жететуғын кепилликли шийки зат базасы болатуғыны атап өтилди. Кәнлердеги молибден, селен, теллур, рений сыяқлы сийрек ушырасатуғын металлар жаңа инновациялық бағдарлардағы жойбарлар ушын беккем тийкар жаратады.
3-мыс байытыў фабрикасы толық иске қосылғаннан кейин Алмалық комбинатында мыс концентратының күнлик көлеми ҳәзирги 2 мың 400 тоннадан 5 мың тоннаға артады. Соның менен бирге, жойбар шеңберинде 6 мыңнан аслам жаслар жоқары дәраматлы жумыс орнына ийе болады. Фабрикада АҚШ, Германия, Россия, Қытай ҳәм Финляндияның таў-кән санаатындағы ең алдынғы технологиялары енгизилмекте. Барлық технологиялық процесслер санластырылып, жасалма интеллект тийкарында бирден-бир басқарыў системасына жалғанады. Булардың есабынан энергия жумсалыўы 10 процентке, өзине түсер баҳасы 15 процентке азаяды, мийнет өнимдарлығы болса 10 процентке артады.
Буннан тысқары, баҳасы 2,5 миллиард долларлық жаңа мыс еритиў заводын қурыў бойынша да жумыслар басланған.
Улыўма, бул 2 ири қуўатлық есабынан мыс катоды ислеп шығарыўдың жыллық көлеми 148,5 мың тоннадан 300 мың тоннаға, алтын 20 тоннадан 33 тоннаға, гүмис 161 тоннадан 203 тоннаға, молибден 850 тоннадан 1,7 мың тоннаға жететуғыны атап өтилди. Соның менен бирге, уран қазып алыў ҳәм химия санааты ушын зәрүр шийки зат болған сульфат кислотасын ислеп шығарыў 3 есеге артады.
Президентимиз бул көрсеткишлерди және 1,5 есеге арттырыўға хызмет ететуғын 4-мыс байытыў фабрикасы бойынша жойбаралды жумыслар жедел алып барылып атырғанын атап өтти.
Өзбекстан 2030-жылға шекем алтын ислеп шығарыўды 175 тоннаға, гүмисте 500 тоннаға, уранда 15 мың тоннаға, мыста 500 мың тоннаға жеткериўди мақсет еткен. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған 22 миллиард долларлық жойбарлар шеңберинде жаратылатуғын 40 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жумыс орынлары жасларымыз ушын үлкен имканият болады.
Мәмлекетимиз басшысы фабриканы қурыўда белсене қатнасып атырған барлық жумысшы-хызметкерлер, қурылысшы ҳәм машинистлер, инженер ҳәм технологлар, геолог ҳәм кәншилер, өзиниң тәжирийбеси ҳәм кәсиплик потенциалы менен жасларға устазлық етип атырған ветеранлар, жойбарға өз үлесин қосып атырған сырт елли шериклерге терең миннетдаршылық билдирди. Фабриканың жаңа мийнет жәмәәтине болса келешектеги жумысларында үлкен табыслар тиледи.
Комбинат жумысшылары, мийнет ветеранлары, профессор-оқытыўшылар менен сөйлесиў болды.
Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, фабриканың жумысына старт берди.
ӨзА